КИШКЕНЕЛЕР КЕЎЛИНЕ ЖОЛ ТАЎЫП...
Күнделикли турмысымызда, көшеде азанғы пайытта бақшаға баратырған кишкенелердиң өжетленип, аяқ тиреп «бармайман» деп ата-анасын қыйнап атырғанына көзимиз түседи.
Барлығын баланың еркелигине саламыз. Айырым кишкенелер керисинше, жүзинде шадлық балқып, байрамға баратырғандай, бақша дәрўазасынан кеўилли атлайды. Киргеннен тәрбияшы апасына қушақ аша жуўырады. Буның менен барлық тәрбияшылар бирдей емеслигин айтпақшымыз. Жик айырыўдан аўлақпыз. Себеби, «Алдамаға бала жақсы...» деген гәпти ҳәзирги балаларға қолланып болмайды. Тек ғана кәсибине пидайы тәрбияшылар ғана балалардың меҳрин ийелей алады.
Кеўли пәк, гиршиктей таза бала жақсылыққа умтылады. Көкирегин қайтаратуғынлардан қашып, мәпелеп аймалайтуғын анасына тәқаббил тәрбияшыны жүрек төринен ишлей сезинеди. Турпайы, қопал қатнаста болғанлардан бойын тасалайды.
«Бир бала бир кемпирди өлтиреди» дегениндей, ҳәр бир үйиниң еркеси саналған бир топар кишкенелердиң кеўлинен шығыў аңсат емес. Олар менен бала болып, ойындағысын аңлаўға кең кеўил керек. Баланың аты бала, айтқанын орынлатыўға урынады. Буған қаншама күш, сабыр-тақат керек дейсиз. Азаннан кешке шекем балалар арасында, кеште перзентлери тәрбиясы, үй тапсырмаларын таярлаўға жәрдемлесиў, қазан-ошақ, үйдиң таўсылмайтуғын гүмирашылығы бәрине үлгериўге кәсибине пидайылар төзим береди.
Тәрбияланыўшыларының меҳрин ийелеген тәрбияшылардан бири — Айгүл Бекимбетова Нөкис қаласындағы 35-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ағла тәрбияшыларынан бири. Ол, 1974-жылы муғаллимлер шаңарағында туўылған. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, доцент, марҳум Турдымурат Бекимбетовтың ақлық қызы. Усындай зыялылар шаңарағында тәрбияланған Айгүл мектепти табыслы тамамлап, 1992-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Рус тили ҳәм әдебияты» факультетиниң студенти болыў бахтына еристи. Бес жылды изге таслап, 1997-жылы университетти питкерип, пайтахтымыздағы 11-санлы мектепте муғаллим болып мийнет жолын баслайды. Ал, 2004-жылдан баслап ҳәзирги күнге шекем 35-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тәрбияшы болып ислеп келмекте.
Басқалардан өзгешелиги — балаларды әдеп-икрамлы, тәртипли болыўға, бир-бирин ҳүрметлеўге үйретип барыўы менен ажыралып турады. Әсиресе, топардың тазалығына айрықша итибар бериўи, балаларды қызықтыратуғын ҳәр қыйлы реңдеги ертек қаҳарманларының сүўретлери, гүллер менен безелиўи кишкенелердиң кеўлине шадлық уласады. Балалардың жақсы көретуғын байрамларында биргеликте қызықлы ҳәм мазмунға бай концерт, сахна көринислерин таярлаўы да оның кәсибиниң маманы екенлигинен дерек береди. Топарындағы ҳәр бир тәрбияланыўшы менен еринбестен жеке түрде шуғылланады. Сонлықтан да, оның топарына перзентлерин тапсырыўды қәлеўшилер көп. Айгүлге тәрбияланыўшылары ата-аналарының шын кеўилден айтылған ҳәм жүрек төринен билдирилген лебизлери кәсибине болған қызығыўшылығын арттырады. Келиң, узын гәптиң қысқасы, олардың пикирлери менен бөлиссек:
«Айгүл Маратовна!
Биз сизден миннетдармыз. Расын айтқанда, туңғыш қызымды бақшаға тапсырмақшы болғанымда толғанғаным рас. Себеби, бақшада ҳеш кимди танымас едим. Қызымыз сизиң топарыңызға түскени әўметимиз келгени, деп ойлайман. Ҳайран қалғанымыз — қызымыз дәслепки күннен баслап «бақшаға бармайман» деп шатпаяқламай, қуўанып жолға атланғаны болды. Ҳәрип, санларды жазып, оқыўды тез үйренди. Рус тилинде сөйлеў, жазыў, оқыўға инталы. Ойланбастан екинши қызымды да сизге тапсырғаныма өкинбеймен. Ҳәзир еки қызым да мектепте «айрықша» баҳаларға оқыўына сиз себепшисиз. Улым Ағзамды да жақсы нийетлер менен сизге тапсырып атырман».
Мине усындай миннетдаршылық хатлары Айгүлдиң өз үстинде көбирек излениўине күш-қуўат береди.
— Балаларға меҳир берсең кем болмайсаң. Үйиниң еркеси, айтқаны айтқандай орынланып турған балаға бақша өзге дүнья болып түйиледи. Әсте-әсте кеўлине қонымлы жақсы сөзиңизди аямасаңыз, бала да қасындағыларға тез үйренисип, досласып кетеди.
Ата-аналар менен ушырасқанымда кеўлимдеги мына сөзлер ерксиз тилимнен шыққанын сезбей қаламан: «Сизиң перзентиңиз мениң де перзентим. Олардың ақыллы, билимли, тәрбиялы болып ержетип, бахытлы болғанын көриў ҳәммемизге несип етсин! -деп нийет билдиремен», - дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы Айгүл Бекимбетова.
Қ.РЕЙМОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: Айгүл Бекимбетова тәрбияланыўшылары арасында.