Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:16:05, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«САҲРА БҮЛБИЛЛЕРИ»НЕ ҲҮРМЕТ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери Ташкент қаласындағы Шайырлар қыябанында болып, қарақалпақ әдебиятының ири тулғалары Бердақ,Өзбекстан Қаҳарманлары Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновлардың естелигине гүл шеңберлерин қойды.

 Усы мүнәсибет пенен бул жерде «Саҳра бүлбиллери атанған жазыўшы-шайырлар» атамасында илаж болып өтти.

Онда сөзге шыққан университет ректоры, профессор А.Реймов ҳәм басқалар,  әдебиятымыздың уллы тулғалары Бердақ, Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновлардың өмири ҳәм дөретиўшилигине, олар қалдырған руўхый мийрасларға, әдебиятымызды раўажландырыўға қосқан мийнетлерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бундай илажларды өткериўден тийкарғы мақсет — келешек әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, халықларымыз арасындағы дослық қатнасықларды буннан былай да  беккемлеў, жазыўшы-шайырлардың шығармаларын халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Илаж даўамында «Ҳүрлиман» ансамбли ағзалары тәрепинен Бердақ, Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов шығармаларынан дүзилген руўхый-мәдений илаж бағдарламасы қойып берилип, студент-жаслар тәрепинен  олардың шығармаларынан үзиндилер оқылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF