ОРЫНЛАНЫЎЫ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ СТАНДАРТЛАР ЕНГИЗИЛМЕКТЕ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-июньдеги «Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды түптийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президентимиз қарары менен тармақлар ҳәм жергиликли кәрханаларда стандартластырыў, өним сапасын тәмийинлеўге қаратылған айқын илажлар белгиленген еди.
Усы илажларда халықаралық стандартларды енгизиў, өнимлердиң халықаралық талапларға муўапықлығын баҳалаў, системалы түрде кәрхананың жумысшықәнигелериниң стандартлардың әҳмийети бойынша билимин жетилистириў ҳәм де өнимлер сынаўларын әмелге асырыў ушын сынаў лабораторияларын шөлкемлестириў ҳәм модернизациялаў ўазыйпалары белгилеп берилди.
Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң аймақлық бөлими есапланған «Өзбекстан илимий-сынаў ҳәм сапа қадағалаўы орайы» Мәмлекетлик мәкемесиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен кәрханаларда ислеп шығарылып атырған өнимлерди сынаў ҳәм сертификатластырыў, халықаралық стандартларды енгизиў, өнимлерди экспорт етиў сыяқлы тараўға тийисли мәселелерде әмелий жәрдемлер көрсетиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Бул жумысларда агентлик пенен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған «2022-жылда халықаралық стандартларды енгизиў ҳәм сертификатластырыў тармақ графиги» үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында менеджмент системаларын енгизип, сертификатластырылған кәрханалардың улыўма саны 286 болып, соннан 2021-жылда 18 кәрханада халықаралық стандартлар талапларына муўапық менеджмент системалары сертификатластырылды. Усы жылда болса тармақ графигине киргизилген 20 кәрханадан: 12 кәрханада ISO 9001; 3 кәрханада ISO 22000; 2 кәрханада GlobalG.А.P.; 2 кәрханада Organic ҳәм 1 кәрханада OEKO-TEX халықаралық стандартларын енгизиў режелестирилмекте.
Усы жыл февраль айының ақырында Нөкис қаласында жайласқан сүт ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыўшы «PАNАEV FАRMS» фермер хожалығында енгизилген менеджмент системасы ISO 22000 «Азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги менеджменти системасы. Азық-аўқат шынжырында қатнасып атырған кәрханалар ушын талаплар» стандарты талапларына муўапықлығы сертификатластырылды.
«Өзбекстан илимий-сынаў ҳәм сапа қадағалаўы орайы» Мәмлекетлик мәкемесиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалының қәнигелери ҳәр бир райондағы экспортёр ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханаларға жуўапкер етип бириктирилип, олар тәрепинен кәрханалардың тараўға тийисли машқалаларын үйрениў, халықаралық стандартларды енгизиўдиң әҳмийети ҳәм абзаллықларын түсиндириў жумыслары алып барылмақта.
Қулласы, Қарақалпақстан Республикасында ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў менен бирге түсиндириў жумысларын алып барыў нәтийжесинде халықаралық стандартлар талапларына муўапық менеджмент системалары сертификатластырылған кәрханалар саны артып бармақта.
Баҳадыр САПАРОВ,
«Өзбекстан илимий-сынаў ҳәм сапа қадағалаўы орайы»
Мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан филиалының қәнигеси.