Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:04:04, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СОЦИАЛ-ГУМАНИТАР ПӘНЛЕРДИҢ ӘҲМИЙЕТИН АРТТЫРЫЎҒА БАҒЫШЛАНДЫ

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Жаңа Өзбекстан идеясы ҳәм раўажланыў басқышының руўхый-ағартыўшылық, сиясий-ҳуқы­қый, социаллық-экономикалық мәселелери, жаслардың белсендилигин арттырыў маш­қалалары» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Әнжуманды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет — Жаңа Өзбекстан идеясының мәнис-мазмуны ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслардың әҳми­йети, глобалласыў процесинде «Жаңа Өзбекстан идеясы»ның улыўма инсаный принциплери, «Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы»ның  руўхый-ағартыўшылық, сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық тийкарлары, үшинши Ренессанс идеясын үгит-нәсиятлаўда жаслардың белсендилигин арттырыў машқалалары, инсан қәдирин улығлаўда ҳәм мәҳәлле белсендилигин арттырыўда, идеялық ҳәм информациялық топы­лыслар­ға қарсы идеологиялық иммунитетти күшейтиўде, миллий тәрбияны жетилистириўде социал-гуманитар пәнлердиң әҳми­йетин арттырыў, идеологиялық иммунитетти күшейтиў мәселелерин еле де тереңирек үйрениў, илимий-изертлеў ҳәм нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў болып есапланады.

Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисине институттың профессор-оқытыўшылары менен бирге республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекстандағы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан қәнигелер, профессорлар, докторантлар, магистрант ҳәм студент­лер қатнасты.

Илажды институттың Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры М.Жалелов басқарып барды.

Конференцияда сөзге шыққан Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Атамуратов ҳәм институттың тарийх факультетиниң деканы, тарийх илимлериниң докторы, профессор М.Сарыбаевлар Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Жаңа Өзбекстанды қурыў идеясы ҳәм үшинши Ренессанстың тийкарын жаратыў бағдарындағы басламасы бүгин шынлыққа айлана баслағаны, Жаңа Өзбекстан ҳәм үшинши Ренессанс сөзлери турмысымызда өз-ара үнлес болып жаңлап, халқымызды уллы мақсетлерге руўхландырып атырғанын атап өтти. Соның менен бирге, елимиздиң дүнья тарийхында еки уллы Ояныў дәўирине бесик болғаны, жәҳән илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ойшылларды жетис­тирип бергенлигин де айтып өтти.

Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисинде Самар­қанд мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс институты жәми­йетлик пәнлер кафедрасының баслығы, философия илимлери бо­йынша философия докторы А.Қулдошев, республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими бас қәнигеси Ч.Елмуратов, институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы доценти, педагогика илимлериниң кандидаты Т.Қудайбергенова, усы кафедраның доценти, философия илимлериниң кандидаты З.Сейтова, институттың тая­ныш докторанты Р.Арзиев, 1-курс магистранты А.Раматуллаев ҳәм басқалар тәлим-тәрбия процесинде жасларды социаллық белсендиликке бағдарлаў, жаңа Өзбекстанда руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының жумысларын жетилистириў, жасларды руўхый-этикалық жақтан тәрбиялаўда өз-ара бирге ислесиўди әмелге асырыў, Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясының социал-экономикалық тийкарлары ҳәм усы сыяқлы тематикалар бойынша баянатлар жасады.

Конференция өз жумысын секцияларда даўам еттирди.

Р.АРЗИЕВ,

Әжинияз атындағы НМПИ таяныш докторанты.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: конференциядан көринислер.

И.Матековтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF