Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:23:11, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САПАЛЫ ӨНИМ ЖЕТИСТИРИЎ БАҒДАРЫНДА

Бүгинги күнде аўыл хожалығында қызғын мийнет мапазының басланыў дәўиринде дийқанлардан егинди егиўден алдын топыраққа, туқым­ға, оған берилетуғын төгинине ҳәм де өнип шыққан егинди зыянкес ҳәм кеселликлерден қорғаў илажларына да итибар қаратыў әҳмийетли болмақта.

Әлбетте, бул илажлардан тийкарғы мақсет — аўыл хожалығында азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеў, сапалы ҳәм мол өним жетистириўден ибарат.

Президентимиздиң 2021-жыл 15-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигин шөлкемлестириў ҳақ­қында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен аўыл хожалығы егинлерин зыянкес, кеселлик ҳәм жабайы шөплерден қорғаў, олардың кирип келиўиниң ҳәм тарқалыўының алдын алыў илажлары алып барылмақта. Агентлик тәрепинен бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигине ерисиў мақсетинде «Әҳмийетли он бес күнлик» илажлары шеңберинде «Әҳмийетли он бес күнлик — биоқорғаў» илажлары өткерилмекте. Буннан гөзленген мақсет — «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық республикамызда фитосанитар қәўипсизликти тәмийинлеў, тәбиятта био­фондты раўажландырыў ҳәм зыянкеслердиң кең тарқалыўының алдын алыў ҳәм олар­ға қарсы биологиялық гүрес илажларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, бул ҳаққындағы мағлыўматларды жәмийетшилик арасында кең түрде үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Өсимликтиң зыянкес ҳәм кеселликлерине қарсы гүресиўде биологиялық усылдан пайдаланыў сапалы өним жетистириўдиң тийкарғы шәрт­леринен саналады. Бул усылда тәбияттағы энтомофаглардан үнемли пайдаланыў (қырып жибермеў, егинлер арасына энтомофагларды шақырыўшы өсимликлерди егиў), трихограмма, бракон ҳәм алтынкөз сыяқлы энтомофагларды биолабораторияларда көбейтип, далаға шығарыў ҳәм микроорганизмлер тийкарында жаратылған биопрепаратларды қолланыў илажлары әмелге асырылады. Биологиялық усылдың абзаллығы сонда, қоршаған орталыққа зыян келтиретуғын химиялық қураллардан пайдаланбастан көптүрлиликти сақлаў, экосистеманы жақсылаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў арқалы инсан саламатлығын қорғайтуғын органикалық, сапалы өним жетис­тириўге ерисиў мүмкин. Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалық егинлеринде биологиялық усылды кең қолланыў мақсетинде бүгинги күнде районларда 69 биолабораториялар хызмет көрсетип келмекте.

Президентимиз  2022-жыл 15-январьдағы видеоселектор жыйналысында өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине бир қатар ўазыйпалар белгилеп берген еди. Атап айт­қанда, ҳәр бир мәҳәлледе өсимликлерди қорғаў хызметлерин жолға қойыў, хожалықларда биоөнимлер жетис­тириў бойынша тараў хызметкерлерине тапсырмаларды көрсетип өткен еди. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен усы ўазыйпалардың орынланыўын тәми­йинлеў мақсетинде мәҳәлле кесиминде ислеў сис­темасы тийкарында ҳәр бир район аймақларындағы мәҳәллелерге биолаборатория баслықлары бириктирилди. Биолаборатория хызметкерлери тәрепинен жумыссыз шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў, хожалығына дәрамат кирип барыўына жәрдемлесиў мақсетинде биоөнимлер ҳәм олардың азықлық өнимлери хожалықларға тарқатылды ҳәм оларды жетистириў бойынша кең түрде түсиник жумыслары алып барылды. Ҳәзирги күнде усы хожалықларда жетистирилген биоөнимлер дала майданларына лаборатория хызметкерлери тәрепинен профилактика ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў мақсетинде тарқатылмақта.

Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен мийўели бағларға үлкен зыянын тийгизетуғын «черешня шыбыны» (rhagoletis cerasi), «алма мийўехоры» (Cydia pomonella), шығыс мийўехоры» (Grapholita molesta) сыяқлы зыянкеслерге қарсы ғалаба түрде гүрести шөлкемлестириў мақсетинде 2022-жылдың 11-апрелинен 27-апрелине шекем «Әҳми­йетли он бес күнлик» жәрияланған еди. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен усы «Әҳмийетли он бес күнлик» илажы шеңберинде аўыл хожалығы хызметкерлери менен биргеликте бағ майданларында мониторинг жумыслары алып барылмақта. Атызларға орнатылған феромон тутқышларға түскен зыянкеслерди тексериў-феромониторинг илажлары әмелге асырылып, мониторинг даўамында карантин астындағы өнимлерде зыянкеслер анықланған жағдайларда олар белгиленген тәртипте зыянсызландырылып (фумигация), усы зыянкеслердиң аўыл хожалығы өнимлерине унамсыз тәсири, оның пайда болыўының алдын алыў илажлары ҳаққында кең түрде түсиник жумыслары алып барылмақта.

«Алма қурты» зыянкеси 30 түрдеги мийўели ағашларға зыянын тийгизеди. Көбирек алма, ерик, ғоза, қәрелилердиң тийкарғы зыянкеси болып есапланады. Ол жылына 3 мәрте әўлад береди. Алма қуртының ҳәр бир әўладына химиялық гүрес алып барылады. Бунда индоксакарб (аваунт, антоват) 15 процентли 0,4 л/га ҳәм эмамектин бензоат тийкарлы (проклейм, протект) 5 процентли 0,5 кг/га. химиялық қуралларынан пайдаланыў унамлы нәтийже береди. Өткерилип атырған илажларда аўыл хожалығы хызметкерлерине мийўе тереклериниң зыянланыўының алдын алыў илажларының өз ўақтында әмелге асырылыўының әҳмийети түсиндирилип, оған қарсы гүресиў усыллары әмелий түрде көрсетилмекте.

Жуўмақластырып айтқанда, бундай өсимликлер карантини илажлары аўыл хожалығы егинлериниң зыянланыўының алдын алыў, азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы сапалы, фитосанитар таза өним жетистириўге хызмет етеди.

 

 Б.ОРАЗАЛИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агент­лиги инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF