Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:12:31, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СТУДЕНТЛЕР ДЕ МИЙНЕТ ЯРМАРКАСЫНА ҚАТНАСТЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 4-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында «Бос жумыс орынлары» ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмаркаға республикамыздағы усы филиалдың питкериўши студентлерине жумыс бериў мүмкиншилигине ийе, тараўға байланысы бар кәрханалар ҳәм шөлкемлер өзлериниң бос жумыс орынлары менен қатнасты.

Ярмарканы өткериўден мақсет – жумыс бериўшилер менен тиккелей қатнасық жасаў арқалы жумыс табыў, кадрларға зәрүрлиги бар кәрханалар ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болыў ҳәм жумыс бериўшилерге керекли кадрларды таңлаўда әмелий жәрдем көрсетиўден ибарат.

Ярмаркада филиал директоры Б.Қайыпбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, барлық тараўларға ҳәм шөлкем басшыларына миннетдаршылық билдирди. Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған усындай илажлар, елимиздиң және де раўажланыўы, жасларымыздың студент ўақтынан-ақ жумыс пенен тәмийинленип, әмелге асыражақ болған нийетлериниң орынланыўына тийкар жаратылыўы, бахытлы турмыс кешириўи ушын үлкен мүмкиншилик екенлигин атап өтти.

Ярмаркада студент-жаслар менен бирге, жумысқа кириў мақсетинде болған басқа да жаслар, бәнт болмаған пуқаралар, ҳаял-қызлар қатнасты. Олар ярмарка даўамында тараўы ҳәм қызығыўшылығы бойынша усыныс етилген жумыс орынларын үйренип, шәртнамалар дүзилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF