Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:44:23, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ САЛАМАТЛЫҒЫ — БИЙБАҲА БАЙЛЫҚ

Ҳақыйқатында көпшилигимиз өз ўақтында итибар қарата бермейтуғын инсан денсаўлығының баҳасы жоқ. Мәмлекетимизде бул бағдарда Елбасшымыз тәрепинен инсан саламатлығын беккемлеўге, саламат турмыс тәризин жаратыўға ҳәм  халқымызға сапалы медициналық хызмет көрсетиў бо­йынша бир қанша қарарлар қабыл етилип, медицина хызметкерлерине де бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар жүклетилген.

Сондай-ақ, медицина хызметкерлери жумысы жетилистирилмекте ҳәм олардың искерлиги ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.       

Солай екен, соңғы жыллары тараўдағы алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы қай дәрежеде? Мине, усы сыяқлы кең қамтылған мәселелер дөгерегинде исленген жумысларды жәмийетшиликке таныс­тырыў мақсетинде жақында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасыўында Қанлыкөл районы медицина бирлеспесинде медиа тур шөлкемлестирилди. Медиа тур даўамында усы бирлеспениң баслығы Д.Нурымбетова бизге жолдас болып, бүгинги күнде бул жерде халыққа көрсетилип атыр­ған медициналық хызметлер ҳәм тараўдағы жетискенликлер бойынша жақыннан таныстырды. Атап өтилгениндей, район медицина бирлеспеси тарийхына тоқталсақ, 1983-жылы қурылып пайдаланыўға тапсы­рыл­ған ҳәм бирлеспе имараты 2012-2013-жыллары инвес­тиция бағдарламасына киргизилип, ири реконс­трукция жумыслары исленип, заманагөй медициналық аппаратуралар, әспаб-үскенелер, қатты ҳәм жумсақ инвентарлар менен тәмийинленген. Бүгинги күнде бирлеспеге қараслы 136 орынға мөл­шерленген емлеўхана, 1 көп тармақлы поликлиника, 4 шаңарақ поликлиникасы ҳәм «Жайҳун» шыпакерлик пункти халқымыз хызметинде. Ҳәзирги ўақытта район аймағында жәми 52401 халық аўызбиршиликли түрде жасап келмекте. Дәслеп, көп тармақлы поликлиникада ересек жастағылар ушын шөлкемлестирилген  күн­диз­ги стационар ханасында болып, ол жерде емленип атырған наўқаслар менен сәўбетлестик. Буннан соң, күндизги стационар шараяттағы балалар ханасында болдық.

— Мен район ора­йында жасайман. 1 жасар қызымның ыссылығы көтерилип көриниўге келдим ҳәм дәрҳал қызыма тийисли медициналық жәрдемлер берилди. Ҳәзир қызымның жағдайы жақсы, иштейи ашылып, денсаўлығы жақсыланып атыр,-дейди жас ана З.Шәмшетова.  Қәнигениң айтыўынша, бул жерде жеңил түрдеги аўырған наў­қаслар азанғы 8.00ден  кешки 20.00ге шекемги аралықта шыпакер бақлаўында болып, өз ўақтында дәрилерин салдырып үйине қайтады. Сондай-ақ, барлық түрдеги аўырып келген наўқасларға бирлемши жәрдем көрсетилип,  оның денсаўлығын тиклеўи ушын 124 түрдеги дәрилер мәмлекетимиз тәрепинен бийпул берилмекте. Биз «Онконазорат» ханасында болып жумыслары менен таныстық.

— Бул хананы шөлкемлестириўден мақсет — 35-55 жас аралығындағы ҳаял-қызлар арасында ушырасатуғын жатыр мойны раги кеселлигиниң алдын алыў болып табылады. Бунда арнаўлы заманагөй аппаратуралар жәрдеминде анализ алынып, кеселлик белгилери бар яки жоқлығы анықланады. Бул аппаратуралар республикамызда 8 районға берилген болса, бизиң районымызға да берилиўи ҳаял-қызлардың денсаўлығының жақсыланыўына күшли жәрдеми тийди, деп айта аламыз. Ра­йон бойынша 3500 ҳаялларымыз  тексериўден өткерилип, солардың ишинде 263 ҳаялда (ВПЧ) унамлы шықты ҳәм олар шыпакер бақлаўына алынды. Ал, 38и онкология диспансерине жиберилип даўаланбақта. Тек ғана бир ҳаялда жатыр мойны раги ерте басқышында анықланды ҳәм емленип атыр. Әлбетте, бул тексериўлер шаңарағымыз уйтқысы болған ҳаялларымыздың организминде болып атырған өзгерислерди тез анықлап, кеселликтиң ҳәўиж алып кетиўиниң алдын алыўға, шаңарақ тынышлығын, олардың денсаўлығын беккемлеўге хызмет етпекте, - дейди районлық медицина бирлеспесиниң «Аналықты ҳәм балалықты қорғаў» бойынша орынбасары Д.Бекбергенова.

Буннан соң, Қан қуйыў бөлиминде болып, ол жерде қанды сақлаў, наўқас­ларға керекли қанлардың жетип келгенге шекемги бас­қышы ҳәм сақланыўы бойынша бөлим шыпакери Ж.Нурымбетова түсиник берди. Сондай-ақ, районлық медицина бирлеспесиндеги эпилепсия (тутқанақ) кеселлигин ерте анықлаў мақсетинде 2017-жылы алып келинген «ЭЕГ» ҳәм «ЕХО» аппаратларының хызмети бойынша балалар невропотолог шыпакери М.Нәжимова таныстырды. Оның айтыўынша, бүгинги күнде халықтың узаққа бармай-ақ, усы жерге келип кеселлик бар яки жоқлығын анықлаў мүмкиншилиги туўылды. Соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»нда аймақларда бирлемши медицина хызметин «бир қәдем» принципи тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе шөлкемлестириў, көрсетилип атырған медициналық хызметти халыққа еле де жақынластырыў, сапасын арттырыў ҳәм қолайластырыў мақсетинде алыс аўылларда медпунктлер шөлкемлестириў ушын 2 контейнер, сондай-ақ, ра­йон ҳәкиминиң усынысы менен қосымша 8 контейнерлер менен тәмийинленип, ҳәзирги күнде халқымызға сапалы медициналық хызмет көрсетип келмекте.

Бүгинги өткерилген медиа тур усының менен жуўмақланыўы мүмкин, бирақ, халық денсаўлығын беккемлеўдей ийгиликли ҳәм жуўапкершилиги басым болған кең көлемли ислер өз мәнзиллеринде даўам ете беретуғынлығына исенемиз.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF