ХОЖЕЛИДЕ «ДЕПУТАТЛАР БАҒЫ» ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Республикамызда ҳәрекет етип турған 5 сиясий партиядан сайланған депутатлар усы жылдың 9 ҳәм 19-март күнлери аралығында «Әҳмийетли 10 күнлик» жойбары тийкарында орынларда ушырасыўлар өткериўи режелестирилген.
Бул жойбарда O’zLiDeP партиясынан сайланған депутатлар белсендилик көрсетпекте.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Жоқарғы Кеңестеги O’zLiDeP фракциясының ағзасы З. Реймова, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң республикамыздағы аймақлық ўәкили Ж.Шлымбетов, халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты А.Худайбергенов Хожели районы «Жүзимзар» мәкан пуқаралар жыйынында болып, усы аймақтағы районлық Абаданластырыў басқармасының балансындағы ўақтынша жасаў ҳуқықы тийкарында ажыратылған 21 көп қабатлы турақ жайды пуқаралардың толық мүлкине бериў ҳаққындағы шешимниң орынланыў барысы менен танысты.
Буннан кейин «Сарышүңгил» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жақында пайдаланыўға тапсырылған «Социаллық қалаша»да жасаўшылар менен ушырасты. Бурынғы «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаял-қызлар интернат үйиниң ески имараты қайта ремонтланып, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақларға турақ жай ретинде берилген еди.
Ушырасыўда елимиз басшысының басламасы менен турақ жайға мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди. Барлық қолайлықларға ийе «Социаллық қалаша»ның пайдаланыўға тапсырылыўы инсан қәдирин улығлаў, оларды руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў арқалы кәмбағаллықтан шығарыў жолындағы жумыслардың айқын көриниси болып табылады.
Депутатлар «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарына да қатнасты. Олардың басламасы менен районның «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Депутатлар бағы»на 150 түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәли егилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.