Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:14:37, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ РЕФОРМАЛАР — САЙЛАЎШЫЛАРДЫҢ ҚӘЛЕЎИ, ЗАМАН ТАЛАБЫ

Мәмлекетимиз парламентиниң турмысында өткен айда, конституциялық —ҳуқықый тийкарлардың турақлы раўажланыўы ҳәм беккемлениўи,  Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарларын қәлиплестириўге қаратылған кең көлемли ҳәм күшли демократиялық реформалар ушын зәрүрли болған ўақыяларға бай болды.

Атап айтқанда,  16-май күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының фракциялари — ӨзЛиДеП ҳәм «Миллий тикланиш» ДПның арнаўлы мәжилислери,  17-май күни — олардың мәмлекетимизде конституциялық реформаларды әмелге асырыў ҳәм бул мәселени Олий Мажлис палаталары Кеңеслериниң талқылаўына киргизиўге арналған қоспа жыйналысы, сондай-ақ, 20-май күни Сенат ҳәм Нызамшылық палатасы Кеңеслериниң қоспа жыйналысы болып өтти. Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды қәлиплес­тириў ҳәм шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша Конституциялық комиссия шөлкемлестирилип,  оның қурамы ҳәм ўазыйпалары белгиленди. Усы Конс­титуциялық комиссия қурамына барлық аймақлардан депутатлар,  сенаторлар,  жәмийеттиң түрли қатламлары,  пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери,  юрист­лер,  сиясатшылар ҳәм басқа да экспертлер (жәми 46) киргизилди.

Ал,  парламентимиздиң бундай шешимге келиўине себеп не ҳәм ол не менен байланыслы! Конституциялық реформа неге керек,  оның негизги,  түпкиликли идея­сы неден ибарат! Комиссия искерлиги қандай жол менен ҳәм қайсы принциплер тийкарында шөлкемлестириледи! — Булар,  усы тема бойынша глобал ҳәм социаллық тармақларда берилип атырған сораўлар дизиминиң  тек ғана киши бир бөлеги .

Конституциялық реформа — халықтың кең қатламлары  ҳәм сайлаўшылардың қәлеўи.

Алды менен,  Өзбекстанда конститу­циялық реформаның бас идеялық илҳамландырыўшысы,  ҳешбир гүмансыз,  Президентимиз Ш. М. Мирзиёев,  тийкарғы басламашылары болса — мәмлекетимиз халқының кең қатламлары екенлигин айтып өтемиз.

Бириншиден,  2021-жылдың октябрь айын­да Өзбекстан Президентиниң сайлаўлары процесинде,  барлық талабанлардың электорат ўәкиллери менен ушырасыўлар ўақтында турмыслық талаптан келип шыққан ҳәм мәмлекетимиздеги демократиялық реформалардың логикалық даўамы болған зәрүрли усыныс алға сүрилди. Бул — конс­титуциялық реформаны әмелге асырыў.

Атап айтқанда,  Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўди көрип шығыў бойынша биринши усыныс Президентликке ӨзЛиДеП талабаны Ш.М.Мирзиёевтиң сайлаўшылар менен Қарақалпақстанның Бозатаў районында болып өткен ушырасыўы ўақтында қойылған еди. Тек ғана аймақлық емес,  бәлки жәҳән көлеминдеги экологиялық апат — Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы  болған жағдайда, әмелдеги Конституцияда өз сәўлелениўин таппаған, инсанның экологиялық ҳуқықлары, елимиз халқының жасап атырған ҳәм келешек әўладларының қолайлы ҳәм таза қоршаған-орталыққа болған ҳуқықларын мәмлекеттиң Бас нызамында сәўлелендириўдиң зәрүрлиги ҳәм турмыслық әҳмийети айтып өтилди.

Алдағы ўақытларда, оның аймақлардағы сайлаўшылар менен және 7 ўәлаятта болып өткен ушырасыўларында жеке мүлк қорғалыўына тийисли конституциялық — ҳуқықый тийкарларды және де беккемлеў басламалары,  сондай-ақ,  Жер ҳәм жер асты байлықларына болған ҳуқық,  инсан қәдир-қымбаты,  ҳуқықлары,  еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери,  мәмлекетте миллетлераралық татыўлықты күшейтиў,  миллий демокра­тиялық институт — мәҳәллениң орны ҳәм мәртебесин арттырыў,  келешек әўладларға шекем дәстүрий инсаный қәдириятларды сақлап — абайлаған ҳалда жеткериў, шаңарақ инс­титутының әҳмийети,  мәмлекетлик жаслар ҳәм гендер сиясатын, инновациялық экономика ҳәм «билимлер экономикасы»н раўажландырыў, экономика және социаллық тараўда инвестициялар көлемин кеңейтиў сыяқлы басламалар алға  сүрилди.

Ең әҳмийетлиси - барлық келтирилген мәселелер сайлаўшылар,  атап айтқанда,  оқытыўшылар,  исбилерменлер,  фермерлер,  пуқаралық жәмийети институтларының ҳәм миллий-мәдений орайларының ўәкиллери — мәмлекеттиң әпиўайы халқы тәрепинен көтерилди. Өз гезегинде,  бул,  бир тәрептен — Журтбасшымыздың Жаңа Өзбекстан стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалар сиясаты кең қоллап — қуўатланып атырғанынан дерек берсе,  екинши тәрептен — сайлаўшылар олардың нәтийжесинен,  оларды және де тереңлестириў ҳәм Сайлаў алды бағдарламада белгиленген мақсетлерге ерисиўден мәпдарлығын көрсетеди.

Төмендеги партия талабанларының ушырасыўлары ўақтында да: 

- «Миллий тикланиш» ДП — мәмлекетимиздиң конституциялық теңлигин белгилеў,  миллий дәстүр ҳәм қәдириятларды беккемлеў ҳәм қорғаў бойынша;

- «Әдалат» СДП — суд ҳәкимиятының ғәрезсизлиги,  нызамлар ҳәм суд қарарларының әдиллиги,  Конституция ҳәм нызамлар,  инсан ҳуқықлары үстинлиги,  коррупцияға қарсы гүресиўдиң конституциялық тийкарларын беккемлеўге қаратылған;

- ӨзХДП — халықтың жәрдемге мүтәж қатламларының,  әсиресе,  майыплығы бар шахслардың конституциялық ҳәм социаллық қорғалыўын кеңейтиў,  социаллық бағдарға ийе мәмлекет қурыў бойынша;

- Экологиялық партия — мәмлекетте жасыл экономикаға өтиў, экологиялық қолайсыз аймақларда жағдайды жақсылаў бойынша усыныслар билдирди.

Айрықша атап өтиў керек, булардың бәршеси сайлаўлар ҳәм президентликке талабанлар менен ушырасыўлар ўақтында сайлаўшылар тәрепинен билдирилген пикир,  усыныс ҳәм қәлеўлер болып табылады.

Екиншиден,  сайлаўшылардың қәлеўлерин тереңнен үйренген ҳалда,  Өзбекстан Президенти Ш.М.Мирзиёев конституциялық реформалар зәрүрлигине үлкен итибар қаратты:

- өткен жылдың 6-ноябрь күни өзиниң Инаугурация баянаты ўақтында, Президент академиялық билимлендириў ҳәм экспертлер кеңеси алдында конституциялық раўажланыўда миллий ҳәм шет ел тәжирийбесин үйрениў ўазыйпасын қойды,  депутат ҳәм сенаторларға бул мәселеге итибарлы қарап, оны үйрениў ҳәм анық усынысларды ислеп шығыўды тапсырды;

— Өзбекстан Республикасы Конс­титуциясының қабыл етилгениниң 29-жыллығы мүнәсибети менен жолланған қутлықлаўда ол сайлаўшылардың қәлеўи ҳәм тилеклерине,  жедел пәтке ийе демокра­тиялық өзгерислердиң мүтәжликлерине тийкарланған конституциялық реформаның үстин туратуғын бағдарларын белгиледи.

Буннан басқа,  Президент Ш.М.Мирзиёев өзиниң биринши «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» фундаментал авторлық монографиясының екинши рет қайта көрип шығылған ҳәм толты­рыл­ған басылымына,  конституциялық реформаның зәрүрлигине бағышланған ҳәм сайлаўалды кампания процесинде берилген барлық усынысларды улыўмаластырыўға тийкарланған пүтин бөлимди киргизди. Китапта Өзбекстандағы конституциялық реформаның тийкарғы үстинликке ийе  бағдарлары белгиленген.

