ПРЕЗИДЕНТ МЕКТЕБИНДЕГИ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР
Жақында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин ҳәм блогерлерди Нөкис қаласындағы Президент мектеби менен жақыннан таныстырыў мақсетинде пресс-тур шөлкемлестирилди.
Илаж қатнасыўшылары дәслеп бул жерде оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Буннан кейин Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги жанындағы Президент мектеби, қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге оқыўшыларды қабыл етиў процесине бағышланған баспаcөз әнжуманы болып өтти.
Илажда Президент мектебиниң атқарыўшы директоры Нурсулыў Балтабаева, академиялық директоры М.Л.Ирине ҳәм басқалар быйылғы оқыў жылының жуўмақлары, жаңа оқыў жылына қабыл етиў тәртиби бойынша кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, жаслардың сана-сезимин ҳәм дөретиўшилигин раўажландырыў, қәбилетли балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың ҳуқықый ҳәм мәдений билимин жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-февральдағы «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында Президент мектеплериниң жумысы, мақсет ҳәм ўазыйпалары белгилеп берилди.
Президент мектеплерине оқыўшыларды қабыл етиў жоқарыдағы қарарға муўапық Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги Cambridge International Assessment шөлкеми менен биргеликте өткерилетуғын кириў имтиханлары нәтийжелери тийкарында әмелге асырылады.
2021-2022-оқыў жылын мектеп оқыўшылары жоқары нәтийжелер менен жуўмақлаў алдында тур. Атап айтқанда, 15 питкериўши мектепте билим алыў менен бирге сырт еллердиң жетекши жоқары оқыў орынларының сынақларынан табыслы өтип, унамлы нәтийжелерге еристи. Соның менен бирге, 3 миллион 178 мың АҚШ доллары грантының жеңимпазы болды.
Олардан питкериўши Айзада Баймуратова жазғы дем алыста Оксфорд ҳәм Кембридж университетлеринде билим алыў ушын жазғы лагер грантын жеңип алды. Сондай-ақ, жәҳән рейтингинде 41-орында туратуғын Қубла Кореяның KАIST университетине толық грант тийкарында қабыл етилди.
Усы жылы Президент мектебиниң 10-класс оқыўшысы Зульфия Қтайбекова халықаралық IELTS имтиханында 8,5 балл топлап, Қарақалпақстан Республикасы бойынша тапсырылған IELTS халықаралық имтиханының нәтийжелери бойынша рекордты жаңалады. Соның ишинде, Diplomacy Education бағдарының финаллық басқышында жеңимпаз болып, Италияға бес күнлик сапар жолламасын қолға киргизди ҳәм Европаның бир қатар мәмлекетлерине саяхат етиў бахтына миясар болды.
Усы жылдың 27-28-май күнлери 7-8-класслардың оқыўшылары арасында өткерилген Әл-Хорезмий олимпиадасында Өзбекстан Республикасы басқышында 8-класс оқыўшысы Жавохир Садуллаев физика пәни бойынша биринши орынды ийеледи. Соның менен бирге, басқыш пән олимпиадасында (республикамыз көлеминде) информатика пәнинен 9-класс оқыўшылары биринши, екинши, үшинши орынларды, 10 ҳәм 11-класс оқыўшылары үшинши орынды, математика пәнинен 9-класс оқыўшылары екинши, үшинши орынларды ийелеп, мектеп рейтингин көтериўге еристи.
Атап өтилгениндей, усы жылдың 14-апрели күни Президентимиздиң «Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы қәнигелестирилген мектеплердиң тармағын кеңейтиў ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында республикамыздың ҳәр бир қала ҳәм районларында қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестириледи. Баспасөз әнжуманында Президент мектеби, қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге оқыўшыларды қабыл етиў бойынша толық мағлыўмат берилди.
Илаж қатнасыўшылары бул бағдарда өзлерин қызықтырған көплеген сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.