САЛЫҚ АУДИТИ ҲАҚҚЫНДА НЕ БИЛЕСИЗ?
Ҳәр бир шахс Салық кодексинде белгиленген салықлар ҳәм басқа да миннетли төлемлерди төлеп барыўы шәрт. Ҳеш кимге Салық кодексинде нәзерде тутылмаған яки оның нормаларын бузған ҳалда белгиленген салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлеўлерди төлеў миннетлемесин жүклеў мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм салық уйымлары жумыслары өнимдарлығын арттырыў бойынша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-6098-санлы Пәрманына тийкар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 7-январь күни «Салық қәўпин басқарыў, салық қәўпи бар болған салық төлеўшилерин (салық агентлерин) анықлаў ҳәм салық тексериўлерин шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы 1-санлы қарары қабыл етилди.
Бул қарар менен Салық тексериўлерин шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланып, Режеге көре, салық уйымлары тәрепинен төмендеги түрдеги ҳәм айырмашылық белгилери болған салық тексериўлери алып барылады.
Булар камерал салық тексериўи, көшпели салық тексериўи ҳәм де салық аудити болып есапланады.
Салық аудити дегенимиз — бул салық төлеўшиниң (салық агентиниң) белгили дәўирдеги финанс ҳәм салық есабатларының салық ҳаққындағы нызамшылыққа ҳәр тәреплеме мүнәсип екенлиги ҳәм туўрылығын, салық салыў мақсетлеринде бухгалтерия есабы ҳәм салық салыў мақсетлеринде есапқа алыўда салық миннетлемелериниң туўры орнатылғанлығы ҳәм де жолға қойылғанлығы, салық уйымы тәрепинен өткерилген үйрениў арқалы салықларды дурыс есаплаў ҳәм төлеўдиң дурыслығын тексериў болып есапланады.
САЛЫҚ АУДИТИН ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ
Жынаят иси шеңберинде салық төлеўшиниң финанс-хожалық жумысын тексериў Жынаят-процессуал кодекс ҳәм Салық кодекси талаплары тийкарында өткериледи.
Режеге муўапық, салық аудити төмендеги салық төлеўшилерде өткериледи:
- салық уйымында қәўипти анализлеў автоматластырылған мәлимлеме системасы («Анализлеў» дәстүрий өними) арқалы анықланған, жоқары дәрежедеги тәўекелшилик (салық қәўпи) категориясына тийисли болған;
- камерал салық тексериўи нәтийжеси бойынша салық уйымының талапнамасына жуўап ретинде анықластырылған салық есабатын тапсырмаған (сондай-ақ, анықластырылған талапнамадан кейин), анықланған айырмашылықлар бойынша тийкар келтирмеген ямаса тапсырылған тийкарлар жетерли емес деп табылған жоқары дәрежедеги тәўекелшилик (салық қәўпи) категориясына тийисли;
- ықтыярый тамамланып атырғанда;
- жынайый ис қозғатылғанда;
- алдын өткерилген салық аудити ўақтында салық уйымына белгили болмаған жаңа жағдайлар анықланғанда.
Салық аудити:
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик салық басқармалары тәрепинен өз аймағында салық төлеўши сыпатында дизимнен өткен салық төлеўшилерде;
- ири салық төлеўшилер бойынша аймақлар аралық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен ири салық төлеўшилерде;
Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен жоқары дәрежедеги тәўекелшилик (салық қәўпи) категориясына тийисли болған салық төлеўшилерде өткериледи.
Салық аудити нәтийжелерине көре салық уйымларының усы тексериўди өткерген ўәкилликли лаўазымлы шахслары тәрепинен салық аудити акты дүзилиўи керек.
Егер өткерилген салық аудити нәтийжелерине көре салық ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўлары анықланбаған болса, бул ҳаққында салық аудити актинде көрсетиледи. Салық аудити актине тексериў даўамында анықланған салық ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыў фактлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша етиледи. Салық аудити акти формасын ҳәм оны дүзиўге байланыслы талапларды Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен белгиленеди.
Өзине қарата салық аудити өткерилген шахс (оның ўәкили) салық тексериўи актинде баян етилген фактлерге ҳәм (яки) тексериўшилердиң жуўмақлары ҳәм де усынысларына разы болмаса, салық аудити актин алған күннен баслап он күн ишинде тийисли салық уйымына усы акт бойынша улыўма яки оның айырым жағдайлары бойынша жазба қарсылықларын усыныўға ҳақылы.
Салық төлеўши өз қарсылықларының тийкарланғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин (олардың тастыйықланған көширме нусқаларын) жазба қарсылықларға қосымша етиўге яки келисилген мүддетте салық уйымына тапсырыўға ҳақылы.
Салық уйымларының лаўазымлы шахслары тәрепинен Салық кодексинде белгиленген талапларға әмел етпеў жоқары турыўшы салық уйымы яки суд тәрепинен салық уйымының қарарын бийкар етиў ушын тийкар болыўы мүмкин.
Салық тексериўи материалларын көрип шығыў тәртип-қағыйдасының әҳмийетли шәртлерин бузыў жоқары турыўшы салық уйымы яки суд тәрепинен салық уйымының салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлик ушын жуўапкершиликке тартыў ҳәм (яки) салық суммаларын қосып есаплаў ҳаққындағы қарарын бийкар етиў ушын тийкар болады. Бундай әҳмийетли шәртлер қатарына өзине қарата салық тексериўи өткерилген шахстың салық тексериўи материалларын көрип шығыў процесинде жеке ҳәм өз ўәкили арқалы қатнасыў имканиятын тәмийинлеў ҳәм де салық төлеўшиниң түсиндириўлер бериў имканын тәмийинлеў киреди.
Салық тексериўи материалларын көрип шығыў тәртип-қағыйдасының басқаша бузылыўы егер бундай қағыйда бузыўшылық салық уйымы баслығы (баслық орынбасары) тәрепинен нызамсыз қарар қабыл етилиўине алып келген яки алып келиўи мүмкин болса, жоқары турыўшы салық уйымы яки суд тәрепинен салық уйымының қарарын бийкарлаў ушын тийкар болыўы мүмкин.
Салық ҳаққындағы нызамбузыўшылықлар қайсы салық аудити салық тексериўи даўамында анықланған болса, сол салық аудити акты салық тексериўи материаллары салық тексериўин өткерген салық уйымының баслығы (баслық орынбасары) тәрепинен усы салық тексериўи акти дүзилген күннен баслап он күн өткен соң, бирақ, он бес күннен кешиктирмей көрип шығылыўы керек. Оларға байланыслы қарар салық тексериўи материаллары көрип шығылғаннан кейин бес күннен кешиктирмей қабыл етилиўи лазым.
Егер тексерилип атырған шахс (оның ўәкили) салық аудитиниң актине салық тексериўиниң материалларына байланыслы жазба қарсылықларын Салық кодексинде нәзерде тутылған мүддетлерде усынған болса, усы қарсылықлар да көрип шығылыўы лазым.
Салық уйымы тексериў материаллары көрип шығылатуғын сәне, ўақыт ҳәм орны ҳаққында салық төлеўшини көрип шығыў басланғанына шекем кеминде еки ис күн алдын хабардар етеди.
Өзине қарата салық аудити тексериўи өткерилген шахс салық тексериўи материалларын көрип шығыў процесинде жеке яки өз ўәкили арқалы қатнасыўға ҳақылы.
Салық аудити салық тексериўи материалларын көрип шығыў ўақтында тексериў акти, зәрүр болған жағдайда болса салық бақлаўы бойынша әмелге асырылған жумыслардың басқа материалларын, сондай-ақ, өзине қарата тексериў өткерилген шахстың жазба қарсылықлары да оқып еситтирилиўи мүмкин.
Жазба қарсылықлардың болмаўы усы шахсты (оның ўәкилин) тексериў материалларын көрип шығыў басқышында өз түсиндириўлерин бериў ҳуқықынан айырмайды.
Салық аудити салық тексериўи материалларын көрип шығыў ўақтында усынылған дәлиллер, өзине қарата тексериў өткерилген шахстан алдын талап етип алынған ҳүжжетлер, усы шахс салық тексериўлеринен өткерилгенде салық уйымларына усынылған ҳүжжетлер ҳәм салық уйымында бар болған басқа ҳүжжетлер үйрениледи.
Салық кодекси талаплары бузылған жағдайда алынған дәлиллерден пайдаланыўға жол қойылмайды. Салық тексериўи материаллары көрип шығылып атырғанда баянлама жүргизиледи.
Салық аудити салық тексериўи материалларын көрип шығыў процесинде салық уйымының баслығы (баслық орынбасары):
1) өзине қарата тексериў акти дүзилген шахс салық ҳаққындағы нызамбузыўшылыққа жол қойғанлығы-қоймағанлығын;
2) анықланған қағыйдабузарлықлар салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық белгисин дүзиўи-дүзбеўи;
3) шахсты салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлик ушын жуўапкершиликке тартыўға тийкарлар бар-жоқлығын;
4) салық төлеўшиниң қарсылықлары тийкарланғанлығын белгилейди.
Салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық белгиси бар болған жағдайда салық уйымының баслығы (баслық орынбасары) шахстың салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықты ислегенлигиндеги айыбын бийкарлаўшы жағдайларын яки салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлиги ушын жуўапкершиликти жеңиллестириўши яки аўырластырыўшы жағдайларын анықлайды.
Салық ҳаққындағы нызамбузыўшылық исленгенлиги фактин тастыйықлаў ушын қосымша дәлиллер алыў зәрүр болған жағдайда яки олар болмағанда салық уйымының баслығы (баслық орынбасары) салық бақлаўының қосымша жумысларын бир айдан аслам болмаған мүддетте өткериў ҳаққында қарар шығарыўға ҳақылы.
Салық аудити салық тексериўи материалларын усы Салық кодексинде нәзерде тутылған тәртипте көрип шығыў нәтийжелери бойынша салық уйымының баслығы (баслық орынбасары) төмендегилерди нәзерде тутыўшы қарарды қабыл етеди:
1) салық аудити материаллары бойынша салықлар ҳәм пенялар қосып есаплаў яки бас тартыў;
2) салық төлеўшини салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлиги ушын жуўапкершиликке тартыў яки бас тартыў.
Шахсты салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлиги ушын жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы қарарда исленген салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайлары усы жағдайларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ҳәм басқа мағлыўматларға, өзине қарата тексериў өткерилген шахс тәрепинен өзин қорғаўы ушын келтирилетуғын ўәжлерге ҳәм де усы ўәжлерди тексериў нәтийжелерине сүйенген жағдайларда, өткерилген салық тексериўинде қалай белгиленген болса, солай баян етиледи.
Шахсты салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлик ушын жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы қарарда Салық кодексиниң ҳуқықбузарлықларды нәзерде тутыўшы статьялары ҳәм қолланылатуғын жуўапкершилик шаралары көрсетиледи.
Салықларды қосып есаплаўды нәзерде тутыўшы қарарда, егер салықларға байланыслы қарыздарлық тексериў процесинде анықланған болса, салықларға байланыслы анықланған қарыздарлық муғдары ҳәм тийисли пенялар суммасы көрсетиледи.
Салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ислегенлик ушын жуўапкершиликке тартыўдан бас тартыўды нәзерде тутыўшы қарарда бундай бас тартыў ушын тийкар болған жағдайлар баян етиледи.
Салық тексериўи нәтийжелери бойынша қарарда өзине қарата қарар шығарылған шахс усы қарар үстинен қайсы мүддет ишинде шағым етиўге ҳақылы болса, сол мүддетте ҳәм қарар үстинен жоқары турыўшы салық уйымына шағым етиў тәртиби көрсетиледи.
Егер салық аудити процесинде салық уйымының қарары тийкарында артықша қайтарылған салық суммасы анықланған болса, салықлардың суммаларын қосып есаплаў ҳаққындағы қарарда усы сумма усы салық бойынша салық қарызы деп белгиленеди. Салық суммасы салық төлеўшиге қайтарылғанда, ол қәрежетлерди ҳақыйқатында алған күннен баслап, салық суммасы есапқа өткериўге қабыл етилген жағдайда — усы салық суммасы есапқа алыўға қабыл етилген күннен баслап усы сумма салық қарызы деп белгиленеди.
Салық аудити салық тексериўи нәтийжелери бойынша қарар қабыл етилгенинен кейин салық уйымының басшысы (басшы орынбасары) Салық кодексинде нәзерде тутылған тәртипте ҳәм шәртлерде усы қарардың орынланыўы ушын тәмийинлеў шараларын көриўге ҳақылы.
Салық аудити салық тексериўи нәтийжелери бойынша Салық кодексиниң 159-статьясында нәзерде тутылған тәртипте қабыл етилген қарар өзине қарата усы қарар қабыл етилген шахсқа (шахстың ўәкилине) берилген күннен баслап бир ай өткеннен кейин өз күшине киреди.
Салық аудити салық тексериўи нәтийжелери бойынша қарар ол қабыл етилген күннен баслап еки күн ишинде өзине қарата қарар қабыл етилген шахсқа (оның ўәкилине) қол қойдырып берилиўи яки алынған сәне ҳаққында белги қойылып басқа усылда тапсырылыўы керек.
Егер қарарды бериў яки ол алынған сәне ҳаққында белги бериўши басқа усылда тапсырыў имканы болмаса, ол юридикалық шахстың (айырым бөлиминиң) жайласқан орны яки физикалық шахстың жасаў орны бойынша почта арқалы буйыртпа хат пенен жибериледи. Қарар почта арқалы буйыртпа хат пенен жиберилгенде буйыртпа хат жиберилген күннен баслап бесинши күн ол берилген сәне деп есапланады.
Салық уйымының қарары үстинен шағым берилгенде, усы қарар Салық кодексиниң 163-статьясында нәзерде тутылған тәртипте күшке киреди.
А.НУРЛИПЕСОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы.