ЗҮРӘӘТТИ ӨРТТЕН САҚЛАЙЫҚ
«Нанның усағы да нан» деп ата-бабаларымыз бийкар айтпаған. Халқымыздың байлығы болған «Ғәлле-2022» зүрәәти жыйын-терими мапазы да қызғын алып барылмақта. Сонлықтан район аймағындағы ширкет, дийқан-фермер хожалықлары бийдай зүрәәтин жыйнап-териўде ҳәм тасыўда, сақлаўда оларды сақлайтуғын дән қабыллаў пунктлеринде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын булжытпай орынлаўымыз тийис.
«Ғәлле-2022» зүрәәтин тасыўға арналған транспортлар, тракторлар ҳәм комбайнлар өрт өшириўши, ушқын сөндириўши (искрогаситель) менен тәмийинленсе халқымыздың байлығы болған бийдай өнимин өрттен сақлаўға кеўилсиз жағдайлардың алдын алыўға итибар қаратыўымыз керек.
Атыз басында, бийдай (дән) салынған тиркемениң әтирапында, төбесинде ашық оттан пайдаланыў, темеки шегиў қадаған етилсе бийдай өниминиң бир де дәнесин зая етпей, қырманның бәлентлеўине қосқан үлесимиз болар еди.
Хожалық басшылары, механизаторлар, транспорт басқарыўшылары, комбайн айдаўшылары усы айтылған өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын толық орынласақ, халқымыз байлығы болған ғәлле зүрәәтин өрттен сақлаўға ҳәм өрттиң алдын алыўға өз үлесимизди қосқан боламыз.
Район аймағындағы ҳәр бир атыздың бийдайы орып болынғаннан кейин сабанларды өртемей, керекли жерине жыйнап алсақ, қалған бийдай сабанын жерге араластырып, сүргизип қойсақ, жердиң күшин жоғалтпай, кейинги бийдай өнимин егиўге жер таяр болып, сабанның қалғанлары жерге төгин есабында болғаны мақул, деп ойлаймыз.
Д.ЕСИМБЕТОВ,
Тақыятас районы
АЖБ НТБ баслығы, майор.