ТУРИСТЛЕРГЕ ЖАРАТЫЛЫП АТЫРҒАН ЖЕҢИЛЛИКЛЕР
Туризм тараўы дүнья экономикасының ең тез пәт пенен раўажланып баратырған тараўлардан бири. Оның кең көлемли раўажланыўы көплеген мәмлекетлер ушын үлкен дәраматлар дерегине айланып бармақта.
Бизиң мәмлекетимизде де ҳәзирги күнде экономикамызға келешекте үлкен дәрамат келтиретуғын тараўлардан бири бул — туризм. Себеби, Өзбекстан Республикасы туризм тараўында үлкен мүмкиншиликке ийе болған мәмлекет. Журтымызда 7300ден аслам мәдений мийрас объектлери бар ҳәм олардың 200ден асламы ЮНЕСКО дизимине киргизилген. Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң қайталанбас тәбияты, гөззал дем алыў орынларынан пайдаланып туризм тармақларын ашыўымыз мүмкин. Сондай-ақ, зыярат туризми, экологиялық, этнографиялық, гастрономиялық ҳәм бул тараўдың басқа да тараўларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратыўымыз керек.
Туризм тараўын раўажландырыўда, туристлерге олардың дем алыўлары, күнин жақсы өткериўлери ушын туристлик операторлар ҳәм туристлик агентлердиң де орны жоқары. Ҳәзирги ўақытта туристлерге ҳәм оларға хызмет көрсетиўши туроператорлар ҳәм турагентлерге Президентимиз тәрепинен бир қанша жеңилликлер берилмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-январьдағы «Туризм, мәденият, мәдений мийрас ҳәм спорт тараўларын және де раўажландырыў ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, 2022-жыл 1-январьдан 2023-жыл 1-январьға дейин туризм тараўы субъектлери ҳәм авиатасыўшылардың сырт мәмлекетлерден Өзбекстанға чартер рейслерин шөлкемлестириў бойынша қәрежетлериниң бир бөлеги ҳәр бир сырт ел туристи ушын ол республика аймағында кеминде бес күн қонып қалған жағдайда 10 АҚШ доллары, қыс мәўсимлеринде (20-ноябрьден 20-февральға шекем) болса 25 АҚШ доллары муғдарында мәмлекет бюджети қаржылары есабынан қаплап бериледи» деп көрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолай шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында «2018-жылдың 1-январынан туризм өнимлерин сатыў ҳәм ямаса туризм хызметлерин онлайн брон (бәнт) етиў бойынша хызмет көрсетиўши хожалық жүргизиўши субъектлердиң салыққа салынатуғын базасы электрон хызметлерди, сондай-ақ электрон төлемлер, брон (бәнт) етиў, эквайринг ҳәм басқа хызметлерди, және де туризм хызметлериниң заманагөй түрлерин усыныўшы қәнигелестирилген интернет-сайтлар ҳәм порталларды жолға қойыўға бағдарланған қәрежетлер муғдары кемейттириледи.
Исбилерменлик пенен шуғылланыўшы субъектлердиң 2024-жылдың l-январына шекем Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғынF ислеп шығарылғанына 5 жылдан артық болмаған, жолаўшы тасыўда пайдаланатуғын ҳәм айдаўшыдан тысқары сегиз ҳәм сегизден артық орынлықларға ийе болған транспорт қураллары белгиленген тәртипте тастыйықланған дизимге муўапық бажыхана бажын төлеўден азат етилсин» делинген.
Биз елимизге келген туристлерге усындай жеңилликлерден пайдаланыўын усынып қаламыз. Сондай-ақ, хызмет көрсетиўши туроператорлар ҳәм турагентлер усындай жеңилликлерди туристлерге усынса елимизге келиўши туристлер ағымы еле де көбейер еди.
Д.КАМАЛОВА,
ҚР Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң туризм тараўында лицензиялаў,
сертификацияластырыў ҳәм стандартластырыў бойынша жетекши қәнигеси.