ВИРУСЛЫ ГЕПАТИТ А КЕСЕЛЛИГИНИҢ АЛДЫН АЛЫЎДА ВАКЦИНАНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ
Вируслы гепатит кеселлиги халық арасында «сары аўырыў» кеселлиги деп те аталады. Гепатит кеселлигиниң А, В, С, Д, Е түрлери болып, оларды вируслар шақырады. Кеселликтиң түрлери жуғыў жолларына қарай түрли жастағы адамлар арасында ушырасады. Вируслы гепатиттиң А, Е түри тийкарынан балалар ҳәм жас өспиримлер арасында көбирек дизимге алынса, ал В, С, Д түрлери ересек адамлар арасында көбирек дизимге алынбақта.
Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң берген мағлыўматына қарағанда, вируслы гепатит А кеселлиги менен ҳәр жылы 1,5 миллион жағдай дизимге алынады. 2016-жылы усы кеселлик пенен жер жүзинде көплеген адамлар қайтыс болған. Ҳәзирги күнде вируслы гепатит А ға қарсы нәтийжели тәсир етиўши вакцина болып, жоқары иммуногенлик қәсийетке ийе. Вакцина менен өз ўақтында шаншылыўы тек ғана кеселликтен қорғап қоймастан, вирустың сыртқы орталықтағы циркуляциясын азайтады. Республикада дизимге алынып атырған вируслы гепатиттиң 90 процентин гепатит А қурайды. Кеселлик ҳәр 3-4 жылда мәўсимлик дәўирде көбейип, 65-70 процент мектепке шекемги балалар наўқасланады.
Вируслы гепатит А кеселлиги усы аўырыў менен аўырған наўқаслар менен қатнаста болғанда, патас қоллар менен мийўелерди жуўмастан жегенде, ашық ҳәўизлерден қайнатылмаған суў ишкенде жуғады. Сондай-ақ, кеселликтиң белгилери сыпатында, денеде ҳәлсизлик, кеўил айныўы, қусыў, дене ыссылығының көтерилиўи, оң қабырға астында аўырыўдың болыўы, сарылықтың пайда болыўы, дәрет реңиниң өзгериўи бақланады.
Бундай жағдай бақланса, наўқас кеминде 15 күн даўамында емлеўханада емлениўи керек. Баўыр тоқымаларының толық тиклениўи ушын 180 күн талап етилип, усы дәўир ишинде диеталы азық-аўқат өнимлерин қабыллаўы лазым. Кеселликтиң алдын алыў ушын балалар жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўи, бармақларды, ойыншық ҳәм басқа да ҳәр қыйлы буйымларды аўызға салыў әдетлерин ислемеўи, қолларды сабынлап жуўыўға әдетлениў ҳәм қайнатылған суў ишиўи тийис.
Ҳәзирги ўақытта кеселликтиң арнаўлы профилактикасы — вируслы гепатит «А» вакцинасы менен шаншыў кеселликтиң алдын алыўда нәтийжели шешим болып, емлениўге кеткен қәрежетиңизди 40 есеге үнемлейди, 1 айлық ўақтыңыз бийкар кетпейди. Балаңыз ҳәм өзиңиздиң руўхый түскинликке түсиўиңиздиң алдын алған боласыз.
К.ЕСИМБЕТОВА,
Нөкис қалалық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығын сақлаў бөлиминиң шыпакери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.