ҮЛКЕН ТЕННИСКЕ УМТЫЛЫС
Үлкен теннис бүгинги күни дүнья жүзиндеги ең ғалаба ен жайған спорт түрлериниң бири болып табылады. Уимблдон, Роллан Гарос, US Open сыяқлы ири турнирлерге соңғы жыллары қызығыўшылық артып бармақта.
Атап айтқанда, Өзбекстанның барлық аймақларында болғаны сыяқлы Қарақалпақстан Республикасында да бул спорт түри раўажланып, ол жаслар арасында кеңнен ен жаймақта. Әсиресе, Нөкис қаласы, Шымбай, Шоманай ҳәм Нөкис районларында теннис пенен шуғылланыўшы жаслар ушын заманагөй кортлардың қурып питкерилиўи қарақалпақстанлы спортшылар арасынан да мәмлекетимиз ҳәм халықаралық майданларда өткерилетуғын жарысларда жеңимпаз болатуғын теннисшилердиң өсип жетилисиўине тийкар жаратты.
Соның ишинде, мениң өзим де 10 жылдан берли үлкен теннис пенен шуғылланып келмектемен. Теннис бойынша дәслепки 3 жылда Жулдыз Бектурсыновадан тәлим алған болсам, 2015-2017-жыллары Ташкент қаласындағы теннис академиясында Өзбекстан сайланды командасы бас тренери Самуг Обидовтан теннистиң әлўан түрли сырларын үйрендим ҳәм Самарқанд, Әндижан, Наманган, Бухара, Қашқадәрья ўәлаятларында өткерилген турнирлерде 1-орынды ийелеўге миясар болдым. Ал, 2018-жылы Қазақстанның Шымкент қаласында өткерилген халықаралық жарыста жуплықта 2-орынды ийелеп, өз тәжирийбемди арттырдым.
Ҳәзирги ўақытта болса, Нөкис қаласындағы 3-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде тренер сыпатында тенниске қызығыўшы балаларды тәрбиялап киятырман. Бүгинги күни спорт мектебимизге 70тен аслам балалар қатнасып келмекте.
2021-жылдың октябрь ҳәм 2022-жылдың март айларында Өзбекстан Теннис Федерациясының бас хаткери Ирода Туляганованың республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстанда үлкен теннис бойынша еки халықаралық турнир шөлкемлестириў бойынша усыныс таярланып, оны өткериў бойынша келисип алынды.
Алдағы ўақытлары республикамызда үлкен теннистиң раўажланыўы ушын жас өспиримлерди пуқта таярлап, оларды Өзбекстан ҳәм халықаралық жарысларда жеңимпаз етип тәрбиялаўға ҳәрекет етемен.
Султанбек Зарипов,
«Үмит ушқыны» көкирек белгиси ийеси, спорт шеберлигине талабан.