Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:39:33, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАРЫСЛАРҒА СТАРТ БЕРИЛДИ

Мойнақ районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген «Ралли Мойнақ — 2022» жарысларына старт берилди.

Жарыстың ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Орайлық Кеңесиниң баслығы Х.Ботиров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Мойнақ районының ҳәкими Б.Меңлибеков шығып сөйлеп, жыйналғанларды жарыстың ашылыўы менен қутлықлады ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

«Ралли Мойнақ – 2021» автомобильлер жарысына старт берилди

Атап өтилгениндей, жарысты өткериўден тийкарғы мақсет — аймақта туризмди раўажландырыў ҳәм туристлердиң ағымын көбейтиў, спорт ҳәм фестивальлар туризмин раўажландырыў, сондай-ақ, жас әўладты техникалық ҳәм әмелий спорт түрлерине тартыўдан ибарат. Соның менен бирге, раллиди шөлкемлестириў арқалы районда туризм тараўында жумыс алып барыўшы кәрханаларды  ҳәм хызмет көрсетиў тараўын қоллап-қуўатлаў болып табылады.

«Ралли Мойнақ — 2022» жарысларына Ташкент қаласынан, барлық ўәлаятлардан ҳәм республикамыздың қала ҳәм районларынан 132 автомото шеберлери қатнаспақта. Олар двигатель көлеми 1600 см3 ге шекемги «А-8» автомобиль класы, двигатель көлеми 2000 см3 ге шекемги «А-9» автомобиль класы, двигатель көлеми 2000 см3 ге шекемги «Багги», двигатель көлеми 125 см3 ге ҳәм 500 см3 ге шекемги мотоцикллер жөнелислеринде күш сынаспақта.

— Жарыста екинши мәрте қатнасып атырмыз,-дейди «Ватанпарвар» шөлкеми Самарқанд ўәлаяты Кеңесиниң ўәкили Феруз Жумаев. — Өткен жылы Баггилер жарысында қатнасып, екинши орынды ийеледик. Быйылғы жылы басқа жөнелисте қатнасып, буннан да жоқары орынды алыўға ҳәрекет етемиз.

Шөлкемлестириўшилердиң атап өткениндей, «А-8» ҳәм «А-9» автомобиль класс­лары бойынша жарысларда спортшылар Мойнақ ра­йоны орайы — Арал теңизиниң ҳәзирги жағысына шекемги 415 километр аралықтағы трассаны басып өтеди. Мотоцикл ҳәм багги жөнелислериндеги жарыслар район орайының өзинде кросс көринисинде шөл­кемлестириледи.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF