ХАЛҚЫМЫЗ ТАРИЙХЫНАН СӨЗ ЕТИЎШИ ҚУНЛЫ ШЫҒАРМА: «ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ИСЛАМ ТӘЛИЙМАТЫ ҲӘМ ҚАРАҚУМ ИЙШАНЛАР ТАРИЙХЫ»
Дүнья жүзилик мәденият, көркем өнер, илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан уллы алымларымыздың шығармаларын үйрениў ҳәм сол тийкарда олар жазып қалдырған бай бийбаҳа мийрасты келешек әўладқа жеткериў бүгинги күнниң талабы есапланады.
Бул ҳаққында ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев өз баянатында: «...тарийхымыз, мәдениятымыз, динимизге байланыслы бир бет қол жазба болса да, оларды топлап, халқымызды, жасларымызды таныстырыў, бизиң қандай уллы ҳәм бийтәкирар мийрасымыз бар екенлигин аңлатыў, перзентлеримизди усы уллы мийрасқа мүнәсип етип тәрбиялаўдан ибарат», деп айтып өткен еди. Ҳақыйқатында да, жәмийетимиздиң раўажланыўы ушын зәрүр болған илимлерди үйрениў — ҳәр биримиздиң мойнымыздағы парызымыз ҳәм миннетимиз есапланады.
Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейинги жылларда ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған мәнаўий байлықлар — китаплар, қолжазбалар избе-из үйренилип, аўдарма исленип, халқымызға усынылмақта. Әсиресе, көп әсирлерден берли халқымыздың қәлбинен терең орын алып, өмир мәнисин аңлаў, миллий мәдениятымыз ҳәм турмыс тәризимизди, қәдириятларымызды, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди сақлаўда муқаддес динимиз қүдиретли себеп болып киятырғанын айрықша атап өтиў орынлы. Буның тийкарғы себеби, ислам дининиң пәклиги, инсансүйгишлиги ҳәм кеңпейиллиги, адамзатты удайына ийгиликке шақырыўы, турмыс сынақларында өзин ақлаған қәдирият ҳәм дәстүрлерди әўладлардан-әўладларға жеткериўдеги теңсиз орны ҳәм әҳмийетине байланыслы. Халқымыздың мәнаўияты, ҳәр бир инсанның туўры жолды таңлаўы, өмирдиң мазмунын аңлаўы, биринши нәўбетте, руўхый пәклениў, жақсылық ҳәм ийгиликке умтылып жасаўында. Мениңше, оның тәсирин басқа ҳеш қандай күш пенен салыстырып болмайды.
Елимиз басшысының Қарақалпақстанға еткен сапарларының биринде Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммад» жомъе мешитинде болып, бул жерде нураныйлар ҳәм имам-хатиблер менен ушырасыў пайытында да имам-хатиблерге, зыялыларға, илимпазларға, биринши нәўбетте, ата-бабаларымыздан қалған бийбаҳа мийрас, қолжазбаларды үйренген ҳалда қолланбалар ҳәм шығармалар жазыў бойынша усыныслар берген еди.
Әне, сол усынысларды есапқа алып, бир неше жыллардан берли халқымыздың бай мәдений мийрасын сәўлелендириўши ески қолжазбалар үстинде мийнет етип киятырған илимпаз А.Идрисов өзиниң илимий-изертлеў жумысларына және де тереңирек итибар берип, республикамыз бойлап бир қанша илимий сапарларын әмелге асырғанынан хабарым бар.
Ҳәзир ҳүрметли демалыста болыўыма қарамастан илимпазлардың интернетте ҳәм газета-журналларда жәрияланған илимий мақалалары менен танысып бараман. А.Идрисовтың көптен берли жерлеслеримиздиң үй архивинде сақланып атырған ески қолжазбаларды таўып, үйренип, олардың үстинде илимий-изертлеў жумысларын алып барып атырғаны менен таныспан.
Илимпаздың көп жыллық мийнетиниң жемиси болған «Қарақалпақстанда ислам тәлийматы ҳәм Қарақум ийшанлар тарийхы» атлы китабы Ўатанымыз топырағынан жетисип шыққан диний уламалар, ахун ҳәм ийшанлар, атап айтқанда, Қарақум ийшан мешит-медресесинде тәлим алған белгили уламалар ҳәм өз дәўириниң белгили илим ғайраткерлери ҳаққында сөз етеди.
Қарақалпақстан үлкесинде әсирлер даўамында жүдә көп уламалар, дин алымлары, тасаўўиф пирлери жасап өткенлиги ҳәммемизге белгили. Олар халықты мудамы жақсылыққа, тынышлыққа, ийгиликли ислерге шақырған. Дәслепки көзге көринген, китапларда келтирилген уламалар булар — Муҳаммад ан-Нарынжаний, имам Шиблий сыяқлы инсанлар болған болса, кейинги дәўирде Сулайман Бақырғаный — халық арасында Ҳәким ата деп аталған инсан халықты туўрылыққа шақырған уламалардан, Яссаўий тарийқаты пирлеринен болған.
Сондай-ақ, Кардар үлкесинен бир неше уламалар, дин алымлары шыққан, олардың жазып кеткен мийнетлери елеге шекем мусылман үлкелериндеги медреселерде оқытылады. Солардан Әбул Мафахир Кардарий, Шамсул аимма Кардарий, Хохарзада Кардарий, Маҳмуд ибн Әлий Кардарий ҳәм тағы басқаларды атап өтиўимиз мүмкин.
Оннан кейинги дәўирлерде қарақалпақ үлкесинде жүдә көп уламалар жасап өткен. Олардан ең көзге көрингенлери — Имаматдин ийшан, Жантемир ийшан, Муҳаммад Шәрийф ийшан, Қарақум ийшан, Ҳусайн ийшан, Айымбет ийшан ҳәм тағы басқалар.
Диний уламалар, ийшан ҳәм ахунлар өткен совет дәўиринде тек ғана жаман атлы етилгени ҳеш кимге сыр емес. Себеби, динди адамларға унамсыз етип көрсетиў баслы идеологиялардан бири болған. Соның ушын, өткен дәўирде ески тарийхымыз, даңқлы өтмишимиз ҳақыйқый мәниде жарытылмастан, бузып көрсетилди.
Республикаға басшылық еткен жылларымда да сол ўақыттағы жарық көрген айырым тарийх китапларында халқымыз революциядан алдын бар-жоғы 0,2 процент саўатқа ийе болды, деп көрсетилгениниң гүўасы болғанман. Әлбетте, бул жерде тек ғана орыс жазыўын билетуғынлар ғана саўатлы деп көрсетилген еди. Негизинде, бабаларымыз араб, парсы, түркий тиллерин терең өзлестирген, ислам мәдениятынан хабардар, философия, логика сыяқлы қурамалы илимий билимлерди ийелеген, ҳәр тәреплеме билимли, ой-өриси кең, саўатлы инсанлар болғаны ҳәммемизге белгили. Мине, усы ҳақыйқый тарийхты сәўлелендириўши, ата-бабаларымыздың илим ҳәм билимде жетекшилерден болғанын дәлиллеўши илимий тийкарлар, дереклер көплеп табылса екен, олар терең үйренилип, изертленсе екен, деген ойда жүрер едим.
Тарийхый-археологиялық дереклерден де белгили, қарақалпақлар жасаған аймақларда жүдә көп медреселер болған. Мысалы, XX әсирдиң басындағы есап-санақлар бойынша Әмиўдәрья бөлиминде 58 медресе болған болса, соннан Шымбай аймағының өзинде жигирма медресе дизимге алынған. Олардан Айымбет ийшан медресеси, Тас медресе, Шернияз ахун, Сүйин ийшан, Асамаддин ийшан ҳәм тағы басқаларды атап көрсетиўге болады. Булардың ишинде ең үлкени ҳәм жүдә көп талабаларды өзинде қамтып алғаны, әлбетте, Қарақум ийшан медресеси болған.
Аллаҳға шүкирлер болсын, ҳәзир усы уламалардың өмир жолы, халыққа еткен хызметлери қайта үйренилип атыр. Қарақум ийшан медресеси қарақалпақлар тарийхында үйренилиўи керек болған үлкен дерек есапланады. Себеби, бул медресе Хорезм ойпатлығындағы ең ири медреселерден болған ҳәм тәлим-тәрбия тийкарынан қарақалпақша-түркийше алып барылған. Сондай-ақ, бул медреседе қарақалпақлардан тысқары қазақлар, өзбеклер, түркменлер, татарлар, ҳәтте, мусылманшылықты қабыл еткен орыс миллетиндеги адамлар да оқып, билим алған.
Тилекке қарсы, бул медресе советлер дәўиринде бузып тасланды, қалған қарабақаналары суў тасқыны, қараўсызлық ақыбетинде бир үйим топыраққа айланды. Бирақ, бул илим дәргайындағы илимий дереклер, қолжазбалар, китаплар, мөрлер ҳәм Қарақум ийшан мешит-медресеси тарийхынан сөз етиўши басқа да дереклер белгили муғдарда кейинги әўладларға жетип келген болып, бул илимий шығарма әне сол дереклер тийкарында баспаға таярланбақта.
Илимпаздың бул мийнети Қарақалпақстан тарийхын, қарақалпақ халқының диний уламаларын, илим ғайраткерлерин ҳәм олардың өмир жолын терең сәўлелендиргени менен үлкен әҳмийетке ийе есапланады.
Улыўмаластырып айтатуғын болсақ, бул китап халқымыздың тарийхын, тилин, мәдениятын, әдебиятын ҳәм салт-дәстүрлерин үйрениўде, Қарақалпақстан үлкесиндеги Қарақум ийшан уламалары, медресеси, мешити, тарийқат жолы, китапханасы, мөрлери ҳәм басқа да мағлыўматлары менен жүдә қунлы илимий мийнет есапланады.
Қ.КАМАЛОВ,
«Эл-юрт ҳурмати» ордени ийеси, Мийнет қаҳарманы, Өзбекстанға хызмет көрсеткен экономист.