Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:09:55, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ЖУМЫСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Ҳәр қандай жәмийетлик-сиясий дүзимниң раўажланыў дәрежеси ҳаял-қызлардың социал-экономикалық аўҳалы ҳәм жәмийеттеги ролиниң қай дәрежеде екенлиги менен өлшенеди.

Ҳаял барлық ўақытта турмыстың ҳәр бир буўынында инсаныйлық ҳәм меҳир-мүриўбет туйғыларынан сабақ береди. Биз жәмийеттиң раўажланыўын ҳаял-қызларсыз, олардың қатнасыўысыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Әдил жәмийетте ҳаял ҳуқықы ең жоқары, ең муқаддес болып, оның ҳуқықы, еркинлиги, теңлиги ең әҳмийетли мәселелерден есапланады.

Президентимиздиң 2022-жыл 1-март күнги ПП-81-санлы Пәрманы ҳәм ПҚ-146-санлы қарары, сондай-ақ, усы жыл 7-март күнги ПП-87-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик басқарыў академиясы тәрепинен үш басқышлы оқыў-реже бағдарламалары ислеп шығылған еди. Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы Абу Али Ибн Сино атындағы Нөкис жәмийетшилик саламатлығы техникумының мәжилислер залында Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар белсендилери ушын оқыў курслары шөлкемлестирилди. Семинарда Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Д.Қутлымуратова, Жоқары билимлендириў орны ўәкиллери Г.Утемуратова ҳәм А.Таспановалар шығып сөйлеп, семинарды өткериўдеги мақсет ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

Атап өтиў керек, Президентимиз қарары тийкарында «Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң вакант лаўазымлардың жеке ашық порталы» аппарат дәстүрий комплексиниң Vakansy.argos.uz социаллық тармағы арқалы мүрәжат еткен 330дан аслам талабанлардың ишинен мүнәсип деп таңлап алынған мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендилериниң өз жумысына кирисиўи ушын талап етилетуғын билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў — бул семинардың баслы мақсети болып, ҳәр бир темаға бириктирилген мәкеме-шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери, сондай-ақ, тренер-модераторлар тәрепинен Президентимиз Пәрманы ҳәм қарарында белгилеп берилген тапсырмалар бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

— Бизиң мәҳәллемизде 5425 халық болып, соннан 3084ин ҳаял-қызлар қурайды. Мине, дерлик бир ҳәптеден берли ҳаял-қызлардың балансын қәлиплестириўди баслап жибердик. Олардың ишинде социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан, майыплылығы бар ҳаял-қызларды тайпаларға бөлип, оларға мәнзилли жәрдем бериў ушын онлайн база шөлкемлестирип, сол базаға киргизип атырмыз. Бул еки күнлик оқыў-семинарда бизлер өз жумысы­мызға керекли болған көп нәрселерди үйрендик. Әсиресе, функционаллық ўазыйпаларымыз, мәкеме ҳәм шөлкемлер менен ислесиў кереклиги ҳаққында көп ғана билим ҳәм көнликпелерге ийе болып, буларды өз жумыс барысымызда пайдаланыўға ҳәрекет етемиз, - дейди Нөкис қаласы «Боз­аўыл» мәкан пуқаралар жы­йыны ҳаял-қызлар белсендиси Камила Айтымбекова.

Өз гезегинде, оқыў-семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алып, пикир-усынысларын билдирди.  

Әлбетте, бул семинар ҳәр бир мәҳәлледеги шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен бирге ислесиўде, олардың машқалаларын шешип, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, жәмийетте өз орнын ийелеўинде үлкен әҳмийетке ийе.  

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF