ӘДИЛ СУДЛАЎДЫ ТӘМИЙИНЛЕЎ ҲӘМ КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕС
Суд — әдил судлаўдың жоқары шыны. Судтың ролин асырыў ҳуқықый мәмлекет дүзиў жолындағы нызамлы процесс. Мине, усындай көзқараслар себепли бул тараўдағы ислер көлеми, дәрежеси ҳәм нәтийжелилиги кейинги ўақытта айтарлықтай кеңейип, жана басқышқа көтерилмекте. Әсиресе, суд системасын либералластырыў ҳәм оның ғәрезсизлигин тәмийинлеў бойынша зәрүрли ис-илажлар избе-излик пенен әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл 24-январьда парламентке жоллаған Мүрәжатнамасында, мәмлекетлик уйымлар басшы хызметкерлери суд ғәрезсизлигин тәмийинлеў мәселеси буннан кейинде Президенттиң өзиниң тиккелей бақлаўында болыўын терең аңлап алыўлары кереклигин айтып өткен еди. Бул пикирлер мәмлекет басшысының бул тараўда әмелге асырылып атырған жедел өзгерислер барысындағы турақлы позициясын айқын көрсетти.
Президентимиз суд системасы хызметкерлери менен 2017-жыл 13-июньде өткерген тарийхый ушырасыўында суд органлары системасында әдил судлаўды тәмийинлеў барысындағы ислердиң аўҳалына итибар қаратып, бар машқалалар, өз шешимин таппаған кемшиликлерди ҳәр тәреплеме анализ етип, тараўдың раўажланыўына тийисли ўазыйпаларды белгилеп берди.
Себеби, судты түп тийкарынан «Әдалат қорғаны»на айландырыў арқалы ғана пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғай алыў, елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет, пуқаралық жәмийетти дүзиў, нызам ҳәм әдиллик орнатылыўын тәмийинлеў мүмкинлиги ҳеш кимге сыр емес.
Кейинги жылларда судлар хызметине заманагөй хабар — коммуникация технологияларын енгизиў мәселеси өз алдына дыққат орайында тур. Усы мақсетте арзаларды электрон тәртипте қабыл етиў, процессуал мүддетлерге әмел етиўи үстинен онлайн мониторинг орнатыў, ислерди инсан факторы араласпаған ҳалда автоматикалық бөлистириў имканиятын бериўши «Е-XSUD» хабар системасы жаратылды.Соның менен бирге, судларда видеоконференция байланыс системасы иске түсирилди. Халыққа қолайлылықлар жаратыў ҳәм қәрежетти үнемлеў мақсетинде суд жыйналыслары усы система арқалы онлайн түрде өткерилмекте.
2020-жылдың 30-июнь күни Президентимиз басшылығында әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў барысындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор жыйналысында суд системасын және де жетилистириў бойынша өз шешимин күтип турған бир қатар әҳмийетли ҳәм шешилиўи тийис мәселелер додаланды.
Президентимиз коррупцияға қарсы гүресиў барысындағы реформалардың кейинги басқышында әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар ўазыйпаларға тоқтап өтти. Әсиресе, тараў ҳәм оның тармақларында санластырыў ислерин әмелге асырыў, тәсири күшли парламент ҳәм жәмийетшилик бақлаўын жолға қойыў, коррупцияға қарсы гүресиўде кадрлар таярлаў мәселесине жетерли итибар қаратыў зәрүрлигин айтып, бул бағдарда анық система жаратыўға тийисли жүдә әҳмийетли усынысларды ортаға тасланды.
Яғный, Президентимиз айтып өткениндей, «Буннан гөзленген мақсет — тилегимиз бир. Ол да болса, судья ғәрезсиз болса, нызамға сөзсиз бойсынса, жуўапкершиликти терең түсинсе, еркин ҳәм қалыс болса ғана әдиллик орнатылады».
Усы орында суд системасында жетерли билим ҳәм өмирлик тәжирийбеге ийе болған ылайықлы кадрларды таңлаў ҳәм лаўазымға таярлаў ҳәм де судьялар искерлигин қалыс баҳалаў процессине заманагөй хабар-технологияларын енгизиў, ашықлық ҳәм әшкаралықты тәмийинлеў арқалы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлердиң суд ҳәкимиятына болған исенимин және де асырыўға жаңаша ҳуқықый негиз жаратылмақта.
Бизге белгили, жәмийетте коррупцияның алдын алыўдың ең тийкарғы факторы жумыс барысында ашық ашкаралықты тәмийинлеў.
Бул ҳаққында сөз болғанда, Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 3-сентябрде «Суд ҳәкимияты уйымлары жумысын санластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етилгенин өз алдына айтып өтиў лазым. Усы ҳүжжет судлар искерлигинде заманагөй технологияларды енгизиў арқалы ашық айдынлықты тәмийинлеў мақсетине қаратылған. Нәтийжеде әмелге асырылып атырған илажлар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине өз ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат етиўди еркинлестириў ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканиятын береди.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги «Судьялардың шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў және суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында судьялардың юридикалық жуўапкершилиги мәселесин шешиў пайытында олардың әдил судлаў менен байланыслы искерлигине ҳәр қандай араласыўдың алдын алыў мақсетинде, судьялардың қол қатылмаслығын бузыў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы исине араласыў жағдайлары бойынша Судьялар жоқары кенесиниң орны ҳәм әҳмийети қандай болыў кереклигине өз алдына тоқтап өтилген.
Судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў бойынша суд инспекциясы тийкарында — «Судьялар қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм коррупцияның алдын алыў бойынша суд инспекция»сын дүзиў бойынша ислер басланды. Бул да судларда коррупцияны келтирип шығарыўшы факторларды жоқ етиў ҳәм оған қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Жуўмақластырып айтқанда, Президентимиз пәрманында белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўының түп-негизи менен судлар ғәрезсизлигин және де беккемлеў, әдил судлаў нәтийжелигин арттырыў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлердиң конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелде толық қорғай алыўына имканият береди. Бир сөз бенен айтқанда, жаңа пәрман мәмлекетте социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
А.Бекманов.
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы.