ТАҢЛАЙДА ТАТЫҒАН ТАҒАМ
Сүмелек әлбетте, бул тағамды еситкенде биринши нәўбетте көз алдымызға бәҳәр мәўсими ҳәм Наўрыз байрамы елеслейди. Себеби, сүмелек Наўрыздың миллий тағамы есапланады. Биз билемиз, бул ҳаққында қаншаданқанша рәўиятлар бар болып, өзимиз де жасы үлкен апаларымыздан еситкенбиз.
Бурынлары ашлық заманында өмирлик жолдасынан айрылып, жесир қалған келиншек перзентлерине не жегизерин билмей түскинликке түседи. Бала да анасына аш болғанлығын қайталай береди. Үйиндеги азғана бийдайынан бир нәрсе писириўди ойлаған келиншек, балаларына уйқылап дем алыўын, турғанынша аўқат таярлайтуғынын айтады. Ал, анасы болса әри ойланып, бери ойланып, ақырында бийдайын қазанға салып, Алладан мәдет сорап, қайната баслайды. Тынбай қайнатып, кейнинде шаршап уйқылап та қалады.
Шоршып, уйқысынан турса, перзентлери тағамды жеп, мәс болып, мазалы аўқат таярлапсыз,- деп анасын аймалайды. Ҳаял да ҳайран болып, тағамнан татып, мазасына таң қалады. Әне сол-сол екен, суў менен бийдайдан мазасы таңлайда татыйтуғын сүмелек пайда болғанмыш, деген гәплер де бар. Ойлаўымызша, бул да ҳақыйқаттан қашық еместей. Солай етип, ҳәр жылы үлкемизге мәўсимлер келиншеги болған бәҳәр қәдем қойыўдан улыстың уллы күни Наўрыз байрамына жалғастырады. Байрам жақынлаўдан ҳәмме жәмлесип, меҳир менен сүмелек қайнатыўдың әнжамына кириседи. Быйыл да әлле қашан көше-көше болып ҳаял-қызларымыз байрамның сәни болған сүмелекти таярлаўға бел байлаған. Машақатынан қашпай сүмелек қайнатсаң ойлаған тилеклериң әмелге асады, дегенди көп еситкенбиз. Сол себепли ме, көпшилик бар меҳри менен дийқан бабаларымыз жетистирген бийдайды өндирип, сүмелек қайнатыўды баслайды. Үлкен шойын қазанларда ул-қызы, бәри-бәри жәмлесип, таң азаннан баслап кеш жатаман дегенше қазанды жағалап, жақсы нийетлер менен ойын-күлкиге түсип, сүмелекти бүлкилдетип, қайнаўын жеткизеди. Кекселердиң айтыўларына қарағанда, дәми таңлайда татыйтуғын сүмелектен қанша көп адам татса, қайнатқанларға саўабы сонша көп тийер екен.
— Бәҳәр келиўден ул-қызымды, келинлеримди жыйнап, сүмелек қайнатыўға кирисемиз. Бул тағам ҳәммениң, әсиресе, үйимизди толтырып отырған перзентлеримиздиң сүйикли тағамы. Буның денсаўлық ушын да пайдалы тәрепи көп. Ата-бабаларымыз пасыллар алмасыўында инсанда жүз беретуғын өзгерислерди терең аңлап, ерте бәҳәрден инсан ушын пайдалы болған тағамлардың бири сүмелекти писирген. Тийкарғысы, жүзжүзге түссе, меҳир, сыйласық артады. Меҳир бар жерде аўызбиршилик болады. Айтайын дегеним, бийдайды өндиргеннен көшемизде байрамның басы басланады. Жақсылап қарап, тайын болған соң кими түйип, кимиси майдалап өткерип, сығып суўын алғаннан кейин қайнатып баслаймыз. Тынбай былғап турыў шәрт. Оған ун, набат, баллардың несийбеси десип ғоза да саламыз.
Қумбыл болған перзентлеримниң жүзлеринен шаршаў емес, қуўаныш нурларының балқығанын сеземен. Дастурхан жайылып, ойын-заўық, ҳәмме билгенин айтып, ўақыт деген зымырап өтеди. Әсиресе, шаршаса да уйқыламай, оннан дәм татыў ушын асыққан балалардың қуўанышын көрип, көзиме жас аламан. Соңында, қайнаўы жеткен сүмелекти үлкен сүлги менен бастырамыз. Жасы үлкенлеримиз ырым етип, сүмелектиң үстине түскен сүлдер, әдетте қандай да бир жақсылықтың нышаны деседи. Бизиң быйылғы сүмелегимиздиң үстине нәрестениң алақанына усаған сүлдер түсипти. Бул да ғайыптан емес шығар, қуда қәлесе, шаңарағымызға көшемизге жақсы келинлер келип, етегимиз ақлыққа толар-дейди Нөкис қаласындағы 45-санлы «Боз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны, мийнет ветераны Арыўхан апа толқынланып.
Және де Жаңыл апаның: «Сүмелекте қәсийет көп, жақсы нийет пенен сүмелек қайнатсаң, ойыңдағыдай болады. Мен де бар меҳрим менен сүмелек қайнатып, оны түн бойы бүлкилдетип, жүрегиниң түбиндеги көптен кеўилге түйип жүрген ағла нийетлерин төгип салдым. Кәмине келип қайнаған сүмелегимди бастырдым. Қуўанғаным, «Жақсы нийет-жарым ырыс», қуданың ҳәмиримисең деген, тап сол күни жүриңкиреп қалған балам келин алып келди. Оннан да қызығы, арадан жыллар өтип илгериде сүмелек писирилген күни үйленген баламнан көрген ақлығым да үйленип, умытылған сол ўақыяны және еслетти», деп айтқанлары ҳеш ядымнан шықпайды. Ҳақ кеўил, шын ықлас бәлким бул да ҳақыйқатлыққа уғрас келетуғын шығар, ким билсин!
Сапура ТУРДЫБЕКОВА.