ҚӘЛЛИБЕК КАМАЛОВ ОҚЫЎ ЗАЛЫ АШЫЛДЫ
Жақында мийнет ветераны, белгили мәмлекетлик ғайраткер, «Эл-юрт ҳурмати» ордени ийеси Қәллибек Камалов өз интасы менен ийгиликли мақсетте Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң фундаментал китапханасына өзине тийисли болған 674 дана китапты тапсырған еди.
Енди усы китапханадан еки бөлме ажыратылып сол китаплар жәмленген жерде Қәллибек Камалов оқыў залы ашылды.
Илажда атап өтилгениндей, пүткил дүнья жүзине белгили алымлардың, ойшыллардың терең илимий пикирлери жәмленген усы китапларда улыўма түркий халықлардың көп мың жыллық тарийхы сәўлеленген. Түркий халықлар ишинде өз орны бар қарақалпақ халқының узақ тарийхынан дәрек бериўши мағлыўматлар да ушырасады. Бул демек, тарийхымызды жаңаша жазыўға толық мүмкиншиликлер бар, деген сөз.
– Буннан тысқары, атамыз фундаментал китапханамызға қәўендерлик етип, он миллион сумлық оңлаў жумысларын әмелге асырды, китаплар қойылатуғын полкалар саўға етти,-дейди Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтының директоры, филология илимлериниң докторы Айтмурат Альниязов. – Бул ақсақалымыздың китап сыйлаў бойынша биринши мәрте әмелге асырып атырған иси емес, буннан алдын жоқары оқыў орынларына, мектеплерге де көплеп китаплар саўға еткенинен журтшылық хабардар.
Жақында бизге «История татар» атамасындағы жети томнан ибарат китаплар топламын да саўға еткен еди. Бундағы гейпара томлардың көлеми 1100 беттен артады. Китаплар топламының салмағы 30 килограмм әтирапында. Бул китаплардың барлығын ол өзиниң жеке қаржысы есабынан алған.
Енди бул жердеги оқыў залы ҳәм саўға етилген китаплар сақланатуғын бөлме илимпазлардың сүйикли орнына айланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги