ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ МӘМЛЕКЕТ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДАҒЫ БЕЛСЕНДИЛИГИ
Ҳәзирги ўақытта дүньяда жүз берип атырған глобалласыў процесинде ҳаял-қызлардың ҳуқықый еркинлигин тәмийинлеў, олардың мәплерин қорғаў бүгинги күндеги әҳмийетли мәселеге айланған.
Жәмийетте ҳаял-қызлардың экономикалықсиясий ҳәм социаллықҳуқықый искерлигин арттырыў процесслери бүгинги дәўир талабы есапланады. Ҳаяллар мәселеси жәмийет, миллетлер, мәмлекетлер, мәденият ҳәм цивилизациялар менен тығыз байланыста. Бул мәселениң жүзеге келиўи ҳәм раўажланыўы социалтарийхый процесслердиң биринши басқышқа өтиўи менен де байланыслы.
Гендер түсиниги тек ҳаяллар мәплерин аңлатпайды. Ол ҳәр еки жыныс ўәкиллериниң жәмийет алдында тең ҳуқықлылығы, өз арзыўлары ҳәм мақсетлери тәрепке теңдей адым атыўы, турмыс шараятын жақсылаў ушын бирдей мүмкиншилик бериў керек деген түсиникти билдиреди. Раўажланған жәмийеттиң ең үлкен талапларының бири де бул ер ҳәм ҳаял адам ҳуқықлары теңлигин тәмийинлеў болып табылады. Бул өз гезегинде ҳәр бир мәмлекетте сиясий ҳәм экономикалық жетискенликлерге ерисиўде үлкен жәрдем бериўи жәмийеттаныўшылар, социологлар ҳәм тийисли қәнигелер тәрепинен атап өтилген.
Бүгин шаңарақта, жәмийетте, әсиресе, ҳаялқызлардың социаллық турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы нәтийжесинде социаллық мүнәсибетлерде де, ҳуқықый-нызамшылық тараўында да үлкен жаңаша көзқарасларды пайда етпекте.
БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1979-жыл 18-декабрьде «Ҳаял-қызлардың ҳуқықларының кемситилиўиниң барлық формаларына шек қойыў» ҳаққындағы конвенцияның қабыл етилгени пикиримиздиң дәлили болып табылады. Усы конвенция ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың әмелдеги тең ҳуқықлылығына ерисиў, яғный, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлар тәрепинен өз ҳуқықларынан әмелде пайдаланыў мәселелерине байланыслы болған машқалаларды ашық-айдын белгилеген тийкарғы ҳүжжет болып табылады. Конвенцияда белгиленген мәселелер көп қырлылығы менен ажыралып турады. Яғный, түрли көринистеги кемситиўлерге шек қойыў мәселелериниң әҳмийетин анықлап бериў менен бирге, ҳаялқызлар тең ҳуқықлы инсан ретинде олардың позициясын арттырыў, олардың сиясий, социал-экономикалық ҳәм материаллық ҳуқықлары, ер адамлар менен теңдей екенлиги, сондай-ақ, аналық уқыбы менен байланыслы зәрүр қағыйдалар ҳәм нормалар сәўлелендирилген.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде гендер теңлиги бойынша институционал тийкарлар да кеңейтилип атыр. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты қурамында ҳаяллар ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм кемситилиўдиң ҳәр қандай формасына шек қойыў бойынша миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға муўапықластырыў менен шуғылланатуғын ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети шөлкемлестирилди. 2019-жыл сентябрь айында Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм де мүмкиншиликлер кепилликлери ҳаққында»ғы ҳәм де «Ҳаял-қызларға басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы Нызамлар қабыл етилди.
«Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм де мүмкиншиликлер кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамда ҳаяллардың жынысы бойынша тиккелей кемситилиўин қадаған етиўге айрықша итибар қаратылған. Усы нызам мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 7-март сәнесиндеги «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин еле де күшейтиў ҳәм исбилерменлик жумысын қоллапқуўатлаўға тийисли илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық ислеп шығылды. Бул нызамның мақсети ҳаял-қызларды турмыста, жумыс орынларында, билимлендириў мәкемелеринде ҳәм тағы басқа да орынларда ҳәр қыйлы қысымлар ҳәм зорлықтың барлық түрлеринен формаларынан қорғаўға қаратылған. Мәмлекетимиз басшысы: «Биз ушын гендер теңлиги сиясаты жоқары туратуғын мәселеге айланды. Ҳаялқызлардың мәмлекет басқарыўындағы орны оғада артып атыр. Жаңа Парламентимизде ҳаял депутатлар саны еки есеге көбейди», деп мәмлекетимизде ҳаял-қызлар сиясаты бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға итибар қаратты. Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде
ҳаял-қызлардың өз мүмкиншиликлерин толығы менен әмелге асырыў ушын барлық шараятлар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди.
Мысал ретинде келтирип өтетуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасынан еки ҳаял-қыз Олий Мажлис Сенаты ағзасы, үш ҳаял-қыз Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты болса, жигирма ҳаял-қыз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, бир жүз отыз үш ҳаял-қыз районлық ҳәм қалалық кеңес депутатлары сыпатында белсендилик көрсетип келмекте. Жоқары билимлендириў тараўында болса он бестен аслам илим докторы ҳәм профессорлар, еки жүз отыздан аслам РhD, еки жүз сексеннен аслам профессороқытыўшы ҳаял-қызларымыз жасларға илим сырларын үйретип келмекте.
Бул әпиўайы ғана санлар емес. Ҳаял-қызлар мәмлекетимиздиң сиясийжәмийетлик, илим-изертлеў сыяқлы тараўларда белсендилиги артып атырғанлығының, ең баслысы, елимизде гендер теңлигине әмел етилип атырғанлығының және бир айқын мысалы десек алжаспаған боламыз.
Қуўанышбай ЮСУПОВ,
Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы
директорының биринши орынбасары.