Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:13:08, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИМКАНИЯТЫ ШЕКЛЕНГЕН ПУҚАРАЛАР УШЫН ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЫ

Нөкис қаласындағы «Имам Ийшан Муҳаммед» мешитинде имканияты шекленген, еситиў ҳәм сөйлеўде нуқсаны бар пуқаралардың қатнасында «Сиз бизге керексиз» атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан мусылманлары басқармасының қәнигеси М.Абубакирова, Нөкис қаласының бас имам-хатиби Б.Разов шығып сөйлеп, миссионерлик ҳәм прозелитизм ҳәрекетлериниң унамсыз ақыбетлерине кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде диний шөлкемлердиң жумысларын жетилистириў, олардың мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўы ушын барлық шараят жаратылған. Бул бағдардағы ҳуқықый тийкарлар Конституциямызда, «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний щөлкемлер ҳаққында»ғы нызамда өз көринисин тапқан. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 29-статьясында белгилеп қойылғанындай, ҳәмме ушын ҳүждан еркинлигинде кепиллик бериледи, ҳәр ким ҳәр қандай динге исениўге ямаса ҳеш қайсысына исенбеўге ҳақылы. Диний көзқарасларды мәжбүрий түрде сиңдириўге жол қойылмайды.

Деген менен, демократия нықабы астында кирип келген миссионерлик ҳәм прозелитизм сыяқлы ҳәрекетлердиң мақсети, халықтың тынышлығын бузыўға қаратылған. Соның ушын да бәршемиз сергек болыўымыз, арқайынлыққа берилмеўимиз керек. Бундай иллетлердиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның миллет ҳәм Ўатан алдындағы миннети болып табылады.

Илаж соңында Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен имканияты шекленген, еситиў ҳәм сөйлеўде нуқсаны бар 180 пуқараға дастурхан жайылып, оларға 10,8 миллион сумлық азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF