Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:47:32, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНСАН ҚӘДИРИН УЛЫҒЛАЎҒА ҚАРАТЫЛМАҚТА

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедованың ҳәм қала аймағындағы дерлик барлық кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшыларының қатнасыўында Нөкис қаласы 23-санлы улыўма билим бериў мектебинде көшпели қабыллаўлар өткерилди.

Көшпели қабыллаў процесинде пуқаралар турақ жай менен тәмийинлеў, жумыссызлық, материаллық жәрдем көрсетиў, перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине орналастырыў, исбилерменлик ҳуқықлары, инсан ҳуқықлары ҳәм басқа тараўлар бойынша өзлерин қыйнап атырған маш­қалалары менен мүрәжат етип, керекли мәсләҳәт-усынысларын алды. Келип түскен мүрәжат­ларға тийислилиги бойынша нызамлы жол-жоба көрсетилип, ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Жәми келип түскен елиўден артық мүрәжатлардың сегизине ҳуқықый түсиниклер берилди. Ал, айырым мүрәжатлардың шешими орында үйренилип шығылып, өз шешимин тапқанлығы бүгинги көшпели қабыллаўдағы ерисилген нәтийжелердиң айқын дәлили, деп атап өтиўимизге болады.

Әлбетте, ҳәр бир мүрәжат артында инсан мәпи ҳәм тәғдири бар. Тийкарғысы — халық разылығы ҳәм оларға болған мүнәсибет.

Биз көшпели қабыллаў барысында өз мүрәжатлары менен келген пуқаралар менен сәўбетлескенимизде, бундай саўаплы ислерден миннетдар екенлигин олардың жүзлеринен ҳәм пикирлеринен аңлаў қыйын емес еди.

—  Аяғымның сынғанына еки жыл болды. Көрип турғаныңыздай, балдақта зорға жүремен. Асқазан, өт қалтамнан операция болдым. Азғана пенсиям емлениў ушын жетпейди. Мен бүгинги мүрәжатында емлеўханада жатып емлениўиме ордер алыўды сорандым. Мүрәжатта орынланатуғын болды. Яғный, ордер берилетуғын болып, дәри-дәрмаққа да ақшалай жәрдем бериў бо­йынша үйренип шығылатуғынын айтты, - дейди Нөкис қаласындағы «Қурылысшы» МПЖ тур­ғыны, 64 жаслы Базарбай Әширов.

— Бүгинги көшпели қабыллаўға өзимниң шаңарағыма ти­йисли мүрәжатым менен келдим. Перзентлерим — улым 22 жасар, ал, қызым 24 жасар. Екеўи де наўқас. Соларды наўқаслығына байланыслы майыплық топарына шығарыў ушын мүрәжат еттим. Бул мүрәжатым итибарға алынып, орынланатуғын болды, - дейди Нөкис қаласындағы «Ҳаўа жоллары» МПЖ турғыны Гүлнара Қулбаева.

Бул қабыллаўларда журтласларымыздың дәртлери тыңланып, мүрәжатларын шешиўге жәрдем етилди. Халық мәпи ҳәм оларды қорғаў, социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларымыздың мүшкилин жеңиллестириў, халық разылығына ерисиў ҳәм инсан қәдирин улығлаўға қаратылғанлығы менен бул қабыллаў әҳмийетли болмақта.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: көшпели қабыллаў барысынан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF