КОРРУПЦИЯ: ЖӘМИЙЕТТИ ЖЕМИРИЎШИ ИЛЛЕТ
Коррупция мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына, халықтың әдилликке болған исенимине елеўли зыян жеткизетуғын қәўип ҳәм жәмийетти жемириўши иллет. Бул әзелден көплеген мәмлекетлер турмысынан орын алып киятыр.
Сонлықтан, дүньяның барлық мәмлекетлериниң раўажланыўына тосық болып киятырған коррупция қәўпине қарсы гүресиўди тәмийинлеўге қаратылған бир қанша халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген. Атап айтқанда, Мәмлекет ҳәмелдар шахслардың халықаралық этикалық кодекси (НьюЙорк, 1996-жыл 12-декабрь.);
- Коррупция бойынша жынаят жуўапкершилик конвенциясы (Страсбург 1999-жыл, 25-январь);
- Коррупция бойынша пуқаралық ҳуқықый жуўапкершилик конвенциясы (Страсбург 1999-жыл, 4-ноябрь) ҳәм усы конвенцияға қосымша протокол (Страсбург 2003-жыл, 15-май);
- Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң коррупцияға қарсы конвенциясы (2003-жыл, 30-октябрь);
- Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң Бас Ассамблеясының 2003-жыл 1ноябрьдеги резолюциясына муўапық 2004-жылдан баслап 9-декабрь «Пүткил жәҳән коррупцияға қарсы гүресиў күни» сыпатында белгиленген.
Өзбекстан Республикасы 2008-жыл 27-июньде «БМШның коррупцияға қарсы конвенциясына (Нью-Йорк 2003-жыл 30-октябрь) Өзбекстан Республикасы қосылыў ҳаққында Нызамы Сенат тәрепинен қабыл етилди.
2004-жылдан баслап 9-декабрь сәнесинде Пүткил жәҳән көлеминде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ғалабалық илажлар әмелге асырылмақта. Кейинги жылларда бизиң елимизде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша әмелге асырылған ислер жуўмағына бағышланған көплеп илажлар өткерилип келинбекте.
Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңеси коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тийисли министрлик ҳәм мәкемелер ҳәм де бир қатар халықаралық шөлкемлер менен биргеликте турақлы жумыс алып бармақта. Илажлар шеңберинде мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлер, МКШлар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер қатнасында талқылаў ҳәм әнжуманлар, жаслардың қатнасында тренинг ҳәм оқыў сабақлары кең қатлам арасында жәмийетлик пенен үйрениў, сораўнамалар өткериў шөлкемлестирилмекте.
2020-жыл, 29-июньде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша исилажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманында Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңеси ҳәм оның аймақлық кеңеслерин шөлкемлестириўге тийисли бир қатар ўазыйпалар белгиленген.
Бул бойынша коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңесиниң 2021-жыл 19-августтағы 4-санлы мәжилисиниң қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслери ҳаққында реже ҳәм аймақлық кеңеслер ағзаларының үлгили дизими тастыйықланды. Режеге тийкар аймақларда коррупцияға қарсы гүресиў процеслериниң нәтийжелилигин арттырыў, аймақлық, мәмлекетлик органлар искерлигин муўапықластырыў, Аймақлық кеңеслердиң тийкарғы мақсети етип белгиленди.
Сондай-ақ, аймақлық кеңеслерге коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы мәмлекетлик ҳәм басқа бағдарламалардың әмелге асырыўын шөлкемлестириў, салада искерликти орынлаўшы органлар ҳәм де шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм бирге ислесиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтлары менен биргеликтеги искерлигин тәмийинлеў, аймақларда коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы ислердиң жағдайын комплексли үйрениў сыяқлы ҳәм басқа да ўазыйпалар жүкленген. Аймақлық кеңеслердиң исши орган функциясына тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Халық депутатлары кеңеслери секретариатлары орынлаўы, аймақлық кеңес қурамы, жергиликли кеңес депутатлары, орынларда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органлары, МКШ басшыларының қәлиплестирилиўи ҳәм оның жеке қурамы миллий кеңес қурамы тастыйықланыўы белгиленди.
Бул иллетке қарсы гүрес алып барыўда ғалаба хабар қуралларының орны айрықша. Сонлықтан республика ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер жәмийетимизде орын алып атырған унамсыз иллетлерди әшкаралаўда белсене ҳәрекет етпекте. Мәселен, Қарақалпақстан телевидениесинде январь-февраль айларында отыздан аслам аналитикалық материаллар берилди. Оларда «Ҳуқық ҳәм жәмийет», «Адам ҳәм Нызам» көрсетиўлери, сондай-ақ, «Хабар» бағдарламасының дерлик ҳәр бир санында жоқарыда атап өтилген Пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы бойынша турақлы материаллар берилмекте. Буларда тийкарынан Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен районларда өткерилген оператив илажларда жүз берип атырған жынаятлар паш етилгени ҳаққында материаллар берилмекте.
Сондай-ақ, «Коррупцияға қарсы гүресиў ислериниң нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасын енгизиў исилажлары ҳаққында»ғы Президент қарарының мақсет мазмун-мәнисин, әҳмийети ҳаққында республика Әдиллик министрлиги жетекши қәнигелери ҳәм басқа да усындай тараў хызметкерлери менен сәўбетлер, олардың шығып сөйлеўлери шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, Елликқала, Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья районлық телевидениелеринде усындай материаллар турақлы берилмекте.
Республикалық газеталар «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана», «Қорақалпоғистон тонги» газеталарында «Коррупция-миллет душпаны», «Коррупциядан жырақ дүнья-улыўма инсаный арзыў», «Мероприятие в рамках проекта «Сфера без коррупции», тараўлық газеталар «Ғәрезсизлик ҳәм Нызам», «Тынышлық сақшысы» газеталарында еки ай даўамында 10-12 материал, районлық ҳәм қалалық газеталарда болса ҳәр биринде 2-3 материал жәрияланбақта.
Булардың бәринде жәмийетти жемириўши, турмысымызға унамсыз болған, елимиздиң раўажланыўына кери тәсир етип атырған бул иллет ҳәм оған қарсы гүресиў туўралы үгит-нәсият ҳаққында сөз етиледи. Өйткени, коррупцияға қарсы гүрес тек ғана тийисли тараў қәнигелериниң емес, кең жәмийетшиликтиң ўазыйпасы екенлигин, оған биргеликте гүресиў зәрүрлигин айрықша атап өтемиз.
Кеңесбай РЕЙМОВ
Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик Аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы,
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық кеңеси ағзасы.