ЖАС ИСБИЛЕРМЕННИҢ ШАРЎАШЫЛЫҚТАҒЫ ТАБЫСЫ
Ерте дәўирлерден-ақ, ата-бабаларымыз дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланып, телегинде дәни қорасында малы болса қурғын хожалық қатарында саналған.
Солай екен, бүгинги күнде де елимизде дийқанның ҳәм шарўаның иси оңынан келип мол дәрамат тапса тек ғана шаңарағын емес пүткил халықтың да тоқшылықта жасаўына, азық-аўқат баҳаларының турақласыўына үлес қосады. Мине усындай арамызда өз кәсибиниң пидайылары бар екен, елимиз тыныш-татыўлықта жасап пәраўан турмыс кешириўинде олардың ҳәр қашан да орны салмақлы. Жақында 30-июнь «Жаслар күни» мүнәсибети менен ҳәр бир тараўда өзин көрсетип абырай мәртебеге ерискен жигерли ҳәм белсенди бир қатар заманласларымыз Президентимиз тәрепинен сыйлықланған еди. Олардың арасында Хожели районындағы «Әмиўдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Ғафур Ғулам шарўа» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Мәтмуратов Ғуломжон Ғафурович «Келажак бунҢдкори» медалы менен сыйлықланды. Атап өтиў орынлы, жас исбилерменниң фермер хожалығын шөлкемлестиргенине еле көп ўақыт болмаса да ол жердеги бүгинги заман талабына сай жаратылған қолайлы шараятлар ҳәр бир болажақ шарўаның арзыўы десек қәтелеспеймиз. Исбилерменниң искерлик қәбилети, белсендилиги, узақты гөзлеўи, халық ушын ислеп атырған ийгиликли жумыслары мақтаўға ылайықлы. Биз, оның жетискенлиги менен қутлықладық. Атап өтиў орынлы фермер хожалығы «Әмиўдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 189,5 гектар жер майданы район ҳәкимлиги тәрепинен ажыратылып ҳәм халық банкинен 20 млрд. сум кредит есабынан 157 бас Голштейн ҳәм Симментал нәсилли қарамаллары Австрия ҳәм Голландия мәмлекетлеринен алып келинген.
— Ҳәзирги күнде маллардың бас саны үш жүзден асып баратыр. Бундай нәтийжеге ерисиў аңсатлық пенен болмайтуғынлығын шарўаларымыз жақсы түсинеди. Ўақтында азық аўқатын берип, ветеринар шыпакерлеримиздиң күнделикли бақлаўы, мәўсимлик шаншыў жумысларының алып барылыўы, қулласы бизиң жергиликли шараятымызға бейимлестириўге ўақыт ҳәм тәжирийбе керек болды. Бизде дерлик барлығы саўын сыйырлар олардан күнине ҳәр биринен 20-22 литр сүт саўып алынса, жәми күнине еки тоннаға шамалас сүт алынады. Қыстың қақаман суўығынан, жаздың жәзийрама ыссысынан сақлаўға қатты итибар қаратсақ, жумысымыздың өнимдарлығын арттырыўда Германия ҳәм Қытай мәмлекетлеринен алып келинген заманагөй автоматластырылған техникалардың да үлеси айрықша екенлигин атап өтиў орынлы. Себеби, арнаўлы заманагөй үскенелер жәрдеминде сыйыр сүтин саўып алыў процесинен баслап, арнаўлы ыдысларда сақлаў ҳәм сапалы түрде жеткерип беремен дегенше бәриниң есап китабы электронласқан тәризде мағлыўматлар жыйналыўы жумысымызды аңсатластырмақта. Қулласы, жәниўарлардың ўақтында күтимин берип бақсақ, қарасақ, нәтийжесиде соған жараса болады.
Бул жерде жигирма адам жумыс ислейди ҳәм узақтан қатнап ислеўшилер жатақ жай, ыссы аўқат пенен тәмийинленген. Халқымызға сапалы сүт өнимлерин жеткерип бериўде, жети түрдеги қатық, сүт, қаймақ, иримшик ҳәм басқа да сүт өнимлери өзлеримизде қайта исленип базарға шығарылады. Журтбасшымыздың биз сыяқлы жасларды қоллап-қуўатлаўы маған руўхый күш бағышлап, жуўапкершилигимди еле тереңирек сезиниўиме ийтермелемекте, - дейди толқынланып Ғ.Мәтмуратов.
Әлбетте, жас шарўаның топлаған тәжирийбеси енди жумыс баслайжақ фермерлеримизге үлги болса, алдағы ўақытларда да бири-биринен жәрдемин аямай, халық тоқшылығы жолындағы ибратлы ислери еле даўам ете бериўине исенимимиз артты.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.