МЕКТЕП ҚАРЛЫҒАШЛАРЫНЫҢ ТАБЫСЫ
Әйне пайытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша 727 улыўма билимлендириў мектеби болып, 2021-2022-оқыў жылында 11-класты 20912 оқыўшы питкерип жаңа өмир босағасына қәдем таслаў алдында тур.
Олар мектеп қушағында он бир жыл даўамында устазларынан тәлим-тәрбия алып, бийғам балалығы, қайталанбас оқыўшылық дәўири менен хошласып, устазларының ҳәм ата-аналарының мийнетлерин жүзеге шығарып, үмитлерин ақлайтуғын, атқан еркин қәдеми менен өз келешеги үстинин қуратуғын сынаўлы мәўритлерге аз ўақыт қалды. Атап өтиў орынлы, бүгинги күндеги билимлендириў тараўындағы жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер жасларымыздың қәдемлерин шыйрақлатып, муғаллимлердиң талапшаңлығы нәтийжесинде олардың заман талабына сай билим алыўға, жоқары қызығыўшылық пенен ҳәрекет етиўге ийтермелеўи, кең дүнья қарасы, өткир зейни менен раўажланған еллердиң жасларынан ҳеш бири кем емеслигин ерискен жетискенликлерин көрип ҳәм еситип гүўасына айланбақтамыз. Жақында, пайтахтымыздағы 37-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларының жетискенликлери ҳаққындағы хош хабарды еситип қуўандық. Әсиресе, перзентлерин усындай зейинли, шаққан билимли етип камалға келтирген ата-аналарына ҳәм устазларына ҳәўесимиз келди. Бүгинги күнде бул дәргайда 2910 оқыўшы билим алып атырған болса, оларға тәжирийбели 170тен аслам муғаллим тәлим-тәрбия бермекте. Бул жерде оқыўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған.
Тамамланып атырған оқыў жылы жуўмағы мектеп жәмәәти ҳәм питкериўши жаслар ушын сәтли ҳәм әўметли болды. Себеби, мектептиң 11-класын 192 оқыўшы питкерип атырған болса, соннан 35и «IELTS» бағдарламасы бойынша онлайн тәризде тест имтиханларынан жоқары болған 5,5-8 балл топлап сертификатқа ийе болды ҳәм олар теңлеслери арасында бириншилерден болып мүддетинен алдын жәҳәндеги ең абырайлы жоқары оқыў орынлары студенти болыўына жолламалар келип тур. Ең үлгили ҳәм айрықша баҳалар менен 38 оқыўшы мектепти алтын медаль менен питкерди. Атап айтқанда, И.Алланазаров Ташкент Британия Менеджменти университети мәлимлеме технология (IT) факультетине, Ирода Ҳайтбаева болса менеджмент бағдары бойынша «The University of Arizona», «The University of Colarado Denver», The Colarado State University» университетлерине, Перийзат Кабулова Webster университетине (АҚШ), MDIS университети (Сингапур) ҳәм Team университетине ҳәм де Өзбекстандағы «Жаҳон иқтисодиёти ва дипломатия» университетиниң юриспруденция факультетине жоқары 189 балл топлап Президент грантын жеңип алды. Ал Казбек Жалалов «FLEX» бағдарламасы бойынша жеңип алып АҚШтағы «Country United of America Information School» мектебинде ҳәзирги күнде 11-класста оқыўын даўам еттирмекте. Әлбетте, бул жаслардың атларын келтире берсек, олар көпшилик. Айтар аўызға ғана аңсат болған бундай жетискенликлер артында оқыўшы жаслар менен бирге педагогикалық жәмәәттиң мийтиндей аўызбиршилиги, өз кәсибине болған жанкүйерлиги ҳәм машақатлы мийнетлери жемисиниң нәтийжеси деп ойлаймыз.
— Ҳақыйқатында да шәкирт жетискенлиги устаз ушын жоқары мәртебе. Биз мектебимиз жәмәәти менен шексиз қуўаныштамыз. Бунда муғаллимлеримиздиң мийнетиниң жемиси. Оқыўшыларымыздың умтылысларын қоллап-қуўатлап, олардың қәбилетлерин жүзеге шығара билди. Ата-аналардыңда үлеси мол. Перзентлериниң келешегин ойлап, олардың таңлаўын қоллап-қуўатлап имкан жаратқанлығынан миннетдармыз. Биз шәкиртлеримизден еле берин мол үмитлер күтип, елимиздиң хызметине жарайтуғын ул-қызлар болып жетилиседи деген ойдамыз ҳәм оларға исенемиз, - дейди усы мектеп директоры, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери Миртурды Досназаров.
Биз де жасларымыздың таңлаған мәнзиллери ашық ҳәм айдын болып, ийелеген билимлерин елимиздиң алға илгерилеўине жумсап, жәҳән көлеминде де журтымыз абырайын сақлап танытыўына исенемиз.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.