ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕ ҚАБЫЛЛАЎ
Усы жыл 23-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Россия мәмлекетлик Третьяков галереясының бас директоры Зельфира Трегулованы қабыл етти.
Илажда Жоқарғы Кеңестиң Баслығы М.Камалов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы шерикликти беккемлеў бағдарында биргеликте әмелге асырылып атырған әҳмийетли жойбарларға тоқтап өтти.
Өз гезегинде мийман жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, халқымызды улыстың уллы күни Наўрыз байрамы менен қутлықлады.
Қабыллаў барысында И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң коллекцияларын үйрениў ҳәм оларды халықаралық көргизбелерге алып шығыў бойынша пикир алысыўлар болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.