– Мен өзим Қарақалпақстанлыман. Бул жерге келиўди қәлеўши жаслар көп еди. Мойнақ районына сексеўил егиўге барамыз,-деп қәлеўшилерди сорағанында солардың арасынан бириншилерден болып акцияға қатнасыў тилегимди билдирдим,-дейди Наўайы мәмлекетлик кәншилик инстуты магистратура бағдары студенти Арысланбек Ниетбаев. – Мине, бүгин бизлер Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты жәмәәти менен биргеликте Мойнақ районы аймағын және де раўажландырыў, көклемзарластырыў илажларына аз болса да өз үлесимизди қосыў мақсетинде Наўайы ўәлаятынан  келдик. Бизлер жергиликли жаслар менен танысып, сәўбетлестик. Сексеўил нәллерин отырғыздық. Мен Мойнақты көргенимнен қуўанышлыман. Усындай ийгиликли ислерге бәрше пуқараларымызды белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.

Илаж даўамында жаслар районның дыққатқа ылайық орынларына барып, Мойнақ районының тарийхы, соңғы жылларда әмелге асырылған жумыслар, жетискенликлер менен танысты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги