«БИР МИЛЛИОН ТЕРЕК» АКЦИЯСЫ ШЕҢБЕРИНДЕГИ ИЛАЖ
«Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимшесиниң басламасы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы менен биргеликте Нөкис қаласындағы миллий мәдений орайлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жайласқан «Дослық үйи»ниң аймағында илаж өткерилди.
Онда шығып сөйлегенлер, акцияның мақсет ҳәм ўазыйпаларына, оның қоршаған орталықты қорғаў, аймақтың абаданлығын тәмийинлеў, тәбияттың тазалығын сақлаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти. Президентимиз тәрепинен басланған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын қоллап-қуўатлаў мақсетинде, «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимшеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы менен биргеликте бир қатар илажлардың өткерилип киятырғанлығы атап өтилди. Бул акция мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен қоллап-қуўатланды ҳәм белсене қатнасты.
Илаж даўамында қатнасыўшылар тәрепинен 100 ге шамалас терек нәли егилди. Усы егилген нәллердиң тәрбиясын «Дослық үйи» имаратында жайласқан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери өзлериниң жуўапкершилигине алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы