БАСЛЫ МАҚСЕТ — МУЗЕЙ ЖУМЫСЛАРЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ
Музейлер — дүнья мәдениятында өтмиште өткен инсанлар тәрепинен дөретилип, соңғы заманға мийрас саналған турмыс, үй руўзыгершилик буйымлары, көркем өнер дөретпелери сақланған тийкарғы орай болып хызмет көрсетеди.
Бул узақ әсирлер буйымларын келешек әўладқа жеткериўде ең утымлы усыл. Әсиресе, музейлерде сақланып ҳәм тамашагөйлерге көрсетилип атырған экспонатлардан бизиң эрамыздан бурынғы ҳәм эрамыздың дәслепки әсирлерине тийисли археологиялық табылмалардың орны жүдә айрықша. Себеби, биз өтмишти билиў ушын тарийхқа терең нәзер таслайтуғын болсақ, бунда музей экспозициясынан орын алған ҳәр бир экспонат өз дәўири ҳаққындағы мағлыўмат дереги болып табылады. Солай екен, музейлер арқалы өтмиштеги ўақыяларды көз алдымызға келтиремиз, әййемги дүнья мәденияты менен терең танысамыз десек болады.
Бизиң елимизде музейлерге болған талап өткен әсирдиң басында басланған. Дәслепки Қарақалпақ мәмлекетлик үлкетаныў музейи 1929-жылы Қарақалпақстан Республикасының биринши пайтахты Төрткүл қаласында өзиниң онлаған экспонаты менен көргизбе ретинде жумыс баслаған. Бул музейдиң ашылыўына елимизге белгили инсанлардан А.Досназаров, Г.Убайдуллаев, Н.Баскаков, Н.В.Торчинская, К.Айымбетовлар өз үлеслерин қосты. 1944-жылы суў тасқыны себепли Төрткүл қаласынан Нөкистиң гөне қаласына, 1964-жылы қала орайындағы еки қабатлы имаратқа көширилген. Үлкемиздеги биринши музей болған бул уллы дәргайдың ең биринши экспонатларының өзи, халқымыздың миллий өзгешеликлерин көрсететуғын кийим үлгилери хәм турмыста тутыныў буйымлары болған.
Халқымызға «Үлкетаныў музейи» болып танылған бул музейге Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-декабрьдеги «2017-2018-жылларда мәмлекетлик музейлердиң жумысларын жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен «Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи» деген жаңа атама берилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 9-декабрьдеги мәжилис баянламасы менен музейдиң жаңа имараты бой тикледи. Әлбетте, ески имарат бузылып, жаңа имаратқа ерисемен дегенше экспонатлардың ярымы Нөкис қаласындағы 1-санлы мектеп гимназиясында, ярымы полиграфкомбинатта ўақтынша сақланып, бир қанша қыйыншылықларға ушыраған. Деген менен, сақланыў шараяты болмаўына қарамастан, музей хызметкерлериниң пидайылығы нәтийжесинде бул экспонатларға зыян келтирилмей сақланыўына ерисилди.
Тоқсан жылдан аслам тарийхый жолды басып өткен бул музей өзиниң тарийхый әҳмийетке ийе экспонатлары менен дүнья музейлери қатарында халқымызға хызмет етип киятыр. Өз дәўиринде онлаған экспонат пенен жумыс баслаған болса, бүгинги күнге келип музей 80 мыңнан аслам экспонатқа ийе. Бул жерде Қарақалпақстандағы әййемги дәўир, орта әсирлер археологиясы, қарақалпақ халқының келип шығыў тарийхы, халқымыз басынан кеширген тарийхый ўақыялардан баслап, ғәрезсизлик дәўирине шекемги тарийхый дәўир ҳаққында мағлыўмат беретуғын археология, этнография, тәбият, жаңа тарийх ҳәм сүўретлеў көркем өнери бөлимлери жумыс алып бармақта. Музей экспозициясындағы ҳәр бир бөлимде орын алған экспонатлар келиўшилерге өтмиш ҳаққында мағлыўмат берип барады. Мысал ретинде айтатуғын болсақ, бизиң эрамызға шекемги IV-I әсирлерге тийисли, өз дәўиринде обсерватория хызметин атқарған «Қой қырылған қала», бизиң эрамыздың II-IV әсирлерине тийисли Хорезмшахлар мәмлекетиниң резиденциясы болған «Топырақ қала»лардың макети ҳәм олардан табылған табылмалар ҳаққында мағлыўматлар кимди болса да қызықтырары сөзсиз.
Буннан басқа, музейдиң бийбаҳа экспонатларының бири болып саналған Капитель ҳаққында айтатуғын болсақ, әййемги Хорезм мәдениятына тән, б.э.ш VII-VI әсирдеги жергиликли сак-массагет халықларының тусында пайда болған. Б.э.ш VI әсирдиң ақырында Хорезм мәмлекети парсылар тәрепинен жаўлап алынып, Аҳеменидлер империясы қурамына кирген. Сол ўақыттағы көплеген жергиликли қол өнер буйымларына Ахеменидлик Иран мәденияты күшли тәсирин тийгизген. Султан Ўәйс таўларынан табылған бизиң эрамыздың басларына тийисли болған тас капители де усы Иран мәдениятының тәсиринен дерек береди.
Қол өнери дөретпелери хаққында сөз ететуғын болсақ, ҳәр бир халық өз үрп-әдетлери, миллий кийимлери менен ажыралып турады. Бизиң қарақалпақ халқының өзине тән өзгешелигине ийе кийимлери көздиң жаўын алғандай. Әсиресе, қыз-келиншеклердиң той-мерекелерге кийген кийимлерин гөззаллықтың тымсалы десек болады. Себеби, музейде сақланып атырған ҳәр бир кестеленген кийим қарақалпақ қызларының шеберлигин, қолтаңбасын, әдеп-икрамлылығын, ийбелилигин, сабырлылығын көрсетип беретуғын дәрежеде үлкен шеберлик пенен кестеленген.
Бундай мысалларды музейдиң ҳәр бир бөлиминен келтирип өтсек болады. Бир тәбият бөлиминдеги ҳәр бир диорамасында Қарақалпақстан елиниң фауна хәм флорасы анық көрсетилген. Атап айтатуғын болсақ, XX әсирдиң басларында, яғный, 1940-жылға шекем Қарақалпақстанда кең тарқалған ҳайўанлардың бири болған Туран жолбарысыңың кеби көрерменлердиң дыққатын өзине тартып, оларда бир қатар сораўларды пайда етеди. Тәбият қорғаўшылардың аўызеки мағлыўматларына қарағанда, 1920-1930-жылларда үлкемиздеги жолбарыслар саны 70 ке шамалас болған болса, 1947-жылға келип, олардың саны 6 ға шекем кемейген ҳәм 1957-1958-жылларда улыўма жоқ болып кеткен. Музейдиң экспозиция залынан орын алған бийбаҳа экспонатларымыздың бири болған бул Туран жолбарысының териси музейге 1980-жылы алып келинген ҳәм 4 жыл даўамында ленинградлы таксидермист М.Заславский тәрепинен оның кеби исленген.
Ал, сүўретлеў бөлиминде болса, қарақалпақ художниклериниң бир қатар жумыслары орын алған ҳәм олар кең жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланып келмекте.
Соңғы жыллары елимизде туризмге болған қызығыўшылық итибар оғада күшеймекте. Ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде шығарылған қарарлар тийкарында музей тәрепинен ҳәзирги күнде бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр. Музейди көриўшилерге экскурсоводлар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде мағлыўматлар береди. Саяхатшыларымыздың саны күннен-күнге артып, Өзбекстанның барлық ўәлаятларынан, сондай-ақ, шет мәмлекетлерден де келиўшилер бар. Әсиресе, мектеп оқыўшыларының музейди көриўге болған қызығыўшылығының күннен-күнге артып барыўы бул бағдардағы жумыслардың жақсы жолға қойылғанлығынан дерек береди.
Республикамызда сырт еллерден келген туристлер саны көбейип, елимизге, жеримизге болған қызығыўшылықлары жылдан-жылға артып атыр. Бунда бизиң елимиздиң ерте дәўирлерден киятырған тарийхый археологиялық естеликлери менен бирге музейлердиң де әҳмийети үлкен. Себеби, музейлер туризм тараўындағы ең жетекши объект болып саналады.
А.ЮСУПОВА,
Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң директоры.