УЛЫСТЫҢ УЛЛЫ КҮНИ
ЯМАСА ХАЛЫҚҚА ҚАЙТА ҚУЎЫСҚАН НАЎРЫЗ
— Халайық, еситпедим демеңлер, күни ертең таң азан менен аўылдағы яшуллы Сейтназар атаның үйинде сүмелек қайнатылады. Қалмастан барыңлар-ә-әй-й!
Шоқланып, тығыз қоныс басқан аўылдың қақ ортасындағы төбешикте ала аттың үстинде зәңгиге аяқ тиреп, сүренлеген ғайбар тулғалы Бәўеддиниң кешқурынғы бәлент даўысын еситпеген бенде қалмады.
Азан менен тайда туяқ қалмай, ҳәмме бес қанатлы қара үйдиң алдына жәмленисип, бири көгертилген бийдайды алып, екиншиси оны келиге салып, гезекпе-гезек түйип, үшиншиси ширесин сығып, шүлен қазанға қуйып, урда-тут ҳәрекетти баслап жиберди. Қазан атландырылды. Ағаш қалақты гезекпе-гезек услап, сүмелекти былғап атырған қыз-келиншеклер бар ҳаўазы менен қосылып, қосық айтпақта:
Қыз Минайым уйқың қатты,
Жамбасыңа гилтиң батты,
Келген ярың суўыққа қатты,
Оян, енди яр Минайым-э-э-й-й...
Бәлент лапыздағы бул жағымлы ҳаўазды еситип, сирә оянбаған бенде қалмаған шығар деп ойлайсаң.
Қосықлар айтылып, ойын заўықлар қызып, қазанда сүмелек қайнап атыр.
Бул алпысыншы жылларда аўыллардағы Наўрыз байрамы басланыўынан бир еслеў еди.
***
Шынында да өткен әсирдиң алпысыншы жыллары — мектеп партасына жаңа отырған жылларымызда усындай сүмелек қайнатыў мәресимлерине талай гүўа болғанбыз. Таң азаннан басланған сүмелекти қайнатыў мәресими түн ярымынан аўғанға дейин даўам етти.
— Сүмелек таяр болды, - деди бир ўақта жасыуллы мама кемпирлердиң бири. — Енди қазанның қақпағын жаўып қойып таң атқанша күтемиз.
— Неге өйтемиз? - деп қызықсынды сол жердеги қыз-келиншеклердиң бәри.
— Оны қайтып келип қазанның қақпағын ашқанда айтаман. Оған дейин сабыр етиң! - деди мама кемпир гәпиниң изин жутып.
Азанда сүмелек толы қазанның қақпағы ашылды. Ҳәмме не болғанына қызығып атыр.
— Мине, мынаған қараңлар! - деди мама кемпир. — Сүмелектиң үстине Бийбипатма анамыздың қолының изи түскен. Жайылып өскен нәрўан терек болып түскен ол.
Бул абаданлық, тоқшылық, берекет ҳәм тынышлық белгиси, перзентлерим.
— Илайым сүмелекте айтылған тилеклер қабыл, турмысымыз раўаж болғай, - деп пәтиясын берди ол.
Ол жыллары Наўрыз мәмлекетлик байрам сыпатында емес, тек халықтың миллий байрамы сыпатында белгиленер еди.
Ал, жетписинши жылларға келип халықтың усы миллий байрамына «көз тийди».
Сол жыллары районлық газетада жуўаплы хаткер болып ислер едим.
— Жоқарыдан тапсырма болды, - деди редактор ҳәммемизди жыйнап. — Орайлық Комитеттиң идеология бойынша хаткери мәжилис өткерип, барлық телевидениеге, радиоға, газеталарға Наўрыз туўралы материал бериўди қадаған еткен. Байрам болып, материал берилген жағдайда байрам атын
Нәўбәҳәр деп айтыўды тапсырған...
Усындай қысым менен ғәрезсизликке ерискенге дейин Наўрыз диний байрам деп қадаған етилип, аты өзгертилип белгиленип келди.
Ал, енди, әййемги алымларымыз бенен уламаларымыз Наўрыздың келип шығыўын қалай түсиндирген! Усыған азы-кем тоқтап өтсек.
Уллы Әлийшер Наўайының «Иран шахлары тарийхы», Әбиў Райхан Берунийдиң «Әййемги халықлардан қалған естеликлер», Фердаўсийдиң «Шахнама» шығармаларында Наўрыздың пайда болыўы ҳаққында баҳалы пикирлер айтылған.
Тарийхый дәреклерге қарағанда, Наўрыздың келип шығыўы терең илимий тийкарланған әлем, тәбият нызамлары, яғный, күнниң ҳамал буржына кириўи, түн ҳәм күнниң теңлесиўи, күндиздиң узая баслаўы, тәбиятта жанланыўдың басланыўы менен байланыслы екенлиги дана адамлар тәрепинен анық есаплап шығылған. Бул жыл басы қашан келиўине қарамастан Наўрызды ояныў байрамы сыпатында нышанлаў ушын тийкар есапланған.
Заманлар өтип, бул байрам жетилискен, оған сәйкес күн анықланғаннан кейин, бул күн жыл басы ўазыйпасын өтей баслағанда оған Наўрыз — жаңа күн деп ат та берген.
Иран, Орта Азия ҳәм Аўғанстанда Наўрыз байрамын өткериў ахаманийлер дәўиринде — бизиң эрамыздан бурынғы VI әсирде кең тарқалғанын есапқа алсақ, Наўрыз деп аталған байрамымыздың жасы 26 әсирден де зыят ўақытқа барып тақалады. Наўрызда бийдай ямаса арпа дәнин өсирип дастурханның ортасына қойған. Байрамда жетитүрли дән — бийдай, арпа, ноқат, жүўери, гүриш, мәш, лобиядан гөже таярланып, қоңсы-қобаларға тарқатылған.
Омар Ҳаййям өзиниң «Наўрызнама» шығармасында: «Ҳәр бир адам Наўрызды байрамлап, ўақты-хошлық етсе, келеси Наўрыз келгенге дейин оның өмири шадлық пенен өтетуғыны анық» деп жазады.
Миллий байрамымыз Наўрыз турмыстың ең жақсы тәреплерин сәўлелендиретуғын байрам. Наўрызда адамлар ең жақсы қәсийетлери менен көринеди — сулыў кийимлер кийеди, мазалы тағамлар таярлайды.
Наўрыз күни жаманлар — жақсы, сықмарлар — сақый, көриксизлер — шырайлы, гөззаллар және де гөззалласып кеткендей болады.
Наўрыз азатлық ҳәм еркинлик күни десе де болады. Өйткени, бул күни адамлар күнделикли жумыс, тәшўиш ҳәм миннетлерден азат болады. Ғам-қайғылар умытылады. Әдепсизлик, урлық, зорлық, өтирикөсеклерге шек қойылады.
Наўрыз тынышлық күни есапланған.
Өкпе-гийнелер умытылған. Ҳәтте, мәмлекетлер арасындағы урыс-жәнжеллер де тоқтатылған. Қайсы дин, қайсы миллет ўәкили болыўына қарамастан өз өнерин, өз дәстүрин көрсете алған.
Өзбекстанымызда дерлик отыз жылдан аслам ўақыттан берли Наўрыз байрамы рәсмий түрде миллий байрам ретинде өткерилип киятырғанына қуўанамыз. Бул жыллар ишинде миллий дәстүрлеримиз бенен үрп-әдетлеримиз, миллий ҳәм диний қәдириятларымыз қайта тикленип ғана қоймастан, раўажланғанына да шүкир етемиз.
Енди Жаңа Өөзбекстанды раўажландырыў стратегиясында да Ўатанымыздың ҳәр тәреплеме алға өрлеўине кең жол ашылып атырғаны ҳәммемизге айқын.
Еркин ҳәм азат халық ҳәмийше жақсы ислерди әмелге асырыўға инталы болады.
Өз жолын тапқан, өз өнерин ийелеп, мақсетине жеткен ҳәр бир пуқара – елимиздиң ғәзийнеси. Пуқара мақсетине жетип, қурғын жасаса — бул мәмлекеттиң де ырысберекети.
Тиришиликтиң ояныў пайыты быйылғы жылы да елимизге қут-берекет, ырысқы алып келери анық. Дийқанның бир туқымы мың болып, несийбеси молайса, халқымыз дастурханы толып-тасады.
Пандемияның соншелли қысқысынан аман шығып, алға нық қәдем таслаған халқымыздың келешеги және де айдын ҳәм абадан бола бериўине исенемиз. Илайым быйылғы Наўрыз жаңа ийгиликли мақсетлердиң батыл ҳәм жемисли нәтийжеси болып даўам еткей! Улыстың уллы күни Наўрыз ҳәммеңизге қутлы-мүбәрек болсын!
Атеистлер қадаған етип шөкелеп,
Бурын бизге келе алмаған төтелеп,
Наўрыз — Шығыс халқы жылының басы,
Наўрыз — берекет, ырыстан дерек.
Сепкен туқымым мың болсын десип,
Дийқан үмит етер, жерге тиллесип,
Жақсы тилек — ярым ырыс деседи,
Кеткей ел қырманы бәлентлеп өсип.
Мәрт, зәбердес болғай елдиң уллары,
Иске асқай арзыў-әрман гүлләни,
Абадан журт, гүлленген ел атанып,
Бәлентлегей, Өзбекстан ығбалы!
Жолдасбай НУРЫЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасына
мийнети сиңген журналист.