Үшиншиден,  сиясий партиялар,  дәслеп,  ӨзЛиДеП ҳәм «Миллий тикланиш» ДП күтилип атыр­ған конституциялық реформаларға салыстырғанда өз электоратының тилеклерин терең үйрениўди шөл­кемлестирди. Бул еки партияның   1, 5 млн.нан артық ағзалары,  Конс­титуцияның модернизациясын қоллап-қуўатлап ғана қоймастан, оның,  халық тәрепинен қоллап-қуўатланған Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы мақсетлерине ерисиўдиң, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәдений — гуманитар турмысындағы барлық салаларды және де тез ҳәм жедел реформалаў ушын зәрүр ҳуқықый тийкарларды жаратыўдың әҳмийетли шәрти сыпатында зәрүр екенлигин көрсетти.

Конституциялық рефор­ма­лар: дүньядағы заманагөй тенденциялар

Бүгинги күнде, «дүньяның конс­титуциялық картасында» 500ден артық әмелдеги Конституция болып, олардан 200ге жақыны — ғәрезсиз мәмлекетлер,  300ден асламы — федерациялар субъектлерине ти­йисли. Соның менен бирге,  Шумер патшасы Ур-Наммудың Нызамлар топламы дүньяның ең әййемги жазба Конституциясы деп есапланады — ылайдан исленген ыдысларының жасы 4 мың жылдан асқан. Бунда Конституция — ҳаққында емес, бәлки — ҳәре­кетлердиң,  турақлы раўажланыўдың бағдарламасы болып табылады. Дүзетиў,  өзгерис киргизиў мүмкиншилиги барлық конституциялардың фундаментал өзгешелиги болып табылады. Жәмийет тарийхый раўажланыўының түрли бас­қышларында бирдей хызмет ететуғын конституциялық текстти бирден ҳәм мәңги жаратып қойыўдың илажы жоқ.

Солай етип,  ХХ әсирдиң ақырғы он жыллығы ҳәм ХХI әсирдиң басы дүнья юриспруденциясы тарийхына жәҳән жәмийетшилиги ўәкиллериниң конституциялық басқарыў принципинде конституциялық реформалардың жаңа сапалы басқышына шығыўы,  конституциялық көзқараста сапа тәрепинен терең өзгерислер дәўири сыпатында киреди. Атап айтқанда,  соңғы 30 жыл ишинде дүньяның 100ден артық мәмлекетинде конституциялық реформалар әмелге асырылды, 57 мәмлекетте жаңа конституциялар қабылланды. Итибарлысы,  конституцияға ең көп өзгерис ҳәм қосымшалар киргизген мәмлекетлер онлығында Мексика, Жаңа Зеландия,  Бразилия, Швейцария, Австрия,  Израил, Цхили, Колумбия, Грузия ҳәм Индия мәмлекетлери бар. Бунда конституциялық реформалардың көпшилиги мәмлекет ҳәм жәмийетти модернизациялаў яки сиясий,  экономикалық ямаса социаллық кризислерге жол қоймаў, оның ақыбетлерин сапластырыў шеңберинде әмелге асырылып атыр.

Бүгинги күнде дүньяда дәслепки редакциядағы конституциялар дерлик қалмаған. Ҳәзирги күнде ең әййемги есапланған конституция­ларға да — АҚШта 27 түпкиликли өзгерислер,  Норвегияда — 200 ден артық (бунда Бас нызам статьяларының шама менен 1/3 бөлеги өзиниң дәслепки көринисинде қалған ),  Голландияда — 24 рет (бирақ,  1983-жылда оның тексти пуқталық пенен модернизацияланыўы нәтийжесинде,  ондағы дерлик барлық статья­лар өзгерген) өзгерис киргизилген.

Заманагөй глобалласыў дәўиринде дүнья мәмлекетлери тез пәт пенен   конституциялық раўажланыўдың өз моделин излемекте. Соның менен бирге, Конституция мәмлекеттиң сиясий ҳәм социаллық турақлылығын тәмийинлеўдиң тий­карғы факторларынан бири болып қалмақта. Бунда конституциялық принциплер төмендегилерди нәзерде тутады:

бириншиден,  инсанның тийкар­ғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин кеңейтиў (Шахс Конституциясы);

екиншиден,  «жәмийет ҳуқық­лары»,  «улыўма жәмийетлик ҳуқық­лар»дың қорғалыўын беккемлеў,  яғный пуқаралық жәмийети институтларын муўапықластырыў,  социаллық шериклик ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырыў (Жәми­йет Конституциясы); 

үшиншиден,  мәмлекет ҳәки­мияты ҳәм басқарыў уйымлары сис­темасын шөлкемлестириў;  тиккелей демократия формалары менен сәйкес болған ўәкиллик демокра­тиясын (сайлаўлар,  референдумлар,  улыўмахалықлық додалаўлар) жетилистириў;  ҳүкимет ўәкилликлерин бөлиў,  сондай-ақ,  нызамшылық ҳәм атқарыў ҳәкимияты арасындағы өз-ара қадағалаў ҳәм тең салмақлылықты сақлаў сондай-ақ,  суд органлары ғәрезсизлиги принципин қоллаў;  лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин және де асырыў (Мәмлекет Конституциясы).

Конституциялық реформа ҳәзирги күн ҳәм келешектиң турақлы раўажланыўына зәрүр юридикалық орталық болып табылады. Атап айт­қанда,  ол ҳәкимият тармақлары арасында өз-ара қадағалаў ҳәм тең салмақлылықты сақлаў системасын беккемлеўге,  есап бериў, ашықлық,  қатнасыў ҳәм келешекти көре билиўди амелге асырыўға көмеклесиўши конституциялық «қағыйдалар»ды өзгертиў жолы менен, «нәтийжели басқарыўдың» турмыслық әҳми­йетке ийе инструменти болыўы мүмкин. Басқарыўдың сапасы ҳәм нәтийжелилигин асырыўға қаратыл­ған өзгерислер сиясий система турақлылығына мүмкиншилик береди, бул болса өз гезегинде,  экономика ушын пайдалы болып,  инвестиция ҳәм раўажланыў ушын турақлылық жаратады.

Дүньядағы конституциялық өзгерислерди үйрениўдиң өзине тән тәрепи — мәмлекет Бас нызамын заман талапларына сәйкеслендириў,  оның пайда болып атырған үндеўлерге жуўап бериў қәбилетин асырыў кереклигин пайда етпекте.

Дүньяда заманагөй конститу­циялық раўажланыўдың үстин туратуғын тенденциялары төмендегилерге жәмленбекте:

- конституциялық реформалардың системалылығы. Олар сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм гуманитар тараўлар,  соның менен бирге, конституциялық реформалар менен модернизация процесслериниң өз-ара байланыслылығы ҳәм шәртлилиги; 

- конституциялық тәртипке салыўдың кеңейиўи,  мәмлекет ҳәкимияты механизмин реформалаў ҳәм басқарыў формасын өзгертиў;

- конституциялық көлем тараўын раўажландырыў,  ҳуқықый суверенитетти беккемлеў ҳәм мәмлекет конституциялық өзине тәнлигин белгилеў;

- инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң суд тәрепинен қорғалыўын асырыў,  конституциялық әдил судлаў ўәкиллигин кеңейтиў,  пуқараларға Конституциялық судқа тиккелей мүрәжат етиў ҳуқықын бериў;

- конституциялық ҳуқық дөретиўшилигиниң глобалласыўы, дүнья мәмлекетлериниң конституцияларында халықаралық ҳуқық­тың улыўмалық тән алынған принцип ҳәм нормаларын сәўлелендириў;

- мәмлекет ҳәм жәмийеттиң конс­титуциялық раўажланыўын экологияластырыў,  сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў принципин әмелге асырыў;

- санлы ҳуқықларды беккемлеў ҳәм раўажландырыў,  информация жәмийетин институтластырыў,  киберқәўипсизликти ҳуқықый тәрептен тәртипке салыў.

Өзбекстан:  конституциялық реформа жолында

Өзбекстан конституциялық реформаларды әмелге асырыўда үлкен тәжирийбеге ийе. Атап айтқанда,  Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде Конституцияның 21-статьясына 32 өзгерис ҳәм 7 мәрте қосымша киргизилген. Сондай-ақ, олар Парламент,  Президент ҳәм ҳүкимет искерлигине,  суд ҳәкимия­тының ғәрезсизлиги ҳәм раўажланыўына, ҳәкимият тараўлары арасында өз-ара қадағалаў ҳәм тең салмақлылықты сақлаў системасына, сайлаў системасын демократияластырыў ҳәм мәҳәллеге тийисли болған.

Конституциялық дүзим,  сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық тараўларды түп-тийкарынан раўажландырыў,  Жаңа Өзбекстанды қурыў, еркин ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўге қаратылған өз-ара байланыслы ҳәм өз-ара шәртленген демократиялық сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм ҳуқықый терең реформаларды конституциялық жақтан тәмийинлеўге айрықша итибар берилген.

Соның менен бирге,  глобалласыў,  санластырыў,  ықлым өзгериўи дәўири ҳәм жеделлик пенен өзгерип баратырған турмыслық ҳақыйқатлық мәмлекетти және де модернизациялаў,  тынышлық,  турақлылық ҳәм миллий ғәрезсизликти беккемлеў бойынша оғада әҳмийетли болған жаңа,  кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларды қойып атыр. Нәтийжеде,  Өзбекстанның конституциялық раўажланыўы пүткил дүнья жүзилик Конституциялық реформалар жолынан бармақта.

Конституциялық реформалардың үстин туратуғын бағдарлары

Атап өтиў керек,  Ш.М.Мирзиёев­тиң «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» фундаментал китабында демокра­тиялық реформаларды жаңа сыпатлы басқышқа алып шығыўшы еле де әҳмийетли ўазыйпалар қойылған. Олар нызамшылық ҳәм ҳуқықты аңлаў ҳәм қолланыў системасын, жәмийеттиң сиясий-ҳуқықый санасына улыўма инсаныйлық қәди­риятлар ҳәм турақлы раўажланыў принциплерине қарай бағдарлайды. Жаңа Өзбекстанға муўапық келетуғын жаңа конституциялық принцип ҳәм нормаларды белгилеў нәзерде тутылған.

Ең алды менен,  бул «Инсан қәдири ушын»  деген үстин принциптиң турмыс ушын қолланылыўына тийисли болып табылады. Бунда инсан қәдири — мәмлекеттиң ҳәр бир пуқарасы ушын тыныш ҳәм қәўипсиз турмысты,  фундаментал ҳуқық ҳәм еркинликлердиң тәми­йинлениўин,  мүнәсип турмыс шараятын ҳәм заманагөй инфрадүзилмениң басқышпа-басқыш жаратылыўын,  жетик медициналық хызмет,  сапалы билимлендириў,  күшли социаллық қорғаў ҳәм саламат экологиялық орталықтың тәмийинлениўин аңлатады.

Конституциялық реформалардың төмендеги үстинликке ийе бағдарлары белгиленген:

бириншиден,  алдын әмел еткен «мәмлекет — жәмийет — инсан» парадигмасын жаңа «инсан — жәми­йет - мәмлекет» парадигмасына өзгертип,  конституциялық нызамшылық ҳәм конституциялық әмелиятта беккемлеў;

екиншиден,  экономикалық реформалар процесинде инсан мәплерин тәмийинлеў. Бул халықшыл мәмлекетти қурыўдың ең зәрүрли шәрти болып табылады;

үшиншиден,  пуқаралық жәми­йети институтларының орны ҳәм статусын, «Жәмийет — реформалар басламашысы» принципин конституциялық беккемлеў;

төртиншиден,  шаңарақ институтын раўажландырыў,  келешек әўладларға дәстүрий инсаный қәдириятларды абайлап сақлаған ҳалда жеткизиў,  мәмлекетте миллетлераралық татыўлықты беккемлеўдиң конституциялық тийкарларын белгилеў;

бесиншиден, Конституцияда мәмлекет жаслар сиясатын,  Жаңа Өзбекстан жаратыўшылары — жаслардың  ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланыўын,  олардың ҳуқықы,  мәплери ҳәм миннетлемелерин сәўлелендириў;

алтыншыдан,  ҳәзирги күнде Өзбекстан социаллық мәмлекет ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қурыўға қарай жедел баратырғанын есапқа алған ҳалда,  «Жаңа Өзбекстан — социаллық мәмлекет» принципин конституциялық норма ретинде беккемлеў;

жетиншиден,  инсан ҳуқықларын қорғаў системасы нәтийжелилигин асырыў,  балалар мийнетине жол қоймаў,  майыплығы бар шахс­лар ҳәм кексе әўлад ўәкиллери ҳуқықларының исенимли қорғалыўын тәмийинлеў;

сегизиншиден, Конституцияға арнаўлы экологиялық қағыйдалар, глобал ықлым өзгериўине тийисли ҳуқықый нормаларды киргизиў;

тоғызыншыдан,  балалар бақшалары,  мектеплер,  үшинши Ренессанс тийкарларының өз-ара байланыслы тәреплери болған жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўларын раўажландырыў мәселелерин конституциялық дәрежеде беккемлеў.

Президентимиз «атақлы мәмлекет ҳәм сиясат ғайраткери Уинстон Черчилльдиң «Жақсы болыў ушын — өзгериў керек,  жақсылардың жақсысы болыў ушын болса еле де көбирек өзгериў керек» деген сөзлеринде,  ойлайман,  терең турмыслық мазмун сәўлеленген», - деп атап өтти.

Ҳақыйқаттан да, тез пәт пенен өзгерип атырған заман,  заманагөй талапларға жуўап беретуғын Конс­титуцияға ийе болыў ушын өзине тән ис-ҳәрекетлер ҳәм өзгерислерди талап етеди.

Конституциялық комиссия: тийкарғы ўазыйпалары ҳәм принциплери

Олий Мажлис палаталары Кеңеслери тәрепинен Конституциялық комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

- усынысларды топлаў,  улыўмаластырыў,  қәлиплестириў тийкарында «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» Нызам жойбарын ислеп шығыў;

- мәмлекетлик уйымлар,  мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслардан ҳүжжетлер, экс­пертлик ҳәм ҳәр түрли жуўмақлар,  статистикалық мағлыўматлар ҳәм басқа мағлыўматларды сорап алыў;

- илимий-изертлеў мәкемелери, алымлар, экспертлер ҳәм қәнигелердиң Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усынысларын,  соның менен бирге,  эксперт­лер жуўмақларын алыў;

- Конституциялық комиссияның жумысына мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер ўәкиллерин экспертлер сыпатында тартыў;

- зәрүрлик пайда болғанда,  мәпдар мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес уйымларға орнатылған тәртипте көрип шығыў ушын инәм етилген усынысларға тийкарланып,  басқа нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

- конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлер бузылыўы ҳаққында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларды ти­йисли мәкемелерге көрип шығыў ушын жибериў.

Конституциялық комиссия жумысының ең әҳмийетли принциплеры төмендегилерден ибарат:

бириншиден, искерликтиң ашықлығы-айдынлығы. Бунда конс­титуциялық реформалардың ең зәрүрли ўазыйпаларын жәмийетте ашық,  сондай-ақ халықаралық экс­пертлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери қатнасыўында талқылаў ушын барлық мүмкиншиликлер тәмийинленеди.

Бунда Конституциялық комиссия Баспасөз хызметиниң искерлиги айрықша орын ийелейди,  атап айтқанда,  ол қарапайым пуқара ушын әпиўайы ҳәм түсиникли тилде конституциялық реформалардың,  конституциялық новеллалардың (жаңалықлардың) зәрүрлиги,  үстинликлери ҳәм тийкарғы бағдарларын жеткизиўди тәмийинлейди. Буннан тысқары,  алдын еки мәрте өткерилген,  күтилип атырған конс­титуциялық реформалардың түрли тәреплерине бағышланған халық­аралық конференциялардың унамлы тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, илимий конституциялық форумларды шөлкемлестириўди даўам етеди. Булардың барлығы Жаңа Өзбекстанның өз пуқаралары ушын да,  халық аралық жәмийетшилик ушын да ашықлығынан дерек береди;

екиншиден,  коллегиялық. Конс­титуциялық комиссияның барлық ағзалары қарар қабыллаўда бир даўысқа ҳәм тең ҳуқықларға ийе екенлиги буған кепил  бола алады;

үшиншиден,  Президенттиң «Халық - Нызам дөретиўшиси» идея­сын әмелге асырыў,  Конституциялық комиссия искерлигинде пуқаралық жәмийети институтлары,  академиялық,  изертлеў ҳәм анализ орайларының кең көлемде қатнасыўын тәмийинлеў.

Атап айтқанда,  Өзбекстан Республикасының Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайы,  «Турақлы раўажланыў орайы» мәмлекетлик емес шөлкем ҳәм Өзбекстан Илимлер академиясы жанындағы Мәмлекет ҳәм ҳуқық институты тәрепинен «Конституциялық реформалар:  дүнья мәмлекетлериниң тәжирийбеси» темасында илимий изертлеўлер алып барылмақта. Бул изертлеўлер, шет ел ҳәм халық­аралық конституциялық раўажланыўын итибарға алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен белгиленген ўазыйпалардың атқарылыўын тәмийинлеў ушын әмелге асырылып атыр.

Улыўма алғанда,  конституциялық реформалар халық пәраўанлығы ҳәм мәмлекет раўажланыўын еле де көтериўге,  оның экономикалық қүдиретин ҳәм дүньядағы бәсекиге шыдамлылығын беккемлеўге қаратылған ўазыйпаларды әмелге асырыўға хызмет етиўи сөзсиз.

А.Саидов,

Конституцияға өзгерислер киргизиў бойынша  усынысларды
қәлиплестириў ҳәм шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша
  Конс­титуциялық комиссия Баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF