Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:23:36, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАЎЫНЛАТЫП ҲӘМ ТАМШЫЛАТЫП СУЎҒАРЫЎ ТЕХНОЛОГИЯСЫ ҚОЛЛАНЫЛМАҚТА

Аймағымызда суўдың там-тарыслығы суўды көп пайдаланатуғын егин­лерге де суўды үнем­лейтуғын технологияларды енгизиўди талап етпекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-февральдағы «Салы жетистириўди буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында республикада салы жетистириў, бул бойынша илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў ҳәм салыгершиликте суўды үнем­лейтуғын технологияларды кеңнен қолланыўға қара­тыл­ған бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис районындағы тәжирийбе майданында Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Ирригация ҳәм суў маш­қалалары илимий-изертлеў институты тәрепинен салыгершиликте жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў технологиясын қолланыў бойынша изертлеў жумыслары алып барылмақта.

— Бул илимий-изертлеў жойбарында жаўынлатып, тамшылатып суўғарыў технологияларын қолланып салы жетистириў бойынша изертлеў жумыслары жүргизилмекте,-дейди  Ирригация ҳәм суў маш­қалалары илимий изертлеў институты таяныш докторанты Ерлан Батырбаев. —«Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының топырақ климат шараятларында салы жетис­тириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығыў» атлы бул илимий жойбар тийкарында аймақта салыгершиликте суў менен бирге басқа да ресурслардың үнемлениўи күтилмекте.

Соның ишинде, дәстүрий усылда сарплан­ған жыллық суў муғдары топырақ-климат шараятына ҳәм сортлардың биологиялық өзгешеликлерине сай түрде 60-70 процентке, туқымды 40 процентке үнемлеўге, егилген туқымлардың атызларда көгериўшеңлиги 40-50 проценттен 70-80 процентке шекем көбейиўине ерисиледи. Химиялық минерал төгинлер 15-20 процентке, жабайы шөплер ҳәм кеселликлерге қарсы қолланылатуғын гербицидлер 30 процентке үнемлениўине ҳәм салының 25-30 күн ерте писиўине имканият жаратады. Ал, зүрәәтлилик 40-50 про­цент­ке артады. Сондай-ақ, суўдан пайдаланыўда жаўынлатып, тамшылатып суў­ғарыў нәтийжесинде жыллық суў муғдарын 30-40 процентке шекем үнем­леў имканияты жаратылады.

Ирригация ҳәм суў маш­қалалары илимий-изерт­леў институтының илимий хызметкерлери менен биргеликте техника илимлери докторы, профессор Эрназар Маҳмудов басшылығындағы бул жойбар 2021-2023-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген. Жойбардан күтилген нәтийже соннан ибарат суў там-тарыс болған аймақларда салыны тамшылатып, жаўынлатып, топырақ астынан суўғарыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, аймақлардың топырақ-климат шараятларына сәйкес салыгершиликте суўды үнем­лейтуғын технологияларды бейимлестириў ҳәм оны енгизиўге қаратылған илимий тийкарланған технологияны жаратыў болып табылады.

Быйылғы жылы бул тәжирийбе майданында салының «Гүлистан» сорты егилген болып, онда салы майданының бир бөлегине жаўынлатып, бир бөлегине тамшылатып суўғарыў технологиясы орнатылған арнаўлы насослар арқалы суў­ғарылмақта. Салының раўажланыўы жақсы ҳәм илимий хызметкерлердиң усынысы менен суўғарылып, егинниң өсип раўажланыўы толық бақлап барылмақта.

 

Ғайрат Атажанов,

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң Баспасөз хаткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF