IT PARKКЕ САЯХАТ
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң «Жаслар қанаты» тәрепинен бир топар белсенди жаслардың IT Park Қарақалпақстан Республикасы филиалына саяхаты шөлкемлестирилди.
Саяхатты шөлкемлестириўден мақсет — жасларды IT тараўына кеңирек тартыў, «Санлы Өзбекстан — 2030» бағдарламасы шеңберинде олардың мәлимлеме технологиялары тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, тиккелей усы тараўдың тәжирийбели қәнигелери менен сәўбетлесиўин шөлкемлестириў ҳәм филиалда жаслар ушын жаратылған шараятлар, әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырыў болып есапланады.
Атап өтилгениндей, елимизде жаслардың стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм IT тараўында жумыс ислеп атырған исбилерменлер ушын да бир қатар имканиятлар ҳәм салық жеңилликлеринен пайдаланыў бойынша әмелий жәрдем көрсетип келинбекте.
— Филиалымыздың қала ҳәм районлық орайларында усы күнге шекем төрт ярым мыңнан аслам оқыўшылар билим алған болса, соның 1300 ден асламы мәмлекетлик уйымларда жумыс ислейтуғын хызметкерлер болып есапланады,-дейди филиал менеджери И.Исмайлов. — Себеби, ҳәзирги техника раўажланған дәўирде мәлимлеме-технологиялар бойынша қосымша билим алыўдың тек пайдасы бар да, зыян етпейди.
Бүгинги күнде 750 ден аслам оқыўшылар билим алмақта. Олар ушын барлық шараятлар жаратылған, жаслар тек көбирек оқыса ҳәм изленсе тараў бойынша жетик қәниге бола алады.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.