Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:41:43, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЙЎЕ ПИТКЕН САЙЫН ТӨМЕНШИК

Таланты арқасында дүнья жүзин айланған, Аллатааланың нуры түскен белгили художник Ибрайым Жолымбетовтың бийтәкирар мийнетлерин тамашалап, сыртынан таныс болған менен, өзи менен ҳеш ушыраспағанман.

Оның бир-бирин тәкирарламайтуғын қунлы мийнетлери ҳаққында көп еситкенмен. Дийдар несип деген, бир күни редакциямызда ушыратып қалдым. Илаҳий талант ийеси менен сәўбетлесер екенмен, оның жүдә әпиўайы, ақкөкирек, минези жатық ҳақыйқый қәбилет ийеси екенлигине тәсийн қалдым. Ойлап қарасақ, ҳәр қандай дөретиўши инсан қандай да бир нәрседен яки ҳәдийседен илҳамланып, оннан бир ҳасыл дөретпени жаратқанды унатады. Демек солай екен, оның зыялылық туўындысы нәтийжесинде дүньяға келген мийнети әлбетте, ең дәслеп өзин тебирендиреди, толқынландырады, түрли сезимлер қушағына бүркейди. Бул даўамлы процесс болып, ҳәр бир дөретиўши, әсиресе, қыл қәлем ийелери басынан кеширип, олар усы жағдайдың қайталаныўын жаңа дөретпеси жүзеге келгенде қәлери анық. Әлбетте, өз-өзинен кеўли толыў, қарайған жүзлерин қуўаныш сезимлери бүркеўи сыяқлы сезимлер кең аудитория қызығыўшылығына себеп болатуғын  шығарманың жуўмағына жетип, кеўлиндегидей шығыўы тәмийинленгенде болса керек. Себеби, бундай илаҳий талант ийе­лериниң кеўли де нәзик, қубылмалы тәбиятқа мегзейди.  Базыда ойланып қаламан, өмирде адам кәсипти таңлай ма яки кәсип адамды ма, деген сораў қыялыңнан өте береди. Бәлким, кимдур араласқан орталығына тосаттан келип қаласа, ал, кимдур өз ықласына, талантына бола бир кәсипке араласады. Адамды балалықта түрли қыял бийлеп, ким болсам екен, деген сораўға қызығыўшылығыңнан келип шығып, жуўап бересең. Ал, енди бул сораўға «Арғымақ Америкаға жол алды» мақаласының қаҳарманы, талантлы художник Ибрайым Жолымбетов балалығында қандай жуўап берди екен?

— 3 жасымда-ақ қолыма қәлем түссе қағаз ба, дийўал ма, парқы жоқ, көринген жерге шыжбайлай береди екенмен. Есейе келе мектепте болса класс мүйеши, түрли кешелерде сүўретлерди соғып усынғанымда, устазларым  марапатымды жеткизген. Олардың мақтағанына, «сени еле дүнья таныйды, қәбилетиң күшли, зор художник боласаң», дегенине мәс бол­ғанман...

Мине көрип турғаныңыздай, бул қызыўшылығы оны жақсы жолға баслап, бүгинлиги ел аўзына түскен талант ийесине айландырды. Ол 1958-жылы Нөкис районы аймағындағы Кердер даласының кеңликлеринде зыялылар шаңарағында дүньяға келди. Сәўбет барысында балалығын еслегенде:

— Әкем де көркем өнерди жүдә жақсы көретуғын, еситкенин жаздырмайтуғын қатықулақ инсан болған. Ол мектепте сүўрет пәни муғаллими еди. Сол себепли ме, мендеги қызығыўшылықты аңлап, қоллап-қуўатлап, халқымыздың турмысы, миллийлигимиз ҳаққында көп айтып, қулағыма қуйған. Он жаслар шамамда әкемниң сүўретин салып, қолына бергенимде қуўаныштан көзлери парлап: «балам, сеннен үмитим мол, көз тиймесин, талантың бар, Қудайтаала да сүйген бендесине бундай илаҳий талантты береди, қәдирине жетип, келешекте белгили инсан болыўыңа ийманым кәмил деп исеним билдирген еди», - деди балалық жылларын еске алып.

Исенген таўы — әкеси, қалаберди, устазының талантына берген баҳасы еле де жигерлендирип, жүрегинде үмит уш­қынын оятқан болыўы мүмкин. Әне солай етип, оның бала қәлбин жаўлап ал­ған кәсиби жүзеге келди.  Ибрайым жигирма бес жасында-ақ жансыз тасқа жан ендирген жансебил мүсинши, өтмиш дәўирлерди сүўретлеў өнериниң түрли жанрларында сөйлеткен, дүньяға аты таралған әжайып скульпторлар ҳәм  художниклер қатарынан орын алды. Бул әнейиликте қолға киргизилмеди. Тынымсыз мийнет, не бир уйқысыз түнлерди бастан кеширди. Тийкарғысы, излениўден, алдына қойған мақсетинен жырақласпай, алға қарай умтылыўдан тоқтамады. Арадан жыллар өтип, жас ғана қарақалпақ баласы керамика, живопись, графика бо­йынша түрли таңлаў ҳәм жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип, жоқары дәрежели художник мәртебесине еристи. Қолы гүл, жүреги нурлы өнермент Ибрайым Жолымбетов 1975-жылы өз аўылындағы 1-санлы орта мектепти табыслы тамамлап, өнер дүньясына қанат қомлап ушады. Тәғдир оны талантлы дөретиўши инсанлар менен дусластырды. Қарақалпақстанда керамика тараўы жаңа ашылған жыллар еди, ол усы тараўдың босағасына өзине исеним менен қәдем таслады. «Жақсы менен отырсаң жақсы-жақсы ис көресең» дегениндей, Ибра­йым жақсылардың  изине ерди ҳәм шеп болмады. Солай етип, қыл қәлем тәбият шайдасы болыў, сүўрет салыў оның өмириниң ажыралмас бир бөлегине айланды.

И.Жолымбетов өнер жолындағы дәслепки тәлимди пайтахтымыздағы Жапақ Шамуратов атындағы көркем өнер билим журтында алды. Соңынан Қудайтаала тәрепинен берилген илаҳий таланты оны Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретлеў институтына жетеледи. Туўма қәбилет деген, кишкенелигинен пүткил қәлбин жаўлап алған өнери, ықласы ҳеш қандай қыйыншлықларсыз оны студент болыў бахтына еристирди. Солай етип, таңлаған тараўы бойынша жоқары мағлыўматлы қәнигелик дипломы қолына тийип, үлкен гүзар жолға, мийнет майданына жоллама алды. Негизинде мақаламыз қаҳарманына тек ғана жоқары мағлыўматлы дегени болмаса, Аллатааланың берген талантына дипломның ҳеш қандай үлеси жоқ сыяқлы.

— Өмирим тәбият қойны, керамика мүсинлер арасында өтти, - деди дәслепки жылларын еске алып. — Бирақ, мен буған налымайман, қайтама мақтанаман.  Себеби, мен сулыўлықтан илҳам аламан. Усы өнерим арқасында атақ-абырайға еристим. Ел көрдим. Қоңсылас республикаларға, Америкаға дейин табаным тийди. Және де айтайын дегеним, бир сапары елимизге Қазақстан Республикасының художниклери келип: «Ең бай, талантлы адамлар сизлер екенсиз, сизлерден көп нәрсе үйрениў керек», деп айт­қанлары кешегидей есимде. Демек, елимиздиң сүўретлеў өнерине бир нәзер тасласақ, жүдә-жүдә бай тарийхқа ийе, оның өзи бир тема болады, - деди ойға талып... 

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Пүткил аўқамлық художниклер аўқамының ағзасы дәрежесине ерискен Ибрайым аға мийнет жолы даўамында бир қанша, яғный, 2008-жыл Ташкент қаласында жеке көргизбесин, ал, бир жылдан соң болса Қазақстан, Украина, Қырымның Гурзуф ҳәм басқа да қалаларында өзиниң жеке көргизбесин шөлкемлестириўге миясар болды.  2011-жылы Халықаралық Азия ҳәм Европа галереясында Европа көргизбесиниң қатнасыўшысы ҳәм бас сыйлық Гран-при жеңимпазы болды. Буннан басқа да бир қатар халықаралық көргизбелерге қат­насты.  Ал, ең тийкарғысы, шуўмақлан­ған жыллар жыйнағы, яғный, мийнет жолының юбилей көргизбеси пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик Көркем өнер музейинде шөлкемлестирилди. Және де оның пайтахтымызда бой тиклеген Бердақ атындағы музейдиң халқымыздың миллий нағысларын жамылып, сулыў көриниске ийе болыўында өткир нәзери, машақатлы мийнети жатыр. Талантты қәлб көзи менен көре алатуғын Ибрайым аға өзиниң жеке устаханасын шөлкемлестирип, устазлық етпекте. Оның жүзден зыят шәкиртлери бар. Мийнеттен, излениўден шаршамайтуғын Ибрайым аға өмирлик жодасы Шекерхан менен бир ул, бир қызды тәрбиялап, камалға келтирди. Қызы Гүлшадты қутлы жерине қондырды. Бүгинлиги ол да әке жолын қуўып, таңлаған жолында нан жеп, қәлем тербетпекте. Ал, баласы Исмайылдың билимге деген қуштарлығы оған үлкен үмитлер бағышлайды. 

Тийкарғысы, ондағы қырағылық пенен өткир зейин бийтәкирар дөретпениң ил­ҳамшысы. Неге дегенде, гөззаллыққа толы жүреги, объектти жанландырған нәзери өмирдиң сан мың әлўан қубылысларын түрли реңлерде көре алды. Оған жан ендирип, қанат берип көкке пәрўаз еттирди. Қудайтааланың нәзери түскен, дүнья таныў қәбилети ҳеш кимге бергисиз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, талантлы художник Ибрайым Жолымбетовтың өзине тән шеберлиги жыллар бойы қәлиплесип, соқпағын салып үлгерди. Ең тийкарғысы, ата-бабаларымыздың «Дарақ мийўе питкен са­йын төменшик» деген даналық гәпи әйне усы инсанға қарап  айтылған сыяқлы.

С.ТУРДЫБЕКОВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF