Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:20:27, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘПТЕЛИК ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги «2020-2026-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен ҳәр жылы апрель айында «Китапқумарлық ҳәптелиги» белгилениўи нәзерде тутылған еди. Усы қарарға байланыслы республикамызда «Китапқумарлар ҳәптелиги» басланды.

Пайтахтымыздағы «Истиқлол» жазғы дем алыў орайында «Китапқумарлық» ҳәптелигиниң ашылыў салтанаты болып өтти. Ашылыў мәресимин Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Бекмуратов ашты ҳәм ҳәптеликтиң ашылыў салтанаты қатнасыўшыларын қутлықлап, китапқумарлық, оны үгит-нәсиятлаў, халқымыздың, әсиресе, жаслардың руўхый раўажланыў қәбилетин, сана-сезими ҳәм дүньяға көзқарасын раўажландырыў, ана-Ўатанымызға садықлық туйғысын қәлиплестириў, усы туйғылар менен жасайтуғын инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылған айрықша илаж екенлигине тоқтап өтти. Сондай-ақ, салтанатта шығып сөйлеген Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары Б.Ерназаров, Ж.Өтениязов, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы директоры И.Шараповалар китап оқыўдың әҳмийетли тәреплери, оны раўажландырыў ҳаққында өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирди. Шайыр Ж.Өтениязов өзи дөреткен қосықлардан оқыды ҳәм китап топламларынан Республикалық балалар китапханасына саўға етти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Әлишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайы, жоқары оқыў орынларының Мәлимлеме-ресурс орайлары, Халық билимлендириў бөлимине қараслы республикалық көзи әззилер китапханасы, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң фундаменталь китапханасы ҳәм бас­қа да китапханалардың фондларында сақланып атырған ең сайланды әдебиятлар көргизбеси, «Қарақалпақстан», «Билим», «Авангард» баспалары ҳәм китап дүканлары ярмаркалары шөлкемлестирилген.

Ҳәптелик шеңберинде жазыўшы-шайырлар менен ушырасыўлар, таңлаўлар, дөгерек сәўбетлерин өткериў режелестирилген. Сондай-ақ, «Жаңа ояныў дәўири ­ китаптан ҳәм китапханадан басланады» сүрени менен китаплар көргизбеси, «Закаўат» ойын­лары, ҳәр қыйлы сәўбетлер, «Ең жақсы китапқумар кеңесгөй»  таңлаўы, «Сен сүйген китапларды китапханаға саўға ет» акциясы ҳәм басқа да илажлар өткериў режелестирилген.

Илаж қатнасыўшылары китаплар көргизбеси ҳәм ярмаркасы менен танысты. Оларға көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.  Илаж республикамыз бойлап даўам етпекте.

 

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF