ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР МЕНЕН БИРГЕ ИСЛЕСИЎ КӨЛЕМИ КЕҢЕЙМЕКТЕ
Нөкис қаласындағы ҳаял-қызлар белсендилери менен тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Марьям Ахмедова, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги жәмийетлик қәўипсизлик хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығының орынбасары, ҳаял-қызлар мәселелери бөлими баслығы Турсынай Қарлыбаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, сәўбетлесиў даўамында тийкарынан ҳаял-қызларға байланыслы мәселелерде пайда болып атырған машқалалар додаланды.
Атап өтилгениндей, елимизде шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм кексе әўлад ўәкиллери менен ислесиў системасы жаңа дәрежеге алып шығылып, мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаўды және де жетилистириў, мәҳәлле кесиминде жуўапкер шахслардың жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың билим ҳәм кәсиплик көнликпелерге ийе болыўы, мүнәсип жумыс табыўына ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў, исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў, талантлы жас ҳаял-қызларды анықлаў ҳәм олардың қәбилетлерин дурыс бағдарлаў, гендер теңликти тәмийинлеў сиясатын даўам еттириў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, аўыр социаллық аўҳалға түсип қалған ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық жәрдем көрсетиў, оларды «Ҳаял-қызлар дәптери» арқалы мәнзилли қоллап-қуўатлаў, жәмийеттеги ҳаял-қызларға басым ҳәм зорлыққа қарсы қаратылған орталықты қәлиплестириў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелери усылардың қатарында.
Пайда болып атырған машқалаларды шешиўде мәҳәллелердеги исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси, мәҳәллелердеги жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, ишки ислер уйымлары таяныш пункти профилактика инспекторларының тығыз бирге ислесиўи үлкен әҳмийетке ийе. Мәҳәллелерде көбирек көзге тасланып атырған машқалалар додаланып, оларға тез шешим табыў зәрүр.
Илажда айырым шаңарақлардағы келиспеўшиликлер себепли болып атырған ажырасыў жағдайларына айрықша итибар қаратылыўы, үлгили шаңарақларды ғалаба хабар қуралларында, мәжилислерде үлги етип көрсетиў, керек болса, арнаўлы роликлер таярлаў, жынаятшылық көбейип кеткен мәҳәллелерде, пайда болған жағдайды кең түрде додалаўды шөлкемлестириў, ҳаял-қызларға басым ҳәм зорлық көрсетиўдиң алдын алыў мақсетинде үгит-нәсият ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»нде турған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў жумысларын күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда көрилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.