ҚЫЙТАҚ ЖЕРЛЕРДЕН ПАЙДАЛАНЫЎ БАРЫСЫ ҚАНДАЙ?
Бурын хабар бергенимиздей, Спикер орынбасары, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы Актам Хайтов басшылығындағы жумысшы топар ағзалары республикамызда халықтың қыйтақ жерлеринде үйрениў жумысларын алып бармақта.
Дәслеп Беруний районындағы «Азат интенсив бағы»нда алып барылып атырған жумыслар менен танысты. Бул жерде 25 гектар майданда алма, шабдал, алмурт, жүзим, шийе ҳәм басқа да мийўели терек нәллери егилген. Буннан тысқары, бағдың ишиндеги ыссыханада помидор, қыяр жетистириледи. 2017-жылы шөлкемлестирилген бағда 10 адам турақлы, 20 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген. Бағ басшысы Азат Машарипов келешекте бул жерде нәл жетистириў жолға қойылатуғынлығын атап өтти.
Жумысшы топар ағзалары район фермерлери менен ушырасып, ҳәр бир жерден нәтийжели пайдаланыў, интенсив бағлардың қатар араларына чеснок, гешир, бурыш егиў бойынша өзлериниң усынысларын берди.
Гезектеги мәнзил Тақыятас районындағы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны болды. Бул аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 10 мыңнан аслам халық жасап, қыйтақ жерлеринде тийкарынан картошка, помидор, гешир ҳәм басқа да егинлерди жетистирип келмекте.
Аймақтағы Илҳам Қозыбаевтың шаңарағындағы қыйтақ жерде алып барылып атырған жумыслар жумысшы топар ағзаларында айрықша қызығыўшылық оятты. Өткен жылы «Темир дәптер»де турған ол коммерциялық банктен үш жыл мүддетке 28 миллион сум жеңилликли кредит алып, тазаланған суў ашыўды жолға қойды. Истиң көзин билген жас исбилермен тез арада кредит қаржыларынан қутылды. Бүгинги күни шаңарақлық исбилермен сыпатында халыққа тазаланған ишимлик суў, пластик айна-қапы рамкаларын қурып бериў менен бирге, қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып келмекте. Келешекте нәсилли маллар алып келип, шарўашылықты раўажландырыў бойынша усыныслар берилди. Соның менен, 24 сотых қыйтақ жерин еле де раўажландырыў мақсетинде қулпынай нәллери жеткерип берилди.
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы Актам Хайтов аймақ турғынларының исбилерменлик пенен шуғылланыўлары ушын тийисли жәрдем берилетуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.