Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:07:52, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАРДЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Бүгинги күнде ҳәр бир тараўда алып барылып атырған түпкиликли реформалар мәмлекетимиздиң социал-экономикалық турмысын жақсылаўға, халқымызға қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған.

Аўыл хожалығы тараўы мысалында алып қарасақ, бул бағдардағы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар алып барылып атыр­ған реформалар нәтийжесинде, халқымыз арасында жер танып, жердиң тилин билген атайы мийнеткеш дийқанларымыз үнемли пайдаланып, дастурханымыздың қысы жазы төгин шашынлығын тәмийинлемекте. Бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябрьдеги «Мийўе овощ жетистириў ҳәм жүзимгершиликте шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы өндирисинде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 24-ноябрьдеги «Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участ­каларын ижараға бериў тәртибине байланыслы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы  қарарлары қабыл етилген еди. Жақында Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен бул қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў бо­йынша алып барылып атырған жумысларды халқымызға кең түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспа сөз әнжуманы өткерилди. Илажда Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары П.Сейтмуратов, «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий институты Қарақалпақстан Республикасы Жер жойбар бөлиминиң топар баслығы Ж.Есбергенов, Электрон онлайн аукционды шөлкемлестириў орайының Қарақалпақстандағы жуўапкер ўәкили А.Жамиловлар сөзге шығып, қарардың орынланыўы бо­йынша исленип атыр­ған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтти. Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы бо­йынша 2022-жыл ушын 8110 гектар жер майданы фермер хожалықлары ҳәм кластерлер пайдаланыўындағы бос жатырған жер майданлары қайтарып алыныўы режелестирилип, соннан усы күнге шекем 7992 гектар жер майданы ҳәкимият жер фондына өткерилип, мәмлекетлик дизимнен өткерилген. Соның ишинде 1015 гектар жер майданда 3056 дана жер участкасына аукцион баянламасы дүзилип, таңлаўда жеңгени ҳаққындағы баянламаны тастыйықлаў ҳаққындағы 796 гектар жерге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң арнаўлы қарары шығып, бул бойынша  227 гектар майданға 710 ижара шәртнамасы дүзилген. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында усы күнге шекем 26708 аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданлары UzKad бағдарламасына киргизилип, 24702 жерден пайдаланыўшы мәмлекетлик дизимнен өткерилди ҳәм 2006 пайдаланыўшы сыпатында дизимге алынып, 40294 көшпес мүлк объектлерине кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилди. Өткен жыл даўамында 232,3 гектар майданда 4493 жер участкасы «Е-ижара» онлайн аукцион саўдасына қойылып, соннан 51,0 гектар жер майданы яғный, 867 си аукционда реализация етилди.

Сондай-ақ, пуқараларға дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер майданларын ижараға бериў тәртиби енгизилди. Бунда халықтың жайласыўына қарап 0,10 сотыхтан 1 гектарға шекемги жер өлшемлери  электрон мәлимлеме системасы арқалы 10 жыл мүддетке ижараға бериў тәртиби белгиленген. Бунда 2023-жылда 5230, 2024-жылда 3955, 2025-жылда 2985 гектар жер майданлары  аукцион арқалы берилиўи нәзерде тутылған. Атап айтқанда, «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий жойбарлаў институты «ҚРжержойбар» бөлимине Е-ижара электрон мәлимлеме системасы арқалы келип түскен мағлыўматлар жер майданының орнында үйренип шығылып ти­йисли министрлик, мәкеме кәрханалар менен келиседи ҳәм келисилген мағлыўматлар ра­йон ҳәкимлигиниң Е-ижара электрон мәлимлеме системасына тас­тыйықлаў ушын жибериледи. Бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы бойынша 6529 гектар жер майданы дийқан хожалығын жүргизиў ушын лотларға бөлинип усы жылдың 10-мартына шекем 1120 гектар жер майданының жеңимпазлары анықланып, пуқараларға жер майданы орнында көрсетиў жумыслары алып барылмақта. Буннан тысқары, юридикалық пуқаралар ушын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойынша 22 жойбар (лот) ислеп шығылып 1059,24 гектар жер майданы «Е-аукцион»­ға шығарылды.

— Бул қарардың тийкарғы мақсети — халықтың социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж кем тәмийинленген шаңарақларды яғный, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды  исбилерменликке үйретиў, шаңарақта дәрамат дерегин жаратыў арқалы қыйын жағдайдан алып шығыў нәзерде тутылған. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы фермер хожалықларынан төрт жыл даўамында 20 880 гектар жер майданларын қайтарып алыныўы режелестирилип, пуқараларға жер ажыратылып бериў тәртиби тастыйықланды. Яғный, бунда аймақтағы халықтың жайласыў орнына қарап 0,10 сотыхтан 1 гектарға шекемги жер майданлары ашық электрон таңлаўы арқалы 10 жылға ижараға бериў тәртиби белгиленди, - дейди Кадастр агент­лиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары П.Сейтмуратов.

Әнжуман қатнасыўшылары қәнигелерден жер алыўда халық арасында ушырасып атырған ҳәр қыйлы түсинбеўшилик жағдайлары бойынша берилген сораўларына жуўаплар алды.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF