Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:41:12, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕВРОПА АЎҚАМЫ ДЕЛЕГАЦИЯСЫНЫҢ РЕСПУБЛИКАМЫЗҒА САПАРЫ

Аралбойы аймағында экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў ҳәм жасыл тоғайзарлар менен қапламалар пайда етиў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў ҳәм бул ийгиликли иске өзлериниң үлесин қосыў, сондай-ақ, Өзбекстандағы БМШ қәўендерлигиндеги Арал регионы ушын көпшериклик траст фонды шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Европа аўқамы делегациясы ҳәм оған ағза мәмлекетлер дипломатиялық корпусларының басшылары, БМШ тың Өзбекстандағы ўәкилханасы, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сырт­қы саўда министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ўәкиллеринен ибарат делегация республикамызға келди.

Делегация ағзалары дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация ора­йының Мойнақ районындағы «Тикөзек» илимий-өндирислик майданшасында болды.

Атап өтиў орынлы, Европа аўқамы ўәкилханасы  ҳәм Аралбойы халықаралық инновация орайы арасында Аралбойы аймағында ЕАның  қаржылай жәрдеминде 27 мың түп саяманлы терек ҳәм шөл өсимлигиниң нәлин егип, бағ жаратыў бойынша келисимге ерисилген еди. Усы күни Европа аўқамы делегациясы ҳәм оған ағза мәмлекетлердеги дипломатиялық корпуслардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, тийисли министрликлер, комитетлер, Аралбойы халықаралық инновация орайының ўәкиллериниң қатнасында нәл егиў жумысларына старт берилди. Илаж қатнасыўшылары «Кемелер қойымшылығы» ашық дала музейи әтирапына сексеўил ҳәм қандым өсимлиги нәллерин екти.

Делегация ағзаларының сапары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF