ГӨЗЗАЛ БӘҲӘРДИҢ УЛЛЫ ӘЙЙЯМЫ
Кеўиллеримиздеги ғам-тәшўишти жоғалтып, қәлбимизге тыныш-татыўлық пенен әжайып гөззал паслы бәҳәр келди. Аппақ пәк кеўиллеримиз ынтықлық пенен бәҳәрди күтип алды.
Ал, бәҳәр өзи менен Наўрыз қуўанышларын алып келмекте. Өткен жыллары пандемия жағдайына байланыслы халқымыз бул байрамды тек ғана шаңарақларында белгилеп өткен еди. Ал, быйылғы жылы халқымыздың жақсы арзыў-нийетлери әмелге асып, өзгеше қуўаныш, сән-салтанат пенен, үлкен аўызбиршиликте күтип алмақта.
Әлбетте, сән-салтанатқа толы Наўрыз байрамының кирип келиўи менен әтирапымыз пүткиллей гөззал түске бөленеди.
Ғәрезсиз елимизде бул байрам ҳәр жыл сайын 21-март күни салтанатлы жағдайда өткериледи.
Ашық тәбият қушағында белгиленетуғын Наўрыз тамашаларында миллийлигимизди өзинде жәмлеген үрп-әдетлер, қәдириятлар, фольклорымыздың ең жақсы үлгилери, халық ойынлары, инсаныйлық туйғыларды сәўлелендириўши қосық, ойынларға орын бериледи. Айтыўымыз керек, бул байрам әсирлер даўамында жаңаланып бармақта. Лекин, не ушын тап усы күни - 21-март күни байрамланады? Буның да себеби бар, әлбетте. Астроном илимпазлардың есаплаўларына қарағанда, ҳәр жылы 21-мартта қыс толығы менен тамамланып, ҳақыйқый бәҳәр басланады ҳәм күн менен түнниң теңлесиўи тап усы күнге туўра келеди. Усы күни ҳамал айының биринши күни кирип келип, жаңа жыл басланады. Демек, үлкемизге бәҳәр келгеннен соң ҳәмме нәрсе жаңаланады: топырақ қыза баслайды, дарақлардың шақаларына суў жуўырып, бүртиклер жапырақ шығара баслайды. Жер бетинде қылтыйысқан көк шөплер бой көтереди. Солай екен, «Наўрыз» сөзиниң өзи-ақ «Жаңа күн», жаңа жыл басынан дерек берип турғандай түйиледи. Дастурханларымыз миллий тағамлар менен безелип, шүлен қазанларда сүмелеклер қайнатылып, ҳәр биримиз жақсы тилеклер менен сүмелек былғаймыз. Сүмелек — бәҳәрдиң ҳәм пайдалы, ҳәм мазалы тағамы. Тәбият қушағында бәҳәр нәпеси сезилип, халық сейиллери басланады. Наўрыздың және бир әжайыбаты сонда, ол адамлар кейпиятына унамлы тәсир етеди, яғный, өкпе-гийнелер умытылып, меҳир-муҳаббат шынжырлары байланады. Узақ-жақындағы кекселер, бийтаплар аўҳалынан хабар алынады. Адамлар сенменге барыспай, тыныштатыўлық пенен барыскелисин даўам еттиреди.
Жыл басы — Наўрыз жаңа мийнет мәўсимин баслап береди. Атызларда мийнет қосықлары жаңлайды. Берекетли зүрәәтке усы дәўирде беккем тийкар жаратылады. Ана-тәбияттың бийминнет сақыйлығы нәтийжесинде ол меҳир-несийбеге ериседи. Тәбияттың жүреги, барлығы күннен-күнге
қуяшқа тапланады. Бүгин мәмлекетимиздиң барлық қала ҳәм районлары және де гөззалланып, көркейип бармақта. Абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылып, ҳәр қыйлы терек ҳәм мийўе нәллери отырғызылмақта, бағлар жаратылмақта. Бул болса, бәҳәрди сағынып күткен инсанлар руўхыятына шексиз заўық инам етеди. Наўрыз барлық үлкенкиши ушын бирдей әзиз ҳәм қәдирли әййям, меҳир-мүриўбет ҳәм қайырсақаўатлы бул байрам жылдан-жылға жаңаша мазмун менен байытылып, улыўмахалықлық байрам дәрежесине көтерилди.
Наўрыз жасларымыздың мәнаўиятын жоқарылатыў, оларды миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда әҳмийети үлкен. Ғәрезсизлик жылларында оның қәдири және де улығланды. Ардақлы бул әййямды улыўма халық сейили сыпатында белгилеў дәстүрге айланды. Көп миллетли халықларымыз бул байрамды татыўлықта, бирлескенлик пенен белгилеп келмекте. Мине, үлкемизде Наўрыз байрамы есик қақпақта. Бул болса, бәҳәрдиң жағымлы самалы есип, салтанатлы мәўритлердиң күн санап жақынласып киятырғанлығынан дерек берип тур. Аўа, бул әжайып қутлы күнлерде шүкиршилик етип, жақсы тилеклер тилеймиз. Илайым, бул жылғы Наўрыз Жаңа Өзбекстанымызға қутлы келсин! Сен келиўиң менен гөззал журтымыз және де көркейип, елимизге тынышлық, халқымызға пәраўанлық, қут-берекет алып келгей!
Гулайым САПАРОВА.