НЫЗАМСЫЗ ЖЕР ИЙЕЛЕГЕН ПУҚАРАҒА НЫЗАМЛЫ ШАРА
Усы жылдың 18-апрель күни Жынаят ислери бойынша Беруний районлық судының баслығы Р.Н.Камалова тәрепинен «Хорезм» МПЖ имаратында көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди.
Суд мәжилисинде атап өтилиўинше, 2021-жылда Қарақалпақстан Республикасы Кадастр агентлигиниң Беруний районлық бөлими инспекторлары тәрепинен өткерилген мониторинг ислери даўамында райондағы «Шымам» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара М.М. тәрепинен район ҳәкимлигиниң резерв жер орнында турған 0,06 га суўғарылатуғын жер майданына өз басымшалық пенен нызамсыз түрде ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз 3 бөлмели жайды шлакоблоктан қурғанлығы анықланып, бул пуқараға Кадастр агентлигиниң инспекторлары тәрепинен қурылыстың нызамсыз екенлиги түсиндирилип, ескертиў берилген. Усыған қарамастан, пуқара М.М. нызамсыз қурылған 3 бөлмели жайын бузып тасламай ҳәм нызамсыз ийелеген жер майданын район ҳәкимлигиниң резерв жер орнына қайтарып берместен жүре береди. Буннан соң бул нызамсыз ҳалатқа тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, ҳуқық қорғаў уйымларына усыныслар киргизиледи.
Көшпели ашық суд мәжилисинде Беруний районы «Шымам» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара М.М.ның бул нызамсыз ҳәрекетине шек қойылып, оған Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 229l-статьясының 2-бөлими менен еки жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланды.
С.ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.