«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН РАЎАЖЛАНЫЎ СТРАТЕГИЯСЫ» ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНДЕ БАСПАДАН ШЫҚТЫ
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан Раўажланыў стратегиясы» шығармасы қарақалпақ тилинде жарық көрди.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде журтымызда Жаңа Өзбекстан ҳәм Үшинши Ренессанс иргесин қурыў бойынша әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер ҳәм реформалардың мақсети, мазмун-мәниси ҳәм де үстин бағдарлары, елимиздиң заманагөй демократиялық көриниси қалай жаратылып атырғаны, мәмлекетимизди жаңа раўажланыў басқышына көтериў ушын белгилеп алынған стратегиялық жол, миллий раўажланыўымыздың келешеги ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир жүргизиледи.
Бүгинги күнде халқымыз елимизде басланған жаңаланыў процесслерине үлкен исеним менен қарап атырғаны, олардың нәтийжесин тезирек көриўди қәлеп атырғаны есапқа алынып, халықшыл реформаларымыздың тығызлығы ҳәм даўамлылығын тәмийинлеў мақсетинде «Ҳәрекетлер стратегиясынан — раўажланыў стратегиясына қарай» деген принцип тийкарғы өлшем етип белгилеп алынды. Сонлықтан да, Президентимиз Ш.Мирзиёев «Китаптың толықтырылған екинши басылымының мәнис-мазмунынан келип шығып, оны «Жаңа Өзбекстан Раўажланыў стратегиясы» деп атаўға қарар еткен ҳәм халқымыз тәрепинен ортаға қойылып атырған басламалар ҳәм де реформаларымыздың логикасын талап етип атырған мақсет ҳәм ўазыйпаларды инабатқа алған ҳалда раўажланыў стратегиямызды жети бағдардан ибарат етип белгиледик» деп атап өтеди.
Китапта 202l-жылдың 24-октябринде болып өткен Президент сайлаўында халқымыз белсене қатнасып, өзиниң жоқары сиясий-ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын көрсеткенлиги айрықша атап өтиледи. Сайлаў нәтийжелери елимиздиң ғәрезсиз, суверен раўажланыў ҳәм демократиялық реформалар жолынан батыл алға баратырғаны, Жаңа Өзбекстан — Раўажланыў стратегиясы ел-журтымыз тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанын және бир мәрте тастыйықлағаны кең түрде атап өтиледи. Президент Ш.Мирзиёев халқымыздың сиясий пикирлеўи ҳәм социаллық белсендилиги өсип баратырғанын, әтираптағы ўақыяларға бийпәрўа болмастан, керисинше, турмыста реформаларға тийислилик туйғысы менен жасап атырғанын атап өтип, «Биз Жаңа Өзбекстанды мәрт ҳәм ағла пазыйлетли халқымыз бенен биргеликте қурамыз» деген уллы нийетти алға сүреди. Бул бойынша «Жәмийет — реформалар басламашысы» деген түсиник күнделикли турмысымызға барған сайын терең кирип бармақта.
Китаптың бул басылымында сайлаў алды ушырасыўлар ўақтында халық пенен сөйлесиў барысында ортаға тасланған әҳмийетли ой-пикирлер, усыныс ҳәм басламалар, бүгинги раўажланыўымыз ҳәм келешек режелерине тийисли жуўмақларда өз көринисин тапқан.
«Жаңа Өзбекстан Раўажланыў стратегиясы» китабы «Қарақалпақстан» баспасында 3000 тиражда сапалы басып шығарылды. Китапты қарақалпақ тилине Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймов ҳәм «Қарақалпақстан» баспасының бас редакторы Гүлистан Пирназаровалар оқыўшыларға түсиникли етип аўдарған. Бул қунлы китап халқымызды Жаңа Өзбекстан идеясы әтирапында және де бирлестирип, бул жолда алдымызда турған үлкен ўазыйпаларды орынлаў ушын бағдарлаўға хызмет етеди, деп исенемиз.
Қонысбай РЕЙМОВ.