МЕКТЕП КИТАПХАНАЛАРЫ ЖӘНЕ 58 МЫҢ КИТАПҚА БАЙЫДЫ
Бүгин Нөкис қаласынан республикамыз районларындағы 720 дан аслам улыўма билим бериў мектеплери ушын «Китаплар кәрўаны» жолға түсти.
Илажға қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлериниң жуўапкер хызметкерлери, тийисли тараў басшылары қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Халық билимлендириў министри Р.Реймов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 29-март күнги «Улыўма билим бериў мектеплериниң китапхана фондларын әдебий китаплар менен тәмийинлеў мақсетинде оларға қаржы ажыратыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Усы қарарға муўапық, баспа ҳәм саўда мәкемелери тәрепинен усыныс етилген әдебий китаплардың оқыўшылардың жас өзгешелигине сәйкеслиги ҳәм мектеп оқыўшыларының пайдаланыўына жарамлылығы үйренип шығылып, әдебий китаплардың улыўма билим бериў мектеплери фондына бөлистирилиўи Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен ислеп шығылған бөлистириў кестеси тийкарында әмелге асырылды.
Илажда қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлеринен келген ўәкиллерге, жәми 50 атамадағы 58 мыңнан аслам китап тапсырылды ҳәм кәрўан жолға түсти.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.