Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:26:26, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПИДАЙЫ УСТАЗ ҲӘМ ПЕДАГОГ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Ярым­өткизгишлер физикасы» кафедрасы 1987-жылы Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент, марҳум Мәдрейм аға Ережеповтың жеке инициативасы бойынша ашылған еди.

Әлбетте, кафедра өзинен-өзи тақыр жерден пайда болған жоқ. Солай екен, кафедраның  ашылыўы  ушын сол дәўирге келип жетерли шараят ҳәм имканиятлар жаратылып, яғный, бүгинги күни ярымөткизгишлер физикасы тараўының ең актуал илимий бағдарларынан есапланған «Көп қатламлы ҳәм дәўирли ярымө­ткизгишли структуралар» атамасындағы проблемалық лаборатория шөлкемлестирилди.

Кафедра ашылып, арадан 7 жыл өткеннен кейин, 1994-жылы 01.04.10 — «Ярымөткизгишлер ҳәм диэлектриклер физикасы» қәнигелиги бойынша аспирантура ашылып, илимге қуштар жас илимпазлар таңланды ҳәм 2012-жылға шекем нәтийжели хызмет көрсетип келди. Ал, 2000-жылдан баслап 2011-жылға шекем кафедрада бакалавр бағдарын тамамлаған студентлер ушын «Ярымөткизгишлер физикасы», 2011-жылдан ҳәзирги күнге шекем 5А140204 — «Конденсацияланған орталықлар физикасы ҳәм материалтаныў» қәнигелиги (Ярымөткизгишлер физикасы бойынша хызмет түри ушын) бойынша магистр­лер таярланып келмекте.

Бүгинлиги бул кафедраның басып өткен дәўирине шолыў жасайтуғын болсақ, кафедра ҳәр тәреплеме өсип раўажланды. 1994-2021-жыллар аралығында кафедрамыздан 4 илим докторы ҳәм 15 тен аслам илим кандидатлары, физика-математика бойынша философия докторлары өз диссертацияларын табыслы жақлап, солардың ишинде кафедрамыздың доценти, физика-математика бойынша философия докторы Абатбай Қурбаниязович Утениязов усы жылы өзиниң 60 жыллық юбилей жасын күтип алмақта.

А.Утениязов 1962-жылы 5-майда Кегейли районының «Куйбышев» аўылында зыялылар шаңарағында туўылды. 1968-жылы Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 71-санлы орта мектептиң (ҳәзирги ўақытта Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы орта мектеп) 1-класына оқыўға барды ҳәм 1978-жылы мектепти жақсы баҳаларға питкерип шығады. Сол жылы Нөкис гидомелиорация техникумына оқыўға кирип, 1981-жылы «Гидромелиорация жумысларын механизациялаў» қәнигелиги бойынша техникумды «айрықша» диплом менен питкерди. 1981-1983-жыллары аралығында өзиниң ойнап-өскен, яғный, Қараөзек районына қараслы «Қарақалпақстанның 40 жыллығы» хожалығының орайлық устаханасында питкерген қәнигелиги бойынша дәслеп слесарь, кейинирек нормировщик болып жумыс иследи. 1983-жылы Аўқам Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине қараслы орайлық жоқары оқыў орынларының бири болған Қазан мәмлекетлик университетиниң физика факультетине «Радиофизика ҳәм элек­троника» қәнигелиги бойынша оқыўға кирди ҳәм 1988-жылы университетти айрықша баҳалар менен табыслы тамамлады. Университетти питкергеннен соң жас қәниге сыпатында жоллама менен Т.Г.Шевченко атындағы Нөкис мәмлекетлик университетине жумысқа келди. 1988-1990-жыллары университеттиң есаплаў орайында дәслеп инженер, соңынан аға инженер лаўазымларында жумыс иследи. 1990-жылдан баслап университеттиң физика факультети «Теориялық физика» кафедрасына оқытыўшы етип өткерилди. Ал, 1990-2014-жыллар аралығында университеттиң «Теориялық физика», «Улыўма физика», «Инженерлик физика», «Электроэнергетика» ҳәм «Ярымөткизгишлер физикасы» кафедраларында ассистент, оқытыўшы, аға оқытыўшы болып жемисли мийнет етти. 2015-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Ярымөткизгишлер физикасы» кафедрасына «Аға илимий хызметкер-излениўшилер институты»на оқыўға кирип, диссертация жумысларын орынлаў мақсетинде Ташкент қаласына Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы «Физика-техника» институты «Қуяш физикасы» илимий-өндирислик бирлеспесиниң (ИӨБ) «Фотоэлектроника» илимий лабораториясына илимий сапарға жиберилди. 2015-2017-жыллары лаборатория баслығы, физика-математика илимлериниң докторы, профессор Мирсагатов Шавкат Акрамовичтиң басшылығында илим-изертлеў жумысларын алып барды. Көп машақатлы излениўлердиң нәтийжесинде 2017-жылы сентябрь айында  «Электронные процессы в теллурид кадмиевых инжекционных фотоприемниках» атамасындағы диссертация жумысын ўақтынан бурын орынлап, Илимий Кеңеске усынды. 

Ол 2018-жылдың 14-апрелинде жоқарыда аты көрсетилген диссертация жумысын  Физика-техника институты,  Ион-плазма ҳәм лазер технологиялары институты ҳәм Самарқанд  мәмлекетлик университети  қасындағы  DSc.27.06.2017. FM./5.34.01 санлы қәнигелестирилген Илимий Кеңесинде табыслы жақлап шықты ҳәм де Өзбекстан Республикасы Жоқары Аттестация Комиссиясы Президиумының  қарары менен 2018-жылы 30-майда физика-математика илимлери бойынша философия докторы (РhD) илимий дәрежеси, 2020-жылы 27-февральда «Ярымөткизгишлер физикасы» қәнигелиги бойынша доцент илимий атағы берилди. Оның илимий-изертлеў жумыслары бүгинги күни дүньялық масштабта ярымөткизгишлер физикасы менен байланыслы болған ең актуаль бағдарлардан есапланған көзге көринетуғын ҳәм де ультрафиолет спектри областындағы, өзиниң сезгирлиги менен ажыралып туратуғын фотоқабыллағышлардың электрофизикалық, фотоэлектрик қәсийетлерин үйрениўге бағышланған. Сонлықтан болса керек, көплеген илим-билими раўажлан­ған мәмлекетлер итибарын усы бағдардағы,  яғный, фотоқабыллағыш структуралардағы ҳәм сол структуралар тийкарында алынған фотоқабыллағыш әсбаплардағы электронлық ҳәм инжекциялық процесслерге дыққат-итибарын қаратқан. Сол алынған илимий жумысларының ең бир илимий ҳәм әмелий жақтан әҳмийетлилерине тоқтап өтетуғын болсақ, яғныйF изертлеп атырған объекти металл-окисел-ярымөткизгиш структурасына тән вольтамперлик характеристикасында ток механизминиң барлығы ҳәм олар төрт участкадан ибарат екенлиги, сондай-ақ, әсбап структурасының базалық областының кеңлигиниң қысқарыўы менен сол изерт­ленип атырған фотоқабыллағыштың сезгирлигиниң әдеўир күшейгенлигиниң, ал, бул өз нәўбетинде физикалық көзқарастан интерпретация етилгенде жақтылық ток тасыўшыларында қатнасатуғын араласпалардың (примесь) муғдарының азайыўы менен түсиндирилиўи дыққатқа ылайық, деп есаплайман.

Ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Физика факультети «Ярымөткизгишлер физикасы» кафедрасының доценти А.Утениязов ҳәзирги заман талабына жуўап беретуғын жетик қәнигелерди таярлаўда, оларды илимге бағдарлаўда, сондай-ақ, келешек әўладты тәрбиялаўда тынымсыз жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, ол өзиниң илимий-изертлеў жумысларын даўамлап, докторлық диссертация жумысының үстинде ислемекте. Оның бир қанша илимий мийнетлери халықаралық ҳәм де жоқары аттестация дизиминдеги илимий журналларда, сондай-ақ, бир қанша халықаралық, республикалық масштабтағы илимий-әмелий конференция топламларында  жәрияланып келмекте.

А.Утениязов өмирлик жолдасы Дина Жалғасбаевна менен биргеликте еки улды тәрбиялап камалға келтирди. Үлкен улы Россиядағы Губкин атындағы «Нефть ҳәм газ» университетиниң Ташкент филиалын табыслы тамамлап, өндиристе өз қәнигелиги бойынша жумыс ислемекте. Екинши баласы Өзбекстан Миллий университетинде әке жолын қуўып физика қәнигелиги бойынша 3-курста билим алмақта.

Бүгинги күни өзиниң алпысыншы асқарына шығып атырған Абатбай инимиздиң келешектеги илимий изленислеринен үлкен нәтийжелер күтемиз ҳәм алдағы ислеринде табыслар тилеймиз.

 

Қанатбай ИСМАЙЛОВ,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери,
физика-математика илимлериниң докторы, профессор.
      

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF