Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:46:59, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУЎАПКЕРЛЕР БЕКИТИЛДИ

Бурын хабар еткенимиздей, республикамызда суд-ҳуқық мәселелерине бағышланған көшпели қабыллаўлар болып өтпекте. Гезектеги усындай қабыллаў Беруний районында өткерилди.

Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў барысында тийкар салынған жаңа система социаллық әдилликти тәмийинлеў бағдарында халқымызға тән болған миллий мәмлекетшилик мектебине мүнәсип турақлы дәстүрлердиң жаңа раўажланыў басқышы болыўы менен бирге, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў жолындағы стратегиялық мақсетлерге ерисиўдиң қүдиретли қуралына айланбақта.

«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар хал­қымызға хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарында өткерилген қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы судларының басшылары ҳәм олардың орынбасарлары, судьялар тәрепинен Беруний, Төрткүл, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларында жасаўшы халықтың исбилерменлик ҳуқықлары, шәртнама-ҳуқықый қатнасықлар ҳәм басқа тараўлар бойынша өзлерин қыйнап киятырған отыздан аслам мәселе бойынша машқалалары тыңланды.

Атап айтқанда, Төрткүл районында жасаўшы Рустам Шукурлаев автомашинасын гиреўден шығарыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы судының басшысына мүрәжат етти. Пуқараға бул мәселеде дәслеп нотариусқа, егер жуўабынан наразы болса, ҳәкимшилик судқа арза менен мүрәжат етиў кереклиги түсиндирилди.

Усы районда жасаўшы Тамара Низамова пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судына пул өндириў бо­йынша даўа арза бергенлиги, бирақ, мәмлекетлик бажы төлеў ушын имканият жоқлығын айтып мүрәжат етти. Судьялар тәрепинен оған мәмлекетлик бажы төлемин белгили бир мүддет кешиктирип турыў мәселесинде судқа мүрәжат етиў ҳуқықы түсиндирилди.

Көшпели қабыллаў барысында келип түскен мүрәжатларға тийислилиги бойынша жол-жоба көрсетилип, ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Мүддет талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкерлер бекитилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF