КЕЛЕШЕККЕ БАҒДАРЛАЎШЫ КИТАП ТАНЫСТЫРЫЛДЫ
Елимизде руўхый-ағартыўшылық жумысларын системалы түрде шөлкемлестириў, оған байланыслы әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, халық, әсиресе, жаслардың интеллектуаллық потенциалы ҳәм дүньяға көзқарасын жақсылаў, идеологиялық иммунитетин беккемлеў, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал әўладты тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылып атыр.
Бүгин журтымыздың ҳәр бир саласында дүньяның ең алдынғы мәмлекетлери қатарынан орын ийелеў, тыныш ҳәм абадан келешек тийкарын беккемлеў мақсетинде жедел реформалар әмелге асырылмақта, жаңаланыў, раўажланыўлар даўам етпекте. Сонлықтан да, бул процесслерди кең халық қатламына жеткериў, жаслар санасына сиңдириў, руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған үгит-нәсият жумысларын кеңейтиў, жетилистириў зәрүрлиги пайда болмақта.
Жақында Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан Раўажланыў стратегиясы» китабы қарақалпақ тилинде баспадан шықты. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының мәжилислер залында Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте усы китапты кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде презентация өткерилди.
Илажды Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов ашып берди.
Буннан соң Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы К.Реймов «Пуқаралардың мәлимлеме алыў еркинлиги, жәмийет раўажланыўының әҳмийетли негизи» темасында шығып сөйледи. Баянатшы өз сөзинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери алдындағы ўазыйпалар ҳаққында кең түрде тоқтады. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Р.Отарбаев «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы жумыслар ҳаққында сөз етти. Бердақ атындағы ҚМУдың «Миллий идея мәнаўият тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының оқытыўшысы Г.Алимбетова «Жаңа Өзбекстан Раўажланыў стратегиясы» китабының мазмун-мағанасы туўралы илаж қатнасыўшыларына кең түрде түсиник берди. Бердақ атындағы ҚМУдың Тарийх факультетиниң оқытыўшысы А.Оразбаев бул қунлы мийнеттиң социаллық-реаллық ҳәм алдағы ўазыйпалары ҳаққында баянат жасады. Сондай-ақ, «Дослық» ордениниң ийеси, шайыр Г.Дәўлетова шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислер туўралы унамлы пикирлерин билдирди. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары Ә.Өтепбергенов ҳәм Ә.Қайыповлар шығып сөйлеп, жасларды ўатансүйиўшиликке тәрбиялаў, миллий қәдириятларды келешек әўлад санасына сиңдириў лазымлығын атап өтти.
Илажда шығып сөйлеген баянатшылар Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймов ҳәм «Қарақалпақстан» баспасының бас редакторы Г.Пирназарова тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарма исленген бул китапта бүгинги күни елимизде Жаңа Өзбекстанды ҳәм Үшинши Ренессанс иргесин қалаў бойынша әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер, жаңаланыўлар ҳәм реформалардың мақсети, мазмун-мәниси, бағдарлары, елимиздиң заманагөй демократиялық көриниси қалай жаратылып атырғаны, Өзбекстанды жаңа раўажланыў басқышына көтериў ушын белгилеп алынған стратегиялық жол, миллий раўажланыўымыздың келешеги туўралы сөз ететуғын қунлы қолланба екенлигине айрықша итибар қаратты.
Илаж пикир алысыўлар, сораў-жуўаплар тәризинде қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.
Қ.РЕЙМОВ,
өз хабаршымыз.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.