Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:01:01, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРИЙХТЫ ТИРИЛТКЕН ҚАҲАРМАН

«Өзиниң пидәкерлик мийнети менен «Өзбекстан Қаҳарманы» деген жоқары мәртебеге ийе болған археолог алым Ғайратдин Хожаниязовтың атын ел-журтымыз жақсы биледи».

Ш.М.Мирзиёев.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда археология ҳәм тарийх илимлериниң  қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў басқышларында салмақлы үлес қосып, Өзбекстанның археология илимин  жәҳән археологиясы  көлемине танытқан, Қарақалпақстан тарийхының материаллық мәденияты ҳәм бийбаҳа архео­логиялық объектлеринде қырқ бес жылдан аслам ўақыт даўамында турақлы,  ҳармай-талмай мийнет еткен, жақсылық жолын өзиниң өмирлик принципи етип алған устаз ҳәм баўыры кең инсан, миллий  мәдениятымыздың пидайысы — Өзбекстан Қаҳарманы, археолог — алым Ғайратдин Хожаниязовтың өмир жолы, илимий изертлеўлердеги мәртлик ҳәм ийгиликли хызметлери бүгинги жасларымызға үлги ҳәм мақтаныш болмақта.

«Орта Азия Египети» атанған ҳәзирги Қарақалпақстан аймағы уллы еки дәрья  — Жайҳун ҳәм Сайҳун дәрьялары аралығында қәлиплескен, жәҳән мәдениятының әййемги орайларының бири. Бул жерлерде бизиң әййемги тарийхымыздың ҳәм мәдениятымыздың бесиги жаралған болып, дүньяға белгили илимпазлардың ҳәм ойшыллардың камал тапқан муқаддес жери есапланады.  

Ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей: «Қарақалпақ дияры өзиниң дүньяда уқсасы жоқ, қайталанбас көркем-өнери менен бәршемизди таң қалдырып келеди. Әсиресе, әўладларымыздан қалған бийбаҳа фольклорлық шығармалары дыққатқа ылайық. Өз журты, өз үлкесинде ата-бабаларының мийрасына ҳәмийше садықлық руўхында жасап атырған мәрт ҳәм мийнеткеш қарақалпақ елиниң беккем еркине тән берип, бундай халық пенен ҳәр қандай мақтансаң арзыйды», деп атап өткен еди. 

Бул аймақта жасаған ата-бабаларымыз бир неше мың жыллар даўамында теберик қоллары менен қорған-қалалар қурып, оны гүллендириўде өзлериниң бай тәжирийбелерине таянған ҳалда мийнет еткен.

Өз жерлерин сыртқы жаўлардан ерлик пенен қорғап, тәбийғый апатлардан усталық пенен сақлап, бул мәдений мийрасларды кейинги әўладларға жеткерип бериўге ҳәрекет еткен. 

Пидайы алымларымыздың археологиялық экспедициясының көп жыллық нәтийжели мийнетлери себепли, бул әпсаналы үлкениң узақ өтмиштеги тарийхы қайтадан тикленип, сырлы естеликлер ғәзийнесине айланған теберик жер бирме-бир тилге кирип, өтмиш ўақыяларын дәстан етип, өз сырларын ашып бермекте.

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультетинде 18-апрель — «Халықаралық археологиялық естеликлерди қорғаў күни» мүнәсибети менен «Қубла Арал бойы тарийхы ҳәм археологиясы, изертлеўлер, излениўлер-археолог алым Ғайратдин Хожаниязов оқыўшылары» деген атамада илимий-теориялық конференция болып өтти.

Буған Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх факультетиниң профессор оқытыўшылары, докторантлары, студент жаслары ҳәм марҳум Ғ.Хожаниязовтың ул-қызлары, туўған-туўысқанлары ҳәм шәкирт­лери қатнасты.  

Кешени университет ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты ҳәм факультетте  устазға арнап исленген «Өзбекстан Қаҳарманы, профессор Ғайратдин Хожаниязов атындағы инновациялық оқыў аудиториясы»ның ашылыў мәресими менен жалғасты.

Тийкарынан бул илимий-теориялық конференцияны өткериўден гөзленген тийкар­ғы мақсет — Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткериниң атын мәңгилестириў, пидәкерлик мийнетлерин ҳәм тарийх бетлеринде ашылған жаңалықларға қосқан үлеслерин ертеңги келешек әўладларға кеңнен танытып, устазға деген ҳүрмет сезимлерин беккемлеп барыўдан ибарат еди.

 Буннан соң сөзге шыққан баянатшылар профессор Ғ.Хожаниязовтың Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими тарийх институтының археология бөлиминде тәжирийбели алымлар менен биргеликте дала изертлеў жумысларын алып барыўдағы искерликлери, Қырантаў төбелигинде 2000-жылдан баслап франциялы алымлар менен биргеликте изертлеў жумысларын жүргизген дәўирлери, оның пидәкерлик мийнетлери нәтийжесинде Қубла Арал бойы археологиясында ҳәм Хорезм ўәлаяты аймағындағы тарийхый орынларынан бир неше археологиялық естеликлердиң ашылыўындағы хызметлери, сондай-ақ, Қарақалпақ археологиясын изертлеўлер барысында тарийхый естеликлерден табылған материаллық дереклер менен байытыўда қосқан бийбаҳа үлеслери ҳаққында кеңнен тоқтап өтти.

— Ўатанымыз тарийхы ҳәм мәдениятына тийисли көплеп тараўларды өз ишине қамтып алғанлығын еслеп, Қарақалпақстандағы антик ҳәм орта әсирлерге тийисли археологиялық объектлерди изертлеўде Европа, Россия, Австралия ҳәм Америкалы тәжирийбели археолог ҳәм антрополог илимпазлар менен биргеликте турақлы ҳәм стационарлы кең көлемли изертлеў жумысларын алып барған. Сондай-ақ, бүгинги күнде биз уллы алымларымыздың өмир ҳәм мийнет жолын еслеп, оларға ҳүрмет көрсетип, тийкарғысы олардың мийнетлери халқымыздың өтмиш тарийхы менен тығыз байланыслы екенлигин және бир мәрте сезинемиз,-дейди факультет деканы Саламат Сулайманов.

Илаж даўамында профессор Ғайратдин Хожаниязовтың илимий мийнетлери көргизбеси ҳәм ийгиликли ислерине бағышланған видео-ролик ҳәм презентациялар қатнасыўшылар нәзерине усынылды.  

 

С.ТУРДЫБЕКОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

Н.ҚОШҚАРБАЕВА.

ҚМУ Журналис­тика қәнигелигиниң 4-курс студенти.

СҮЎРЕТТЕ: кешеден көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF