Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:06:38, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА БИЛДИРИЛГЕН ИСЕНИМ...

Әлбетте, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды, шаңарақты, аналықты ҳәм балалықты қәстерлеп сақлаў, жәмийетте ҳаял-қызлардың абырайын және де жоқарылатыў, турмыс абаданлығын арттырыў, мүнәсип мийнет, турмыс шараятларын жаратыў ушын зәрүр мүмкиншиликлер ҳәм имканиятлар жаратылмақта.

Шынында да, бүгинги глобалласыў дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта. Елимизде ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Тийкарғысы, ҳаялқызлардың үлеси денсаўлықты сақлаў, социаллық хызметлер, илим, тәлимтәрбия, мәденият, көркем- өнер, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда салмақлы орынға ийе.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасы ҳәм олардың жәмийеттеги абырайын және де беккемлеў, оларды илим, билимге, кәсип-өнерге кеңнен тартыў ҳәм басқа да мәселелер сөз етилген еди.

Ойлап қарасақ, ҳәзирги абадан турмысымыз да, айдын келешегимиз де өмиримиздиң мазмуны, мәмлекетимиздиң қалқаны болған перзентлеримиздиң тәрбиялы, кәмил инсанлар болып ер жетиўинде аналарымыздың орны гиреўли.

Мен мәмлекетимиздеги ҳаял-қызларға деген итибардан қатты қуўанаман. Себеби, 2022-2026-жылларға мөлшерленген ҳаял-қызлар билимлендириўин қоллапқуўатлаў бағдарламасы бойынша пайтахтымызда оларды оқытыў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тоқымашылық тараўында университеттиң, кәсип-өнерге бағдарлаўшы «Моноорай»лардың шөлкемлестирилиўи де үлкен исеним ҳәм имканият деп ойлайман.

Және де келеси жылы магистратураға оқыўға кирген ҳаял-қызлардың контракт төлемлерин төлеп бериўи, илимпаз ҳаял-қызларымыз ушын ҳәр жылы кеминде 300 мақсетли квотаның ажыратылыўы бизлерди еле де билимли болыўға ийтермелейди.

Қуўанарлысы, ҳәзирги ўақытта барлық билим бериў мәкемелериндеги мектеп пе, жоқары яки орта арнаўлы оқыў орынлары ма, бәри-бәриндеги жаратылған мүмкиншиликлер, ертеңги келешегимиз болған жасларымыздың заман талабына сай билим алып, ой-өриси кең, тәртип-интизамлы болып камал табыўына беккем тийкар жаратпақта. Айтайын дегеним, өзим мийнет етип атырған пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде де көплеген тәжирийбели ҳәм жас ҳаял-қыз муғаллимлер заман менен тең қәдем атып, жең түринип мийнет етпекте. Мен де Журтбасшымыздың бизге деген итибарынан, исениминен руўхланып, жеке психологиялық орайымды ашыўды режелестирип атырман. Жасыратуғыны жоқ, базы да инсан түскинликке түседи. Мине, усындай жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға дурыс жол көрсетип, оны қыйнаған дәрттен, түскинликтен шығарыўды алдыма мақсет етип қойғанман.

Гүлшат АТАНИЯЗОВА,

И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм

әдебияты пәни муғаллими, «Шуҳрат» медалы ийеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF