МӘМЛЕКЕТИМИЗДИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ЖАСЛАР ЖЕТЕКШИ КҮШ
Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамыз жасларының да айрықша қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлерин пайда етпекте.
— Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 19-январьдағы «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты толық жүзеге шығарыў бойынша бизиң алдымызға анық ўазыйпаларды белгилеп берди,-дейди Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Әмиўдәрья районы Кеңесиниң баслығы Сардар Исмаилов. —Районымызда жаслар менен ислесиў бойынша пүткиллей жаңаша система тийкарында ислеў жолға қойылды. Жоқарыда атап өтилген қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде штаб дүзилип, тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерден жуўапкерлер бекитилди.
Жаслар менен ислесиўдиң «Мәҳәлле-район-ўәлаят-республика» системасы жаратылып, «Жаслар балансы»н қәлиплестириў, анықланған социаллық жәрдемге мүтәж жасларды «Жаслар дәптери»не киргизиў, «Жаслар бағдарламалары»н ислеп шығыў толық жуўмақланды. Райондағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларына Жаслар жетекшиси лаўазымына 551 талабанның арасынан ең мүнәсип деп табылған 49 жаслар жетекшиси таңлап алынды. Олардан 44 жетекши жоқары, бесеўи тамамланбаған жоқары мағлыўматқа ийе болса, 34 жаслар жетекшиси әскерий хызметти өтеген болса, бесеўи ҳаял-қыздан ибарат.
Жаслар жетекшилери хызмет бөлмелери, керекли мебельлер ҳәм компьютер комплектлери менен тәмийинленген. Барлығына планшетлер тапсырылып, интернет тармағына жалғанды.
Ҳәр сектордан ең белсенди мәҳәлле жетекшилери арасынан 4 сектор координаторы сайланды. Сондай-ақ, үлгили бир пуқаралар жыйыны белгиленип, жаслар мәселесиндеги тәжирийбелер ғалаба ен жайдырылмақта.
Пуқаралар жыйынларында «Жаслар балансы» қәлиплестирилип, рейтинг көрсеткишлерин белгилеў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, районда 49 жаслар жетекшиси тәрепинен 36 мың 50 шаңарақтағы 16-30 жастағы 44 мың 346 жас (20 мың 700 и ҳаял-қыз) толық хатлаўдан өткерилип, 5 категория (бәнтлик, билимлендириў, шаңарақлық, социаллық ҳәм саламатлық жағдайлары) тийкарында «Жаслар балансы» қәлиплестирилди. Усы тийкарда пуқаралар жыйынларының төртеўи (8,2 проценти) «қызыл», отыз екиси (65,3 проценти) «сары» ҳәм он үши (26,5 проценти) «жасыл» категорияға ажыратылды.
«Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар бағдарламасы» арқалы жаслардың машқалаларын «мәҳәлле кесиминде» шешиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў системасы жолға қойылды. Жыл басынан берли «Жаслар дәптери»не 2 мың 168 жас киргизилип, «Жаслар балансы»ның жуўмағы бойынша социаллық жәрдемге мүтәж жаслар қамтып алынады.
Усы жылдың өткен 5 айы даўамында 1 мың 260 жас «Жаслар дәптери»нен шығарылды. Район бойынша ҳәзир 908 жас «Жаслар дәптери»нде қалмақта. Жыл даўамында 2 мың 890 жастың бәнтлигин тәмийинлеўге ерисилди.
Атап айтқанда, 212 жас турақлы, 258 жас ўақтыншалық жәмийетлик жумысқа жайластырылды. Буннан тысқары, 4 жасқа әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қураллары, 25 жасқа айдаўшылық гүўалығы, 11 жасқа бир мәртелик материаллық жәрдем берилген болса, 86 жастың төлем-шәртнама пулы, 3 жастың мобилизациялық шақырыў резерви хызмети төлеми төлеп берилди. Субсидиялар ажыратыў арқалы (ыссыхана қурып бериў) 32 жастың бәнтлиги тәмийинленди.
Жаслардың исбилерменлик ҳәм өнертментшилик жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 385 жастың исбилерменлик жумысы ушын 5 миллиард 332 миллион сум кредит ажыратылды. Нәтийжеде 410 жаңа жумыс орны жаратылды.
Аўыл хожалығында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 1723 жасқа 434 гектар жер майданы ажыратып берилди. Буннан тысқары, кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик тийкарлары бойынша 105 жас оқытылды. 46 жас «1+1» бағдарламасы тийкарында исбилермен ҳәм өнертментлерге бириктирилди.
Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық илажлар бойынша жаслар жетекшисиниң ис-режелери ислеп шығылды. «Жаслардың бос ўақты-жетекшиниң жумыс ўақты» принципи тийкарында жаслардың бос ўақытларында улыўма билим бериў мектеплериниң спорт ҳәм белсендилер залларында түрли илажлар өткериў белгиленди.
Жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде усы жылдың февраль-март айлары даўамында улыўма билим бериў мектеплери ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары арасында «Ўатан сүйиўшилер», «Жас шегарашылар», «Жас қутқарыўшы», «Жас гвардияшы» әскерий-спорт жарыслары өткерилип, оларға мыңнан аслам жас қамтып алынды.
Жаслар арасында футбол ҳәм мини футбол бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги жарысының районлық басқышы шөлкемлескенлик жағдайында өткерилип, жеңимпазлар республикалық басқышқа жоллама алды.
Районда «Бес баслама олимпиадасы»ның Қарақалпақстан Республикасы басқышында 41 жас қатнасып, жеңимпазлар мәмлекетимиз басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди. Олардан стол тенниси бойынша Нөкис қаласында өткерилген мәмлекетимиз басқышының «В» лигасында райондағы «Бай аўыл» мәкан пуқаралар жыйынынан Маъмур Шарипов 27-30 жас категориясында биринши, шашка бойынша қызлар арасында Әндижан ўәлаятында өткерилген жарыста «Қытай» пуқаралар жыйынынан Сановар Шарипбаева 27-30 жас категориясында биринши, «Бабур» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Умида Ибрагимова 16-21 жас категориясында екинши орынларды ийелеген болса, «Дүрмен» пуқаралар жыйынында жасаўшы Орынбаевлар шаңарағы «Жас китапқумар шаңарақ» таңлаўының бас сыйлығы, Президент саўғасы «Спарк» авомашинасын қолға киргизди.
Булардың бәршеси елимизде жасларымыз ушын жаратылған шараятлар нәтийжеси болып табылады. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз, сизлер сыяқлы билимли, белсенди ҳәм жигерли ул-қызларым бар екен, биз ҳәр қандай қыйыншылықларды әлбетте, жеңип өтемиз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.